Каракалпак 24 dan repost
❗️Алдаўшылар енди ишки ислер уйымлары басшыларының атынан қоңыраў етпекте
Соңғы ўақытлары жаңа түрдеги кибералдаўшылық ҳәўиж алмақта. Бул ҳаққында ИИМ баспасөз хызмети хабар берди.
Мәлим етилиўинше, алдаўшылар тәрепинен ҳуқық қорғаў уйымлары, атап айтқанда, ишки ислер уйымларының басшылары атынан телеграмда жалған аккаунт ашқан ҳалда пуқараларға ҳәр қыйлы мүрәжатлар жиберилип атыр.
Онда алдаўшылар Өзбекстандағы байланыс компанияларының санларынан шыққан көринсе де, негизинде олар сырт елден телефон етип атырған болады. Ҳәр қыйлы мағлыўматларды көрсетиў арқалы пуқаралардан жалған себеплерди көрсетип банк пластик картасы номерлерине ие болмақта ҳәм карта ишиндеги пулларды шығарып алмақта.
👉 @Karakalpak24

"Абайлы болың! Системадағы бирде-бир басшы сизге телеграм арқалы мүрәжат етпейди ҳәм сизден өз есабынан ақшаларды басқа есапқа қойыўыңызды, нақ түринде биреўге бериўиңизди сорамайды," - деп атап өтти.
- делинеди хабарда.
👉 @Karakalpak24