ЕКИ ҚОСЫҚ ТАРИЙХЫ…Үлкен алымлардың ҳәм лаўазымлы адамлардың көркем әдебият пенен қызықсынып жасаўы олардың руўхый дүньясын байытатуғыны, камалатлы шахс болып жетисиўине жәрдемлесетуғыны мәлим. Чаржаўдың (Ч.Абдиров) интелектуаль тәбияты буны жақсы сезер еди. Ол поэзияны, әсиресе юмор суўы жуўыртылған қосықларды сүйгенинен хабарым бар. Соны есапқа алып, базда арнаўлы түрде оған қысқа эпиграммалар, ҳәзилнама қосықлар жазып беретуғын едим (Ўақыялар шайыр И.Юсуповтың тилинен баянланбақта).
Екеўмиз бир жерге бармақшы болып, университет ректорының кабинетине келсем, ол бир аспирант пенен қатты ўәжлесип атырғанын көрдим. Чаржаўдың усынысы менен кабинеттеги басқа стол жанында отырып тыңласам, қарап сөйлеп атырған жигит өз ўақтында кандидатлық диссертациясын питире алмай, аспирантлық мүддетин үшинши мәрте созыўды талап етип атырғанын сездим. Қарап отырмай, ол жерде төртлик туўылды:
Ислемеген басты қыйнап терлеме,
Атларға урмасын ешектиң шаңы,
Алма түскен менен ақмақ геллеге,
Ашыла бермейди Ньютонның заңы…
Чаржаў қатты кеўилленип, күлип, төртликти столындағы айна астына қойды ҳәм бәрҳәма оны айтып жүрди.
Оның төс қалтасында барлық ўақытта қызықлы қосықлар жүретуғын еди. Әсиресе «Қарақалпағым» деген аноним қосықтың түрли қолжазба вариантлары тозып қалғанша Чаржаўдың қойын қалтасында жүрди. Бул үзилмей жаңарып барыўшы авторсыз қосықтың шығыў тарийхын да ел билер еди. 1949-жылы «XXV жыл» деген альманахта Халмурат доктордың (Оразымбет ағаның) «Қарақалпағым» деген қосығы шыққан. Онда «ўақтында дем ал, ўақтында аўқат же, қарақалпағым» дегендей, шыпакерлик ўәсият айтылған еди. Ал, алпысыншы жыллары жәмийетлик турмыстағы кемшиликлерди қысқа, сатиралық мәниде шәшликтей түйрейтуғын, өткир дәлкеклеўши «Қарақалпағым» деген цензурасыз қосық пайда болып, ол «Турдыбай шайыр» лақабында таралды. Ондай шайыр ҳаслында жоқ еди. Қосық шығарыўшы аңлаўымызша, академия филиалындағы бир қанша тили епли қасымкер илимпаз жигитлер болып шықты. Оны «Ешек дәптер» деп атасар еди.
Қосық барған сайын күшейип, өткирлесип баратырса керек, орган шуғыллана баслады ҳәм жуўмағында обкомның бюросына әкелинди. «Ҳәзир «Ешек дәптер»ди додалаймыз» деп сыбырлады денсаўлықты сақлаў министри Чаржаў Абдиров мени түртип.
Қосық болған соң әлбетте жини бизге түседи ғой. «Қәне, бул орсақы қосықтың сен қай жерин жаздың? – делинди бизге.
Бул фольклор – аноним қосық екенин, оның авторлығын юридикалық жақтан биреўдиң мойнына қойыў мүмкин емеслигин, буны бюрода қараўға болмайтуғынын, оның орнына бул «орсақы» қосықта айтылған кемшиликлер ырас болса, оларды дүзеўимиз кереклигин айтқан болдым.
- Қәне сен не дейсең? – деди Чаржаўға. – Мениңше де солай етсек мақул болады, -деди Чаржаў Абдирович. – Буны бюрода қарапты деп еситсе, қосық буннан да «өткирлесип» кетиўи мүмкин. «Көп аўыз не демейди, бәри сабан жемейди» деген.
- Нақыл менен сөйлеўин қара… Шайырлығың болмаса да, сен де қарық емессең, қосықтың бир жағында барсаң. Отыр, - деп күлкисин жасырыўға тырысты обком секретары. Ҳәм қосықты бюро мәжлисиниң күн тәртибине киргизген идеологиялық секретарға: «Сениң буннан басқа жумысың жоқ па, әкет қосығыңды» деп ашыўланды ақсақал.
Ертесине кеште, жыйналыс баҳанасы менен Ташкентте болып, «Өзбекстан» мийманханасында Чаржаўдың жайында ушырасып, «Ешек дәптер»де не жаңалық бар? - десип күлиссек, Чаржаўдың қалтасынан еки куплет, Сабыр аға Камаловтан бир куплет, Марат Нурмухамедовтан бир куплет «жаңалық» шықты. Сабыр Камаловтан шыққан «жаңалык» мынадай екен: бул биймаза қосықты органның қатнасыўында алымлар арасында қызғын додалап отырғанда, бир жапырақ қағазда усыныс түсипти. Жыйналыс ағасы Сабыр Камалов оны жәрияламай кисеге урған екен:
Алымларың сениң не десең қайыл,
Гәпти созғанлардың ақылы зайыл
Усыныс етеди Турдыбай шайыр,
Жарыс сөзди тоқтат, қарақалпағым…деп жазылыпты.
И.Юсуповтың «Қуслар қайтып келмейди» мақаласынан үзинди.
«Еркин Қарақалпақстан», 1998-жыл, №141
Есимқан Қанаатов таярлады.
💎@Merwert_uz
Әдебий информациялық канал