Пахта шийки затын жетистириўшилер қаржылық жақтан қоллап-қуўатланады
🔹 Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң «Пахта шийки затын жетистириўшилерди қаржылық жақтан қоллап-қуўатлаў ис-илажлары ҳаққында»ғы Қарары қабыл етилди.
🔹 Қарарға муўапық, 2024-жыл өними жыйын-терими дәўиринде жәҳән базарындағы пахта талшығының қәлиплескен фьючерс котировкалары бойынша пахта шийки затының басланғыш фючерс баҳаларының бир тоннасы ушын 6 млн 800 мың сум әтирапында қәлиплесип атырғанлығы көрсетип өтилген.
🔹 Өзбекстан Республикасы Товар-шийки зат биржасында 2024-жыл өниминен биринши сорт 2-класс бир тонна пахта шийки затының басланғыш фючерс баҳасы, жәҳән базарындағы пахта талшығы котировкаларынан келип шығып, 7 млн 800 мың сум муғдарында жәрияланған.
🔹 Ҳүкимет жәҳән базарында пахта талшығының баҳасы кескин пәсейиўи нәтийжесинде жүзеге келген жағдайда пахта жетистириўшилер ҳәм қайта ислеўшилерди қоллап-қуўатлаў мақсетинде:
✅ пахта жетистириўшилер тәрепинен биржа саўдалары арқалы реализация етилген (электрон есап-фактура тийкарында) бир тонна пахта шийки заты ушын Аўыл хожалығын мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў фонды қаржылары есабынан 1 млн сум муғдарында субсидия ажыратылады.
✅ 2024-жыл ушын пахта жетистириўшилер ҳәм қайта ислеўшилер арасында биржа саўдаларында дүзилген шәртнамалар бойынша қосымша келисим дүзиледи. Бунда пахта шийки затының сатыў баҳасы 6 млн 800 мың сумнан кем болмаўы керек.
✅ 2024-жыл өниминен фьючерс шәртнамаларынан тысқары пахта шийки затын биржа саўдаларына шығарыўда оның басланғыш баҳасының бир тоннасы ушын 6 млн 800 мың сумнан кем болмаған муғдарда жәриялаў талап етиледи.
✅ 2024-жылда барлық аймақларда пахта териў машиналары тәрепинен терилген ҳәр бир тонна пахта шийки затын жыйнап-терип алыў хызмети баҳасының 20 пайызы, бирақ, 250 мың сумнан аспаған бөлеги қаплап бериледи.
🔘Сондай-ақ, Аўыл хожалығы министрлиги, Фонд ҳәмде Орайлық банктиң 2024-жыл өними пахта жыйын-теримин қысқа мүддетлерде шөлкемлестириў мақсетинде Министрлер Кабинетиниң 2024-жыл 25-июльдағы 452-санлы қарарына тийкар, саламатластырылып атырған пахта-тоқымашылық кластерлери менен 2024-жыл өними бойынша шәртнама (фьючерс, спот ҳәм ўақтынша сақлаўда) дүзген фермер хожалықларына, сондай-ақ, өз жер майданларында пахта шийки затын жетистирген пахта-тоқымашылық кластерлери ҳәм фермер хожалықларына жыйын-терим қәрежетлерин қаржыландырыў ушын Фонд ресурслары есабынан жеңиллетилген кредит ажыратыў ҳаққындағы усынысы мақулланды.
🔘Бунда жеңиллетилген кредитлер электрон тәрези арқалы қабыл етилген пахта шийки заты ушын - 10 ай мүддетке, жыллық 10 пайыз ставкада (2 пайыз банк маржасы) пахта баҳасының 20 пайызы муғдарында 3 айлық жеңиллетилген дәўир ҳәм соңғы 7 айда тең үлеслерде қайтарыў шәрти менен ажыратылады.
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
✉Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter