⚡️ 5 жыл стажы бар ҳаял-қызларға усыныснама алыў ушын арзалар қабыллаўы басланды
Қәнигелиги бойынша кеминде 5 жыл мийнет стажы бар, бирақ жоқары мағлыўматқа ийе болмаған ҳаял-қызлар мәмлекетлик ЖООна бөлек қабыллаў параметрлери (жәми 500 квота) шеңберинде төлемли контракт тийкарында оқыўға қабыл етилиўи белгиленген.
Бул жеңилликтен пайдаланбақшы болған ҳаял-қызлар ӨзР Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитетиниң усыныснамасына ийе болыўы керек.
Талабанлар усы жылдың 1-июнына шекем (сол күни де) арза менен турақлы жасаў ямаса ўақтынша дизимде турған орнындағы район (қала) Исши топарларына төмендеги ҳүжжетлерди усыныўы керек:
➖ пуқаралық паспорты ямаса ID карта нусқасы;
➖ мийнет дәптершеси (электрон мийнет дәптершеси)нен көширме;
➖ орта -арнаўлы ямаса профессионал билимлендириў бойынша диплом.
Талабанлар тәрепинен усыныс етилген арза ҳәм ҳүжжетлер 1-7-июнь күнлери көрип шығылады ҳәм усыныснама бериў ямаса бериўди бийкарлаў ҳаққында жуўмақ қабыл етиледи.
❗️Усыныснама балл қосып бермейди.
👉 @Karakalpak24