#Қутлықлаў
Гүлайша Есемуратова 95 жаста!
Бүгин 18-февральда халқымыздың ардақлы перзенти, Қарақалпақстан халық жазыўшысы, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларына мийнети сиңген мәденият хызметкери, Өзбекстан Жазыўшылар аўқамының ағзасы Гүлайша Есемуратова 95 жасқа толды.
Гүлайша Есемуратова 1930-жылы Шымбай қаласында туўылған. 1951-жылы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтын питкерип, өзиниң дәслепки мийнет жолын "Жас Ленинши" (ҳәзир "Қарақалпақстан жаслары") газетасында бөлим баслығы болып хызмет ислеўден баслаған. 1957-1960-жыллары "Жеткиншек" газетасында, "Әмиўдәрья" журналында бөлим баслығы лаўазымын атқарды. 1991-жылы Қарақалпақстанда биринши ҳаял-қызлар журналы болған "Арал қызлары" журналын шөлкемлестирди.
Г.Есемуратова "Бәри өмир ҳаққында", "Арыўлар", "Қызым саған айтаман", "Жийрен", "Шығармалары"ның I, II-томлығы ҳәм басқа да халқымызға белгили дөретиўшилик шығармалардың авторы.
@QRARXIV
💎@Merwert_uz
Әдебий информациялық канал