⁉️️Кредитти алған адам кредитин төлемей атыр. Мен кепилмен..
❓️Сораў:
Мен бир танысыма кепил болған едим. Ол алған кредитин төлемей атыр. Банктеги адамлар меннен қарызды талап етпекте. Қандай етип бул жағдайдан қутылыўым мүмкин?
❗️️Жуўап:
Пуқаралық кодексиниң 292-статьясына тийкарланып, кепиллик шәртнамасы бойынша кепиллик басқа шахс (Кредит алған шахс) өз миннетлемесин толық ямаса бир бөлегин орынлаўы ушын оның кредиторы (Кредит берген банк) алдында жуўап бериўди өз мойнына алады.
➖ Яғный, кредит алынып атырғанда өзиңиз онша түсинбеген болсаңыз да, кредит алған адам соль кредитти қайтармаса, мен төлеў миннетлемесин өз мойныма аламыз деген ҳүжжетке қол қойып бергенсиз
🔹Жоқарыдағы кодекстиң 293-статьясына тийкарланып, қарыздар кепиллик пенен тәмийинленген миннетлемени орынламаған ямаса тийисли дәрежеде орынламаған жағдайда кепил ҳәм қарыздар кредитор алдында сольидар (Биргеликте) жуўап береди деп көрсетилген.
️🔹Яғный, кредит алған адам кредитти қайтармай атырған болса, демек кредитти қайтарыў миннетлемеси Сизге де жүклениўи мүмкин ҳәм бул нызамсыз жағдай емес.
‼️ Енди сораўынызды қандай етип бул жағдайдан қутылыўы мүмкин деген жерине келсек. Кредит толық төленип болмаганша бул жагдайдан қутыла алмайсыз, бирақ, кредит жабылганнан кейин Сиз кредит алған адамның кредити ушын қанша пул төлеген болсаңыз соль пулларынызды банк есабы бойынша процентлери менен және оннан көрген басқа да зыянларыңызды РЕГРЕСС (қарсы) тәртибинде судқа мүрәжат етип оннан өндирип алыўыныз мүмкин. Сизиң бул ҳуқықыңыз бар екенлиги жоқарыда көрсетилген кодекстиң 295-статьясында келтирилген.
Дерек: Нызамшылық
️👉 @Karakalpak24