Мәрт халық жасайды Мойнақта
Ана жер қанына қарысқан,
Шағаладай қанат қағысқан,
Ўатан ышқы лаўлап алысқан,
Март халық жасайды Мойнақта.
Ким айтады гүдерин үзди?!!,
Ол сөз бийкар,..көзлерин сүзди,
Әрман менен күтип теңизди,
Мәрт халық жасайды Мойнақта.
Көбиктейин қалықпайтуғын,
Сәл нәрсеге тарықпайтуғын,
Суў күтиўден жалықпайтуғын,
Мәрт халық жасайды Мойнақта.
Көксинен үмити өшпеген,
Ел журтын таслап көшпеген,
""Суў көрмей етик шешпеген"",
Мәрт халық жасайды Мойнақта.
Қанында бар сабыр - қанәәт,
Кеўли толы мийрим шапәәт,
Суўлар келип көргей раҳәәт,
Мәрт халық жасайды Мойнақта.
Самаллар сийнесин дузлаған,
Қәлбинде болмаған қозғалаң,
Беглигин ҳеш қашан бузбаған,
Мәрт әўлад жасайды Мойнақта.
Еңсесинде жүктиң аўыры,
Көксинде айралық ҳәўири,
Көз алдында алтын дәўири,
Мәрт урпақ жасайды Мойн
ақта.
Қырық жылда қазан гөнерер,
Үмит пенен тухым себелер,
Көксинде ,сексеўил көгерер,
Бой көтерип Жаңа Мойнақта!
Дүнья бойлап дузы таралған,
Мәселеси БМШда қаралған,
Жағдайын Президент сораған,
Шержүрек ел жасар Мойнақта.
Келиң дослар Жаңа Мойнаққа!
Мәрт халық жасайды Мойнақта.
Шайыра Гүлистан Дәўлетова.
30 .10. 2021 жыл.
@Gulistan1959