❗️18-декабрь күни Нөкис қаласына ишимлик суў жеткерип бериў ўақытша тоқтатылады
Нөкис қаласы турғынларын, исбилерменлик субъектлерин ҳәмде ислеп шығарыўшы кәрханаларды ишимлик суў менен тәмийинлеўши, тийкарғы ишимлик суў дереги болған қуўатлығы суткасына 60.000 м3 болған «Нөкис» суў тазалаў қурылмасында мәмлекетлик жойбар тийкарында баҳасы 74,9 млрд.сум қаржылары есабынан, қуўатлылығын суткасына 90.000 м3 асырыў бойынша бүгинги күнде реконструкция жумыслары алып барылмақта.
Усы қурылыс оңлаў жумыслары даўамында жойбар баҳасы 4,7 млрд.сўм болған канал бойындағы насос станциясын ҳәм жаңадан қурылған жойбар баҳасы 4,8 млрд.сум болған фильтрлеў системасын иске түсириў мақсетинде усы жылдың 18-декабрь күни саат 09:00 ден 21:00 ге шекем пайтахтымыз турғынлары, исбилерменлик субъектлери ҳәмде ислеп шығарыўшы кәрханаларға ишимлик суў жеткерип бериў ўақытша тоқтатылатуғынлығын хабарлаймыз.
«Қарақалпақ суў тәмийнаты» АЖ мәлимлеме хызмети
👉 @Karakalpak24