Каракалпак 24


Kanal geosi va tili: O‘zbekiston, O‘zbekcha


Қарақалпақстанда ҳәм Өзбекстанда жүз берип атырған жаңалықларды турақлы түрде @KARAKALPAK24 телеграм каналы арқалы бақлап барың.
📬 Мүрәжат жоллаў: @kk24bot
📊 Реклама: @kk24_reklama

Связанные каналы  |  Похожие каналы

Kanal geosi va tili
O‘zbekiston, O‘zbekcha
Statistika
Postlar filtri


❓Кимлерге ис ҳақы төленетуғын қосымша дем алыс бериледи?

❗️12 жасқа толмаған еки ҳәм оннан көп баласы ямаса 16 жасқа толмаған майыплығы болған баласы бар ҳаялларға ҳәр жылы 3 жумыс күнинен аз болмаған ҳақы төленетуғын қосымша дем алыс бериледи.

Сондай-ақ, олардың қәлеўи менен ҳәр жылы 14 календарь күнинен аз болмаған мийнет ҳақысы сақланбаған дем алыс бериледи.

Бундай дем алыс жыллық дем алысқа қосып берилиўи ямаса өз алдына пайдаланыўы мүмкин.

👉 @Karakalpak24


❓Кимлер “қызыл паспорт”қа пул төлемейди?

✅ “Мәмлекетлик бажы хаққында”ғы Нызамға тийкар, төмендегилер сырт елге шығыў ушын биометриялық паспортты алыўда мәмлекетлик бажыдан азат етиледи:

✔️сырт елдеги жақын туўысқанлары қайтыс болғанда ямаса олар жерленген жерди зыярат еткенде;

✔️пуқаралар сырт ел судларында тәреп, гүўа ҳәм эксперт ретинде қатнасыў ушын шақырылғанда;

✔️балаға ҳәм оның қасындағы қарап жүриўши шахсқа сырт елде медициналық жәрдем көрсетилгенде яки операция исленгенде;

✔️бала илим-пән, билимлендириў, спорт яки мәденият тараўлары бойынша сырт елде таңлаўда ямаса илажда қатнасқанда;

✔️кем тәмийинленген шаңарақ ағзасына сырт елде медициналық жәрдем көрсетилгенде яки операция исленгенде.

👉 @Karakalpak24


❗️Билип қойған жақсы

Көбинесе социаллық тармақларда аноним профиллер арқалы нызамға қарсы болған хабарлар тарқатылыўы бақланады.

Бунда профил ийелерин табыў мүмкиншилиги болмаўи мүмкин. Бирақ, бул хабарларды тарқатқан ямаса үлескен (“репост”) ийеси анық бетлер, профил ийелери ямаса топар администраторлары жуўапкершиликке тартылыўы мүмкин.

Сол себепли, шахсы белгисиз, аноним ямаса гүманлы профиллер арқалы тарқатылып атырған хабарларға блогерлер, аккаунт (топар) ийелери ҳәм де администраторлары ҳәмийше әҳмийет бериўи керек.

Себеби, хабарлар мазмуны бойынша жуўапкершилик оларға да нызам менен жүкленген.

👉 @Karakalpak24


📣 Подарки, новогодние детские подарки

Вы можете заказать по супер-ценам на Uzum Market:

🔴Набор из 12 книг 392 000 189 000 сумов;
🔴Набор художника 130 000 69 000 сумов.

Следите за обновлениями — новые товары вас будут ждать каждую неделю!

Реклама


Кимлер министр фонды есабынан берилетуғын үстемеге талабан бола алады?

Министр фондынан берилетуғын үстеме ямаса сыйлық пулларына мектеплерде искерлик жүргизип атырған маман педагог кадрлар ҳәм мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў системасында искерлик жүргизип атырған белсенди (жетекши) хызметкерлер талабан болыўы мүмкин.

Төмендегилер маман педагог кадрлар есапланады:

➖оқыўшылары жоқары оқыў орынларына ямаса Президент, дөретиўшилик ҳәм қәнигелестирилген мектеплерге кириў имтиханларында ең жоқары нәтийже көрсеткен педагог кадрлар;

➖оқыўшылары халық аралық ямаса республика көлеминдеги жарыс ҳәм таңлаўларда жеңисли орынларды қолға киргизген педагог кадрлар.

Төмендегилер мектеп билимлендириў системасында искерлик жүргизип атырған белсенди (жетекши) хызметкерлер есапланады:

➖билимлендириў сапасын асырыўға өз үлесин қосқан басшы кадрлар, психолог ҳәм китапханашылар;

➖өз искерлигинде жоқары нәтийжелерге ерискен ямаса өз уқып мектебин шөлкемлестирген методистлер;

➖республика бойынша баслама көрсеткен, ислери республика ҳәм халық аралық көлемде кең тарқалған ямаса мектеп билимлендириў системасында нәтийжели искерлик жүргизип атырған педагог кадрлар.

👉 @Karakalpak24


⛽️ АИ-80 маркалы бензин АИ-92 ямаса АИ-95 деп сатылса төмендеги исеним телефон нөмерлерге шағым етсеңиз болады:

▪️“Энергияинспекция” исеним телефон номери: +99871200-02-86
▪️“O‘zbekneftgaz” исеним телефон номери: +99871233-28-88
▪️”Қарыйдарлар ҳуқықларын қорғаў” комитетиниң исеним телефон номери: +99871207-48-00
▪️Энергетика министрлигиниң исеним телефон номери: +99871231-81-18

👉 @Karakalpak24


#Аттестация_2024

Усы жылдың август-декабрь айларында өткерилген аттестация сынақларында қатнасқан барлық қатнасыўшылардың айлық ис ҳақылары усы жыл 16-декабрьден баслап жаңа категориялар бойынша есапланыўын еслетип өтемиз.

Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў министрлигиниң 2024-жыл 16-декабрьдеги буйрығына бола:
➖ 5 654 педагогқа – жоқары;
➖ 23 987 педагогқа – биринши;
➖ 33 545 педагогқа – екинши категориясы берилди.
➖ 6 099 педагог қәниге лаўазымына ылайық деп табылды.

👉 @Karakalpak24


Gulnaz Med Diagnostic клиникасында
"Таза жылды тазаланган организм менен күтип алың" акциясы

Тек ғана 10 күн, 18-28 декабрь аралығында Организмди қуртлардан тазалаў ҳәм Гидроколонотерапия процедурасына 30% шегирме жариялайды.

Жумыс ўақты: 09:00-12:00 , 16:00-18:00

🌍Мәнзил: Нөкис қаласы, Е.Алакөз көшеси, 81-уй. Бағдар: Мега Нукус саўда орайы.
Телефон: +998973543377 яки +998956013377

@gulnazmeddiagnostic

Реклама


Video oldindan ko‘rish uchun mavjud emas
Telegram'da ko‘rish
Қанлыкөлде 3 радар иске қосылды

Қанлыкөл районы аймағынан өтиўши халықаралық әҳмийетке ийе А-380 «Ғузар-Бухара-Нѳкис-Бейнеў» автомобиль жолының 837-838-километрлери аралығына, 852-853-километрлери аралығына ҳәм 854-855-километрлери аралығына автомобиллердиң тезлигин анықлаўшы радар қурылмалары орнатылып, иске қосылды.

👉 @Karakalpak24


Балаға ҳешқандай қосымталарсыз фамилия ҳәм әкесиниң атын бериў мүмкин бе?

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 14.11.2016-жылдағы 378-санлы қарарына муўапық, баланың фамилиясына «– ев», «– ов», «– ева», «– ова» сыяқлы ҳәм әкесиниң атына «– евич», «– ович», «– евна» «– овна», «қызы» «улы», «– ий», «– хан», «– хожа», «– хажы», «– бек», «– зада», «– мир– », «– абду» сыяқлы қосымталарды қосыў яки алып таслаў арқалы туўылғанлығы ҳаққындағы гүўалық жазылыўы мүмкин.

👉 @Karakalpak24


20-декабрь күни Нөкис қаласындағы Көргизбе сарайында художник Василий Джапаровтың “Илхам” атлы жеке көргизбеси өткериледи

Басланыў ўақты саат 11.00де

📍Мәнзил: Нөкис қаласы, Бердақ (Төрткүл) гүзары 52а
Бағдар: “Президентская дача” қарама қарсысы

📞 99861-222-53-10

Көргизбеге кириў бийпул

👉 @Karakalpak24


❗️«Нөкис–Мойнақ–Нөкис» жөнелисиндеги пәрўазлар қайта тикленеди

Мәлим болыўынша усы жылдың 22-23-27-декабрь күнлерине авиа қатнаўлар қайтадан жолға қойылады.

Қосымша мағлыўматларды авиакомпанияның ticket@silk-avia.com сайты арқалы алыўыңызға болады.
тел +998 55 501-22-12

👉 @Karakalpak24


Нөкис қаласында 61 план аукционға қойылды.

➖Мәнзил Жайхун МПЖ(Гербиш Завод) РесГайдиң қарма-қарсы тәрепи
➖Майданы 4 соток
➖Планлар саны 61 дана
➖Басланғыш баҳа 20 млн сўм, аржағы аукцион тәртибинде көтериледи.
➖ 36 айға бөлип төлеўге болады.
➖Аукцион бойынша 2 жыллық тәжрийбемиз бар

Ойнап бериў хызметимиз бар болып төмендеги номерге байланысың

☎️ +998974745566


✈️ «Uzbekistan Airways» қысқы демалыс алдынан қосымша авиа қатнаўларды жолға қоймақта

2024-жыл 23-декабрден баслап, 2025-жыл 7-январға шекем "Uzbekistan Airways" авиакомпаниясы төмендеги жөнелислер бойынша қосымша 14 авиақатнаўды әмелге асырады.

Ташкент—Нөкис—Ташкент

Қосымша мағлыўматларды  авиакомпанияның рәсмий сайти uzairways.com арқалы танысыўыңыз ҳәм билетлерди сатып алыўыңыз мүмкин.

👉 @Karakalpak24


Сенат салық ҳәм бюджет сиясатының 2025-жылға мөлшерленген тийкарғы бағдарларына байланыслы нызамды мақуллады

Сенаттың екинши жалпы мәжилисинде "Салық ҳәм бюджет сиясатының 2025-жылға мөлшерленген тийкарғы бағдарлары қабыл етилгенлиги мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине қосымшалар ҳәм өзгерислер киргизиў ҳаққында"ғы нызам додаланды.

Нызам менен 2025-жылға мөлшерленген салық-бюджет сиясатының тийкарғы бағдарларын белгилеў, соның ишинде, әмелдеги нызамшылықты Жәҳән саўда шөлкеминиң келисимлерине муўапықластырыў, Президентимиздиң исбилерменлер менен ашық сөйлесиўи шеңберинде бизнес жүргизиўди жеңиллестириў бойынша белгилеп берилген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде айырым нызам ҳүжжетлерине қосымшалар ҳәм өзгерислер киргизилмекте.

📌2025-жыл ушын белгиленген салық сиясатында тийкарғы салық ставкалары

-қосымша қун салығы 12 процент;
-пайда салығының базалық ставкасы 15 процент;
-физикалық шахслардан алынатуғын дәрамат салығы 12 процент;
-юридикалық шахслардың мүлкине салынатуғын салық ставкасы 1,5 процент;
-аўыл хожалығына мөлшерленген жерлер ушын жер салығы 0,95 процент;
-аўыл хожалығы жерлерин суўғарыў ҳәм балық жетистириў (өсириў) ушын суў ресурсларынан пайдаланғаны ушын салық 1 куб метрге 100 сум;
-социаллық салық 12 процент (бюджет шөлкемлери - 25 процент) ;
-айланыстан алынатуғын салық 4 процент муғдарында өзгериссиз қалдырылмақта.


Нызамның қабыл етилиўи нәтийжесинде исбилерменлик субектлерине қолайлы шараятларды жаратыў имканиятын беретуғын салық миннетлемелерин орынлаў бойынша тийисли ҳуқықый қатнасықлардың тәртипке салыныўы тәмийинленеди.

📌2025-жыл 1-январьдан баслап исбилерменлер ушын салық жүгин азайтыў арқалы қолайлы бизнес орталығын жаратыў мақсетинде мобил байланыс хызметлери ушын акциз салығы бийкар етиледи ҳәм барлық баспа ҳәм полиграфия кәрханалары 2025-жыл 1-январьдан 2029-жыл 1-январьға шекем пайда салығынан азат етиледи.

👉 @Karakalpak24




❗️Бүгин саат 10:00де Cobalt ушын және шәртнама ашылады

UzAuto Motors шәртнама алынған, бирақ пулы өз ўақтында төленбеген Chevrolet Cobalt GX-STYLE AT PLUS ҳәм Chevrolet Cobalt Midnight автомобиллери ушын 19-декабрь күни саат 10:00 де тағы шәртнама ашылатуғынлығын мәлим етти.

Шәртнаманы тек ғана http://savdo.uzavtosanoat.uz сайты арқалы алыў мүмкин.

👉 @Karakalpak24


❄️ Бүгин Қарақалпақстанда ҳаўа райы булытлы болып айырым жерлерде жаўын-шашын болыўы изи болса қарға айланыўы мүмкинӨзгидромет.

👉 @Karakalpak24


Автомобиллердиң мәмлекетлик номериндеги  ҳәриплерди билесиз бе?

1. PAA-Өзбекстан Республикасы Президенти аппараты хызметкерлери
2. PSS-Өзбекстан Президентиниң қәўипсизлик хызмети
3. PPP-Олий Мажлис депутатлары ҳәм сенаторлары
4. UZB-мәмлекетлик ҳәкимияттың орайлық мәкемелери баслықлары
5. АРС-министрликлер хәм мәмлекетлик комитетлер басшылары(министрлердиң орынбасарлары)
6. VSB, VSC, VSF, VSD, VSG, VSV, PSF-ишки ислер мәкемелери мәмлекетлик номери
7. TSS, TST- мәмлекетлик қәўипсизлик мәкемелери мәмлекетлик номери
8. ZDF-Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы хызметкерлери
9. DXA- Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлигиниң мәмлекетлик хызметлери агентлигиниң хызметкерлери
10. FVV-Өзбекстан Республикасы Айрықша жағдайлар министрлиги хызметкерлери
11. TTA, TTB, TTC, TTD, TTE, TTF, TTG-таксилер
12. D-дипломатлар(жасыл реңли)
13. CMD-елшилер, ўәкиллер (жасыл реңли)
14. Т-техник персонал (жасыл реңли)
15. М-шет ел фирма ҳәм компаниялар хызметкерлери, инвесторлар (жасыл реңли)
16. Х-консулликлер, саўда ўәкилханалары (жасыл реңли)
17. UN-БМШның Өзбекстандағы ўәкилханасы номери (көк реңли)
18. Н-пуқаралығы болмағанлар(сары реңли)

👉 @Karakalpak24


Көздиң рак кеселлиги ҳаққында билесиз бе?

Қәнийгелердиң пикиринше, ҳәр күни қараңғы бөлмеде ярым саат телефон ислеткен адамның көзлеринде рак кеселлиги келип шығыўы бақланып атыр.

Буның нәтийжесинде көз қызарып пердени орап алады, сол пердени алып таслаў имкансызлығы ушын бул дәрт даўасыз болып қалмақта.

👉 @Karakalpak24

20 ta oxirgi post ko‘rsatilgan.