#рамазан_кирип_келмекте #сораў_жуўап
КИМЛЕР ОРАЗА ТУТПАЎЫ МҮМКИН?❓
СОРАЎ: Кимлерге ораза тутпаўға руқсат берилген?💬
ЖУЎАП: Бисмиллаҳир Роҳманир Роҳим.
Наўқас ямаса мүсәпир адамлар, ҳәмиледар ямаса емизиўли ҳаяллар, ораза тута алмайтуғын ғаррыларға ораза тутпаўға руқсат берилген. Қураны кәриймде:
"Санаўлы күнлерде. Сизлерден ким кесел болса ямаса сапарда болса, онда, оның есабы (ораза тутыўы)
басқа күнлерден. Оны қыйналып тутатуғынлардың мойнында бир мискинниң (бир күнлик)
аўқаты фидя..." делинген (Бақара сүреси 184-аят).
Ораза тутса, кеселлиги күшейиўинен қорққан наўқас, ораза тутпайды. Сапардағы адамға оразасы зыян етпесе, ораза тутқаны жақсы. Бирақ, ораза тутпаса да үзирли есапланады, гүнакар болмайды.
Өзине ямаса баласына (ҳәмилесине) зыян жетиўинен қорққан емизиўли ямаса ҳәмиледар ҳаял да, ораза тутпайды. Ораза өзине ямаса баласына зыян келтирмейтуғын емизиўли ҳәм ҳәмиледар ҳаяллар, әлбетте оразаны қалдырмай тутады. Жоқарыда санап өтилген үзирли адамлардың барлығы Рамазаннан кейин имканияты болыўы менен қалып қойған күнлердиң оразасын тутып береди.
Ораза тута алмайтуғын ғаррылар фидя, яғный, Рамазанның ҳәр күнине бир мискинге бир күнлик тағам ямаса оның қунын береди. Ораза тута алатуғын ғаррылар әдеттегидей ораза тута береди.
Ҳайыз ҳәм нифас көрген ҳаяллар да үзирли күнлеринде ораза тутпайды. Пәк болыўы менен оразаны тутып баслайды. Қалып қойған күнлерди Рамазаннан кейин тутады. ("Ҳидая", "Ихтияр" "Фатҳу бабил иная" китаплары).
Ўаллаҳу аълам.
Өзбекстан мусылманлары басқармасы
Пәтўа кеңеси.🙂🙂🙂🙂🙂🙂 🙂🙂🙂🙂🙂🙂
⬅️
Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!🥺
Телеграм| 🤪
Facebook| 🛍
Instagram| 😍
Youtube🧐 Интернет сайтымыз:
paziylet.uz