❗️Айырым студентлер ушын контракт төлеў мүддети создырылды
Өзбекстанда айырым студентлер ушын контракт төлеў мүддети 25-декабрьға (сол күни де) шекем создырылды. Бул ҳаққында Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги хабар берди.
Бул мүддет бакалавриат тәлим бағдарлары ҳәм магистратура қәнигеликлеринде оқып атырған төмендегилерге тийисли:
𒊹︎︎︎ төлемли контракт, атап айтқанда, еселенген (супер контракт) төлемли контракт тийкарында студентликке усыныс етилген абитуриентлер (1-курслар);
𒊹︎︎︎ оқыўы көширилген (көширип тикленген);
𒊹︎︎︎ оқыўы қайта тикленген студентлер ушын.
Жоқары басқыш (екинши ҳәм оннан жоқары курс) студентлери ушын контракт төлеў мүддетин созыў ЖОО ректорларының (директор) ўәкиллигине берилген.
👉 @Karakalpak24