МЕШИТ ТӘРЕПКЕ БАСЫЛҒАН ҚӘДЕМЛЕРДИҢ СЫЙЛЫҒЫ
Әбиў Ҳурайра разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады: «Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам:
«Ким өз үйинде таҳәрат алып, Аллаҳтың үйлеринен бирине Аллаҳтың парызларынан бирин орынлаў ушын жүрип барса, оның еки қәдеминен бири менен қәтеси өшеди, екиншиси менен дәрежеси көтериледи», деди» (Муслим, Насаий ҳәт Термизийлер рәўият қылған).
Ҳәдиси шәрийфте жақсы нийет пенен мешит тәрепке басылған ҳәр бир қәдем бийҳуўда кетпеўи әжайып усылда сүўретленбекте.
Бәлким, мешитке жәмәәт намазына қатнайтуғын ҳәр бир адам да өзиниң қылып атырған әмели қаншелли уллы екенин көз алдына келтире алмас. Егер ҳақыйқатында да, сондай болса, Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа салламның усы ҳәдиси менен жақсылап танысып алсын. Ондай адам мешитке жәмәәт намазын оқыў ушын барыў нийетинде таҳәрат алып, биринши қәдемин басыўы менен бир гүнасы жуўылады, екинши қәдемин басыўы менен дәрежеси бир текше көтериледи. Мешитке жетип барғанша дәрежеси көтерилип бара береди.
Таҳәрат ҳәм намаз ушын берилетуғын саўаплар, кеширилетуғын гүналар өз алдына болады. Сондай-ақ, дәрежелер мәселеси де өзине жараса болады.
Демек, парыз намазларды бәрқулла мешитте, жәмәәт пенен оқыўға урыныўымыз, илажы барынша мешит тәрепке басылатуғын қәдемлерди көбейтиўимиз тийис.
«Ҳәдис ҳәм турмыс» китабынан
🔽🔽🔽🔽🔽🔽🔽🔽🔽🔽🔽🔽🔽
Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!🥺
Телеграм| 🤪
Facebook| 🛍
Instagram| 😍
Youtube🧐 Интернет сайтымыз:
paziylet.uz