Forward from: Paziyletuz | Рәсмий канал
🌙 Жаманлық есигин жапқан Халифа
Умаўий халифалардан болған Абдулмалик ибн Марўан әдалат, ҳикмет, ақыл ҳәм туўрылықта даңққа ерискен адам еди. Бир күни оның алдына бир адам келип: "Мен қулағыңызға бир сөз айтпақшыман, басқалар еситип қалмаўы ушын" – деди. Сонда Абдулмалик ибн Марўан жолдасларына: "Қәлесең қал, қәлесең шығып кет" деди. Сол адам енди айтпақшы болып турғанында: "Тоқта" деди. Егер мени мақтамақшы болсаң, кой, мен өзимди сеннен көре жақсырақ билемен" деди. Егер жалған айтпақшы болсаң, мениң жалғанға мүнәсибетим жүдә жаман. Егер биреўдир ғыйбат қылмақшы болсаң, мениң алдымда ғыйбат қылма" деди.
Сонда жаңағы адам: Ҳәй мөминлер әмири кетиўге руқсат бериң" деди. Патша да: "Кете бер" деди.
Абдулмалик ибн Марўан мине усы иси менен ол қылмақшы болған жаман ислердиң есиклерин жаўып таслады. Оған кириўге имкан бермеди. Ол адам ҳеш қандай жол таба алмаған соң кетиўге руқсат сорады. Мине, усы иси менен Абдулмалик ибн Марўан тек жағымпазлық, жалған ҳәм ғыйбаттың аяғына балта урмады, ал пүткил инсаниятқа үлги болды десем қәте қылмаған боламан.
👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇
Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!
🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube
🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz