ТАСБАҚАНЫҢ ТУЎЫЛҒАН КҮНИ
(тымсал)
Бүгин тасбақаның туўылған күни. Усы себеп пенен отырыспаға түрли ҳайўанлар, жәнликлер жыйналған. Отырыспаны гүбелек басқарып атыр. Дәслеп қутлықлаў ушын сөз қурбақаға берилди.
– Ўарқ-ўарқ, тасбақа достым, туўылған күниң қутлы болсын, ўарқ-ўарқ, бала-шағаңның алдында аман жүргейсең, ўарқ-ўарқ, суўда жүрсең сымбатлы, ўарқ-ўарқ, қырда жүрсең қымбатлы болып жүре бергейсең, ўарқ-ўарқ… Қурбақа усылайынша бираз ўарқылдады. Кейинги сөз ҳәрреге берилди.
– Ыззззз, достым, ызззз, туўылған күниң, ыззззз, менен қутлықлайман, ызззз. Узақ өмир, ыззз, беккем, ызззз, денсаўлық тилеймен, ыззззз. Ҳәрре де көп ўақыт ызылдап қутлықлады. Изинен сөзге шыққан шекшек те туўылған күн ийесин қутлықлаў ушын берилип шырылдады. Гүбелектиң шыр-пыры шықты. «Регламентти сақлайық, дослар, тасбақа шаршап тур, тоқсанға шығыў да аңсат емес, ақыры. Ендиги сөйлейтуғынларға еки минуттан ўақыт беремиз». Ийт ҳәз етип үрип атыр еди, гүбелек «ийт үрер, кәрўан көшер» деген, қысқартайық, тасбақа талығып қалды» деп сөзин кесип таслады. Ешки де еки минутлық регламенттен өтип баратыр еди, гүбелек «сақалым бар деп сөйлей бересең бе?» деп тағы тасбақаны аяп атырғанын көрсеткиси келди. Ҳәммени асықтырды. Ақырында сөзге шыққанлар бир минут, ярым минуттан-ақ сөйлеген шығар. Қутлықлаўлар таўсылыўдан, гүбелек асығып, апыр-тапыр өзи сөйлей кетти. «Рахмет ҳәммеге, тасбақа бүгинги туўылған күниң менен тағы бир мәрте қутлықлайман». Гүбелек усыны айтты да, отырған орнында жан берди. Ол бағанадан берли негизинде 200-300 жыл өмир сүретуғын тасбақаның талығып қалыўынан гөре, өзиниң бары-жоғы бир күнлик өмириниң таўсылып қалыўынан қорқып отыр екен, бийшара.
Аллаяр Дарменов,
20.10.2024.
@Allayar_Darmenov