Каракалпакстан 24


Channel's geo and language: Uzbekistan, Uzbek
Category: Politics


Қарақалпақстанда ҳәм Өзбекстанда жүз берип атырған жаңалықларды турақлы түрде @KARAKALPAK24TVтелеграм каналы арқалы бақлап барың.
📬 Мүрәжат жоллаў: @KARAKALPAK24_BOT
👉 Реклама: @oralbaev15

Related channels

Channel's geo and language
Uzbekistan, Uzbek
Category
Politics
Statistics
Posts filter


Студентлерге қандай жағдайда стипендия төленбейди?

Егер студент семестр даўамында пәнлердиң 30% ҳәм оннан кемин өзлестирсе, жуўмақлаўшы қадағалаўлардың 30%инде «3» баҳа алса стипендия төленбейди.

Мәселен, биринши семестрде 6 пән өтилсе, олардың екеўинен 3 баҳа алса, бундай жағдайда өзлестирилген муғдар 33,3% болады ҳәм стипендия төленбейди, студент 6 ай даўамында стипендиядан айрылады.

👉 @Karakalpak24


Әкелер ушын әкелик дем алысы бериледи

Олий Мажлисте жаңа нызам жойбары – «Өзбекстан Республикасының Мийнет кодексине өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы ҳүжжет додаланды. Бул нызам биринши оқыўда қабыл етилген.

Жойбарға муўапық, жаңа туўылған перзент ушын әкелерге де орташа мийнет ҳақы сақланған ҳалда қосымша дем алыс берилиўи көзде тутылған.

👉 @Karakalpak24


GARAND BILIM

🇺🇸🇬🇧🇬🇧ENGLISH tilinen taza gruppalarımızdı baslaymız. 🇺🇸🇬🇧🇬🇧


🔴 ENGLISH GRAMMAR course ( 0 DEN)
2,4,6 kúnleri
Saat 15:00 de

Kurs dawamında ózlestiriwińizge qarap keyingi gruppalarǵa ótkeremiz.

Bul gruppada siz english tilin 0 den baslap úyrenesiz.

Kursımızǵa qabıllaw : 5-6 fevral kúnleri

BAYLANÍS USHÍN NOMER: +998930432613
Ya bolmasa telegram arqalı
@Nurik_english baylanısıň

Manzil: Nòkis qalası oraylıq bazar qasında.

Реклама


Қарақалпақстанлы шахматшы мүддетинен алдын Өзбекстан чемпионы болды

Усы жылдың 27-январь күнинен баслап Жиззах ўәлаятында шахматтың стандарт жөнелиси бойынша Өзбекстан чемпионаты болып өтпекте.

Бул чемпионатта 8 жас қызлар категориясында қатнасып атырған Тақыятас районы спорт мектебиниң шахмат бойынша тәрбияланыўшысы Ларина Зарина 8-турда мүддеттен алдын Өзбекстан чемпионы атағына ерисип, жәхән чемпионатына жолламаны жеңип алды.

👉 @Karakalpak24


Қазақстанда Рамазан айының басланыў сәнеси жәрияланды

Қазақстан мусылманлары диний басқармасы Рамазан айы 1-марттан басланатуғынын, Рамазан ҳайыты болса 30-март сәнесине туўра келетуғынын мәлим етти.

👉 @Karakalpak24


Өзбекстанда картошка баҳасы қашан арзанлаўы мәлим болды

Аўыл хожалығы министрлигиниң мәлим етиўинше, апрель-май айларында жаңа өним базарға шығарылады ҳәм буның нәтийжесинде картошка баҳасының түсиўине ерисиледи.

Феврал-март айларында баҳалар турақласыўы, апрель-май айларында болса картошка баҳасы төменлеўи күтилмекте.

👉 @Karakalpak24


❗️Өзбасымшалық пенен ийелеп алынған жерлерге толық ийелик ҳуқықы берилмейди

Нызамға бола, жеке тәртиптеги турақ жайлар ийелеген жерлерге ижара ҳуқықының көлемлери төмендеги тәртипте белгиленген:

1998-жыл 1-июльға шекем ийеленген жерлер ушын – 0,24 гектарға шекем;

1998-жыл 1-июльдан 2018-жыл 1-майға шекем ийелегенлер ушын — Ташкент, Нөкис қалалары ҳәм ўәлаят орайларында — 0,06 гектарга шекем;

➖ Қалған аймақларда — 0,12 гектардан аспаған көлемде.

‼️Жеке тәртиптеги турақ жай иелеген жер участкасының әмелдеги майданы усы нызамшылық ҳүжжетинде белгиленген өлшемлерден артқан жағдайларда, жер участкасының артықша ийеленген бөлегине болған ижара ҳуқықы, егер басқа шахслардың ҳуқықлары ҳәм нызам менен қорғалатуғын мәплерин бузбайтуғын болса, дийқан хожалығын ямаса қыйтақ жер хожалығын жүргизиў ушын тән алынады.

👉 @Karakalpak24


❗️️Телеграмда мошенниклер жаңа усылға өтти

Енди мошенниклер жасырын чаттан жазып телеграмның рәсмий "служба поддержка"данбыз, усы силтемеге кирип тастыйықлап қойың, болмаса БЛОКҚА ТҮСЕСИЗ деп айтпақта.

Сиз усы сыяқлы силтемелерге ҳасла кирмең, болмаса мошенниклер сизиң телефоныңызға жалғанып алады.

Жақынларға жиберип, ескертип қоямыз.

👉 @Karakalpak24


Блокка түскен пластик картаны банкке бармастан ашыў жолы

Буның ушын алдын-ала
"Call-орай"ға қоңыраў етиң:


● Халқ банки – 1106;
● Ўзмиллийбанк - 1344;
● ТБC Банк – 1150;
● Асакабанк – 1152;
● ЎзСҚБ – 1180;
● Инфинбанк – 1214;
● Агробанк – 1216;
● Ипотека-банк – 1233;
● Тенге Банк – 1245;
● ҚҚБ – 1254;
● Ҳамкорбанк — 1256;
● Трастбанк – 1287;
● Анорбанк – 1290;
● Зираат Банк – 1293;
● Ипак йўли банки – 1296.

👉 @Karakalpak24


Video is unavailable for watching
Show in Telegram
😱🥶 Және бир Халқабадлы жигит қыс айында суўға түсти

❗️Басқаларға бул исти қайталаў усыныс етилмейди.

👉 @Karakalpak24


Өзбекстанда туўылыў ҳәм шаңарақ қурыў азайды, өлимшилик саны болса артты

2024-жылы туўылған нәрестелер саны 2023-жылғыға салыстырғанда 35,6 мыңға аз болды. Некелениўлер саны 271,8 мыңға шекем қысқарған.

Бул соңғы 10 жылдағы ең төмен көрсеткиш. Еркеклердиң орташа неке жасы 27,1 жасты, ҳаял-қызлардың болса 22,3 жасты қураган.

👉 @Karakalpak24


Video is unavailable for watching
Show in Telegram
Бүгин 30-январь Өзбекстан Республикасының биринши президенти Ислам Абдуғаниевич Каримовтың туўылған күни.

👉 @Karakalpak24


Кредит пенен субсидияның парқы қандай?

Кредит латынша creditum - қарыз, credo - исенемен сөзлеринен алынған болып, пул қаржылары, товар ҳәм хызметлерди келисилген үстеме (процент) төлеп қайтарып бериў шәрти менен мәлим мүддетке қарыз бериў есапланады.
Кредит айланысы қарыз бериўши ҳәм қарыз алыўшы ортасындағы экономикалық мүнәсибет есапланады.
Кредит шартнамасы бир тәреп - банк яки кредит шөлкеми (қарыз бериўши) шартнамада нәзерде тутылған муғдар ҳәм шәртлер бойынша басқа тәрепке (қарыз алыўшыға) қаржы бериўди ҳәм қарыз алыўшы алынған муғдарын қайтарыў ҳәм оған процентлер төлеў миннетлемесин алады.

Кредиттиң өзине тән өзгешеликлери. Кредит шартнамасы жазба формада дүзилиўи керек, оның бир нусқасы қарыз алыўшыға бериледи. Сондай-ақ, кредитте гиреў тәмийнаты болады. Кредитте оны қаплаў тәртиби бар болады. Кредит бойынша есапланған процентлер ҳәм тийкарғы қарызлар банк ҳәм қарыз алыўшы тәрепинен имзаланған кредит шартнамасына қосымша қылынған кестеге муўапық әмелге асырылады.
Буннан тысқары, кредитти қайтармаўдың ақыбетлери де болады. Процент ҳәм тийкарғы қарызды төлеўдиң ҳәр бир кешиктирилген күни ушын банк пеня есаплайды. Егер қарыздар кредитти қайтарыў миннетлемесин орынламаса, банк қарыздарға гиреўге қойылатуғын мүлкке қарата мәжбүрий өндириў тәртибинде қайтарылады.

Субсидия латынша subsidium сөзинен алынған болып, жәрдем, қоллап-куўатлаў деген мәнисти аңлатады.
Субсидия - мәмлекет бюджети, жергиликли бюджетлер қаржылары яки арнаўлы фондлардан физикалық ҳәм юридикалық шахсларға, жергиликли органларға, басқа мәмлекетлерге берилетуғын пул қаржысы яки натура формасындағы жәрдем есапланады.
Субсидиялар әдетте дәраматы жоқары болмаған шахсларға белгиленген мақсетлер ушын басланғыш төлем яки кредит процент төлемлериниң бир бөлимин қаплап бериў көринисинде мәмлекет бюджетинен ажыратылады.
Субсидия мәмлекет тәрепинен қайтарып алмаў шәрти менен ажыратылады.
Субсидия бул кредитте, қарызда емес. Яғный, сизге субсидия берилгеннен соң сизден оны қайтарыў талап етилмейди.

👉 @Karakalpak24


Video is unavailable for watching
Show in Telegram
🚌 Нөкистеги жаңа автобуслар қайсы жөнелислерде хызмет көрсетпекте?

Автобуслар «Нөкис арқа-батыс автовокзал - Нөкис қалалық саўда комплекси» жөнелиси бойинша тест режиминде халыққа хызмет көрсетиўди баслады.

Бул аралықта Нөкис арқа-батыс автовокзал, Нөкис-Шымбай гүзары, Түйемойын суў басқармасы, Е.Алакөз көшеси бойлап Орайлық базар, Т.Қайыпбергенов көшеси арқалы Салық басқармасы, А.Досназаров көшеси бойлап Темир жол вокзал арқалы ақырғы бәндирги Нөкис қалалық саўда комплекси арқалы ҳәрекетленеди.

Мағлыўмат орнында, жаңа автобусларда жол ҳақы 2000 сом, егер карта арқалы төлесеңиз 1700 сом болады. Буннан тысқары автобуслар тек ғана бәндиргилерде тоқтайды.

👉 @Karakalpak24


❗️️Паспортыңыздың әмел етиў мүддетин тексерип қойың

Мүддети өткен паспортты 1 ай ишинде алмастырмағанлар жәрийма төлейди.

➖ паспортының әмел етиў мүддети таўсылғаннан кейин ямаса фамилиясы, аты, әкесиниң аты, туўылған жылы ҳәм миллети өзгергенде паспортын 1 ай мүддетте ID-картаға алмастырыўы керек.

➖ әмел етиў мүддети өткен биометрикалық паспортын өз ўақтында ID-картаға алмастырмаў ҳақыйқый емес еки яғный 223-статьясына муўапық ҳәкимшилик жуўапкершиликке себеп болады.

➖ Бундай ҳуқықбузарлық БЕМның 3 есеси, яғный 1 125 000 сумға шекемги муғдарда жәрийма салыўға себеп болады.

️👉 @Karakalpak24


#Тайынлаў

Хожаназаров Турганбай Жумамуратович – Өзбекстан Республикасы Президентиниң Бозатаў районындағы Халық қабыллаўханасы баслығы лаўазымына тайынланды.

Т.Хожаназаров тайынлаўға шекем Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы депутаты, Олий Мажлис Нызамшылық палатасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў мәселелери комитети баслығыныӊ орынбасары лаўазымында ислеп келген.

👉 @Karakalpak24


#Пайдалы

Ўақытында уйқылаў бойдың өсиўине ҳәм артықша салмақтан қутылыўға жәрдем береди

➖ Саат 22:00 ден 02:00 ге шекем организм өзинен ең көп муғдарда мелатонин ислеп шиғарады. Мелатонин бой өсиўине жуўапкер болган гормон болып есапланады.

➖ Тап усы гормон организмдеги артықша майларды еритиў ушын да жуўапкер. Қалаберсе, коллагенлерди тиклеў қәсийетине де ийе.

Буннан тысқары, бул гормон:

● терини жаңалаў;
● сүйекти беккемлеў;
● иммунитетти көтериў;
● клеткаларды тиклеў сыяқлы бир қатар әҳмийетли ўазыйпаларды да атқарады.

👉 @Karakalpak24


Counter Strike ҳәм GTA ойнаў қадаған етилди

Қоңсы Тәжикстан мәмлекетинде Counter Strike ҳәм GTA ойнаўды рәсмий түрде қадаған етип қойды.

Тәжикстан ҳүкимети бундай ойынларға болған қызығыўшылық өспиримлерде мийримсизлик, адам өлтириў ҳәм тонаўшылықтан ибарат жынаят ислеўине себеп болыўы мүмкин екенлигинен қәўетерленбекте.

👉 @Karakalpak24


Video is unavailable for watching
Show in Telegram
YouTube’тиң қарақалпақ сегментиндеги Жәйҳун атлы каналды тамашаладыңыз ба?
Егер көрмеген болсаңыз тезлик пенен ағза болың. Себеби каналда сиз тарийхқа байланыслы мағлыўматлар аласыз.
Бундай жойбарларды қоллап-қуўатлаў керек.

https://www.youtube.com/watch?v=AXvQ_UlrzaE&feature=youtu.be


❗️Гүз-қыс мәўсиминде үзликсиз ислеўши штаб номерлери жәрияланды:

📍 Әмиўдәрья районы 
☎️ 61 515-34-49
☎️ 61 515-32-31

📍 Беруний районы
☎️ 61 524-22-60
☎️ 61 524-26-10

📍 Қараөзек районы
☎️ 61 465-43-69
☎️ 61 465-40-59

📍 Кегейли районы
☎️ 61 412-23-35
☎️ 61 412-25-85

📍 Қоңырат районы
☎️ 61 312-15-42
☎️ 61 312-36-36

📍 Қанлыкөл районы
☎️ 61 332-13-24
☎️ 61 332-17-33

📍 Мойнақ районы
☎️ 61 322-12-97
☎️ 61 322-16-86

📍 Тахтакөпир районы
☎️ 61 435-27-75
☎️ 61 435-27-75

📍 Төрткүл районы
☎️ 61 532-21-30
☎️ 61 532-52-88

📍 Хожели районы
☎️ 61 554-11-26
☎️ 61 554-32-13

📍 Шымбай районы
☎️ 61 444-03-58
☎️ 61 444-33-03

📍 Шоманай районы
☎️ 61 346-24-73
☎️ 61 346-25-39

📍 Елликқала районы
☎️ 61 585-11-49
☎️ 61 585-22-08

📍 Нөкис районы
☎️ 61 424-45-71
☎️ 61 424-45-98

📍 Тақыятас районы
☎️ 61 572-22-91
☎️ 61 572-42-84

📍 Бозатаў районы
☎️ 61 415-36-13
☎️ 61 415-37-03

📍 Нөкис қаласы
☎️ 61 222-88-46
☎️ 61 222-70-79


❗️Бул номерлерге электр энергиясы, тәбийғый газ, ишимлик суўы ҳәм көмир менен тәмийинлеў, көп қабатлы турақ-жайларда жүз бериўи мүмкин болған авариялық жағдайлар бойынша мүрәжат етиўиңиз мүмкин.

Буннан тысқары үзликсиз түрде ислеп туратуғын +99861 222-48-40, +99861 222-48-41, +99861 222-48-47, +99861 222-48-49 телефон номерлерине қоңыраў етсеңиз де болады.

👉 @Karakalpak24

20 last posts shown.