❗️Telegram арқалы Notcoin сатқан 24 жаслы пуқара 10 суткаға қамалды
7-июнь күни Чиланзар районы судының қарары менен пуқара Телеграм мессенджери арқалы өзи жыйнаған Notcoin’ларын 800 мың сумға сатқанлығы ушын айыплы деп табылып, оған 10 сутка қамақ жазасы тайынланды. Пуқара судта өзиниң ҳәрекетлериниң нызамға қайшы екенлигин билмегенлигин айтқан.
Сондай-ақ, пуқараның Galaxy A30 телефоны ҳәм Хумо картасы ҳуқықбузыўшылықты ислеўде пайдаланылған қураллар ретинде алып қойылған (конфискация етилген).
Айрықша атап өтиў керек, бул Өзбекстан тарийхында Notcoin криптовалютасын нызамға қайшы сатыў бойынша шығарылған биринши суд қарары есапланады.
❗️Мағлыўмат ушын. Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 155-4-статьясына тийкар, крипто-активлар айланысы ҳаққындағы нызамшылықты бузыў крипто-активлерди ҳәм усы нызамбузыўшылықты ислеўде пайдаланылған қуралларды конфискация етип, 15 стукаға шекем қамаққа алыўға яки 10 млн сумға шекем жәрийма салыўға себеп болады.
⚠️ Нызамды билмеў жуўапкершиликтен азат етпейди!
👉 @Karakalpak24