Каракалпак 24


Kanal geosi va tili: O‘zbekiston, O‘zbekcha


Қарақалпақстанда ҳәм Өзбекстанда жүз берип атырған жаңалықларды турақлы түрде @KARAKALPAK24 телеграм каналы арқалы бақлап барың.
📬 Мүрәжат жоллаў: @kk24bot
📊 Реклама: @kk24_reklama

Связанные каналы  |  Похожие каналы

Kanal geosi va tili
O‘zbekiston, O‘zbekcha
Statistika
Postlar filtri


⚡️Қарақалпақстанлы исбилерменлер ушын айрықша жеңилликлер берилди

✅ Ҳүрметли Президентимиздиң Қарақалпақстан Республикасын комплекс раўажландырыў, исбилерменликти қоллап-қуўатлаў ҳәм халықтың абадан турмысын тәмийинлеў бағдарындағы және бир өз алдына әҳмийетли пәрманы қабыл етилди. Усы пәрман менен бир қатар жеңилликлер берилди.

❗️Атап айтқанда:

Министрлер Кеңесиниң қарары тийкарында 2025-2027-жылларда Нөкис қаласында кеминде 500 мың АҚШ доллары, Әмиўдәрья, Хожели, Қоңырат ҳәм Нөкис районлары ушын 300 мың АҚШ доллары, сондай-ақ  Елликқала, Беруний, Төрткүл, Тақыятас, Кегейли, Бозатаў, Шымбай, Қараөзек, Тахтакөпир, Шоманай, Қанлыкөл, Мойнақ районлары ушын 100 мың АҚШ доллары эквивалентинде болған ири инвестициялық жойбарлар ушын (соның ишинде, сырт ел инвестициялары қатнасындағы кәрханаларға, еркин экономикалық зоналар, киши санаат зоналары, жаслар санаат ҳәм исбилерменлик зоналары аймақларында) жер участкаларын узақ мүддетли ижара ҳуқуқы менен бериў тәртиби енгизиледи.

2025-2026-жылларда Қарақалпақстан Республикасында санаатты раўажландырыў ушын тармақларға ажыратылған қаржылар есабынан 100 млн  АҚШ  доллар ажыратылды.

❗️Бунда:

- Нөкис қаласы, Әмиўдәрья, Қанлыкөл, Нөкис, Қоңырат ҳәм Шымбай районларында киши санаат зоналары шөлкемлестирилип, барлық қолайлықлар ҳәм инфраструктураға ийе болған имаратлар қурылады ҳәм инвесторларға усынылады;

- Киши ҳәм орта бизнес жойбарларын қаржыландырыў ушын исбилерменлерге 10 миллиард сумға шекем жеңиллетилген кредит бериледи, яғный, кредитлер жыллық 14 процент ставкада, 7 жылға шекемги мүддетке, соның ишинде, 2 жыллық жеңиллетилген дәўир менен ажыратылады.

👉 @Karakalpak24


☎️ Зорлыққа ушыраған ҳаял-қызлар қай жерге мүрәжат етиўи керек?

Республикада зорлыққа ушыраған ҳаял-қызларға жәрдем көрсететуғын 10 нан аслам шөлкемлер бар.

▪️ИИМ Ҳаял-қызларға қарата зорлыққа қарсы гүресиў исеним номери: 1259
▪️Республика зорлық қурбанларын реабилитация ҳәм бейимлестириў орайы: 1146
▪️ИИМ исеним телефоны: 1102
▪️ИИМ Ҳаял-қызлар менен ислесиў басқармасы: +998 (71) 256-14-18

👉 @Karakalpak24


Өзбекстан ҳәм Әзербайжан ID-карталарын өз-ара тән алыў мәселесин додаламақта

ID-карталардан пайдаланыў Өзбекстан ҳәм Әзербайжан пуқараларына сырт ел паспортын алмастан шегараны кесип өтиў имканиятын береди, бул болса саяхат етиў қолайлығын арттырады ҳәм мәмлекетлер арасындағы интеграцияны беккемлейди.

Сондай-ақ, бул қарардың қабыл етилиўи Өзбекстан ҳәм Әзербайжан арасындағы саўда-экономикалық, мәдений ҳәм туристлик байланыслардың раўажланыўына унамлы тәсир көрсетиўи күтилмекте.

👉 @Karakalpak24


Бүгин болып өткен Сенат жалпы мәжилисиндеги жағдай бойынша рәсмий мағлыўмат

Олий Мажлис Сенатының жалпы мәжилисинде "уйқылап қалған" хызметкер денсаўлығы жаманласқаны себепли бөлмеден шықпай турғаны мәлим болды.

👉 @Karakalpak24


Президент Шавкат Мирзиёев жаслар келешеги ҳәм исбилерменлиги ушын 400 миллион доллар ажыратыўға қаратылған 3 қарарды жәриялады

🔹Жаслар исбилерменлигин раўажландырыў қоры шөлкемлестириледи ҳәм оған 100 миллион доллар ажыратылады.

🔹Жоқары оқыў орны питкериўшилерин жумыс пенен тәмийинлеў ушын "Келешекке қәдем" бағдарламасы иске түсириледи ҳәм оның ушын Миллий банкке 100 миллион доллар ажыратылады!

🔹Алоқабанк "Жаслар банки"не айланады - жаслардың бизнес жойбарларын қоллап-қуўатлаў ушын 200 миллион доллар қаржы қаратылады!

ЕҢ ӘҲМИЙЕТЛИСИ: Ҳаял-қызлар исбилерменлигине — банк кредитлериниң кеминде 30%и қаратылады!

Жасларға қандай жаңа имканиятлар жаратылмақта?

️➖ 2,5 миллиард сумға шекем жеңиллетилген кредитлер;
2 миллиард сумға шекем стартап инвестициялары;
➖ ѳзин-ѳзи бәнт еткен жаслар - 100 миллион сумға шекем 7 жыл мүддетке жеңиллетилген микроқарыз;
➖ ️20 жасты жумыс пенен тәмийинлеген исбилерменлерге
5 миллиард сўмға шекем 7 жыл мүддетке жеңиллетилген кредит.

️👉 @Karakalpak24


Oqilona investitsiya kiriting: Bashkent TJMda ta'mirlangan xonadonlarga 30% chegirma

1,2 yoki 3 xonali xonadon sotib oling va 100% to‘lovda 30% chegirmaga ega bo‘ling.
Bashkent TJM sotuvlar ofisi ochilgandan keyin 5 kungina muddatda ta'mirdan chiqqan xonadonlarni xarid qilishda 30% gacha chegirmaga ega bo‘ling: ta'mirlangan 1 xonali xonadon 18 ming dollar turadi!

Sizni 22-fevral, soat 13:00 da ochilish marosimida kutamiz. Boshqa aksiyalar va sovg‘alardan bexabar qolmang!

Tafsilotlar telefon orqali: 78 148 55 55

Реклама


Video oldindan ko‘rish uchun mavjud emas
Telegram'da ko‘rish
❗️Кем тәмийинленген шаңарақларға балалар напақасы ҳәм материаллық жәрдем тайынлаўға онлайн арза жибериў тәртиби менен төмендеги видео арқалы танысың.

👉 @Karakalpak24


Өзбекстанда банклер 12 ай даўамында пайдаланылмаған карталарды блоклаўы мүмкин

Humo төлеў системасы белсенди болмаған банк карталарын алдыннан ўақтыншалық блоклап қойыўды усыныс етти.

👉 @Karakalpak24


8-март байрамында неше күн дем алыс болады?

Усы жылы 8-март – Ҳаял-қызлар күни байрамы ҳәптениң шемби күнине туўра келеди.

Мийнет кодексине муўапық, дем алыс күни жумыс исленбейтуғын байрам күнине туўра келген жағдайда, дем алыс күни байрамнан кейинги жумыс күнине көшириледи.

Оған бола, байрам қарсаңында бес күнлик жумыс ҳәптесинде ислейтуғын хызметкерлердиң дем алыс күнлери төмендегише болады:

8-март, шемби – байрам күни, дем алыс күни;

9-март, екшемби – дем алыс күни;

10-март, дүйшемби – қосымша дем алыс күни.

👉 @Karakalpak24


Ramazonga tayyorlanamiz 🌙

Oila a’zolari davrasida saharlik va iftorlik vaqtlariga juda oz qoldi.

Ularga tayyorgarlik koʻrish yanada osonroq va yoqimliroq boʻlishi uchun — Uzum Marketda taomlar tayyorlash uchun mahsulotlar va tovarlarga allaqachon 80% gacha chegirmalarni ishga tushirdik.

Kungaboqar yogʻidan tortib idishlar toʻplamigacha — foydali narxlarda tanlang va buyurtma bering.

➡️ Xaridlarga ⬅️


Президент пәрманына муўапық:

Екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшылары ҳәм майыпларының ҳәр бирине 10 000 доллар муғдарында;

Екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшыларына теңлестирилген шахслардың ҳәр бирине 25 000 000 сум муғдарында;

1941-1945-жыллардағы урыс дәўириндеги мийнет фронты қатнасыўшыларының ҳәр бирине 3 000 000 сум муғдарында бир мәртелик ақшалай сыйлық бериледи.

👉 @Karakalpak24


Қарақалпақстанда 3 пуқара 588,2 млн сумлық энергия ресурсларынан нызамсыз пайдаланғаны анықланды

Бас прокуратура жанындағы департаменттиң Кегейли, Мойнақ ҳәм Бозатаў районлық бөлимлери тәрепинен өткерилген тергеўге шекем тексериўлерде пуқаралар Р.Д., М.А. ҳәм И.Ж. өзлериниң үйлеринде улыўма пайдаланыўдағы электр ҳәм газ тармақларына тиккелей жалғанып, жәми 588,2 млн сумлық энергия ресурсларынан нызамсыз пайдаланғаны анықланған.

👉 @Karakalpak24


My.gov.uz порталы арқалы мәмлекетлик хизметлерден онлайн пайдаланың!

💻 my.gov.uz/oz/service/308 — Такси айдаў ушын лицензия алыў;

💻 my.gov.uz/oz/service/913 — Туўылғанлық ҳаққындағы гүўалықты алыў;

💻 my.gov.uz/oz/service/853 — Автотранспортты онлайн қамсызландырыў;

💻 my.gov.uz/oz/service/412 — Өзбекстан Республикасынан шығыўға ўақтыншалық шеклеў қойылғанлығы жағдайын анықлаў;

💻 my.gov.uz/uz/service/491 — Өз-өзин бәнт еткен шахсларды дизимнен өткериў;

💻 my.gov.uz/uz/service/263 — Есапланған ис ҳақы сўммалары ҳаққында мағлыўмат алыў;

💻 my.gov.uz/uz/service/486 — Напақа тайынлаў ушын арза бериў;

💻 my.gov.uz/uz/service/378 — Паспортты ID картаға алмастырыў ушын арза жибериў;

💻 my.gov.uz/uz/service/498 — UzAuto Motors AJ арқалы автомобил сатып алыў ушын нәўбетти тексериў;

💻 my.gov.uz/uz/service/418 — Сырт елге шығыў паспортын рәсмийлестириўге арза бериў;

💻 my.gov.uz/uz/service/745 — "Ҳаяллар дәптерин"де пуқараның барлығы ҳаққында мағлыўмат алыў;

💻 my.gov.uz/uz/service/748 — "Жаслар дәптерин"де пуқараның барлығы ҳаққында мағлыўмат алыў;

💻 my.gov.uz/uz/service/743 — "Темир дәптер"де пуқараның барлығы ҳаққында мағлыўмат алыў;

💻 my.gov.uz/uz/service/587 — “Социаллық қорғаў бирден-бир реестри”не кириў ушын арза бериў;

💻 my.gov.uz/uz/service/654 — Aвтотранспорт қуралларының тыйымды тексериў;

💻 my.gov.uz/oz/service/938 — Кредит тарийхы үйренилгенлиги бойынша ескертиўши «СМС-хабарнама» алыў.

💻 Oilakredit.uz — шаңарақлық исбилерменлик бойынша кредит алыў ушын арза бериў;

💻 online-mahalla.uz — бул дизимде көрсетилген жөнелислер ушын субсидия алыў мүмкин;

💻 ipoteka-bozori.uz — жаңа тәртиптеги ипотека кредитлери;

💻 Subsidiya.mf.uz — субсидия рәсмийлестириў бойынша;

💻 smart-market.uz — ири ислеп шығарыўшы, көтере саўда, жеткерип бериўши кәрхана ҳәм шөлкемлер ушын өз өним ҳәм хызметлерин еркин сатыў және кредит алыўшылар ушын өним жеткерип бериўши фирманы еркин таңлаў имканияты бар.



💻 talim-krediti.uz яки talim-krediti.mf.uz тәлим кредитин алыў ушын;

💻 Infokredit.uz ёки my.gov.uz — кредит тарийхын билиў ушын;

💻 bank-kredit.uz  —"20 исбилермен - 500 мың маман қәнийге" дастүри шеңберинде кредитге арза бериў;

💻 portal.infokredit.uz — Юридик шахслар кредит тарийхы ҳаққындағы мағлыўматты алыў ушын.

📱my.gov.uz қосымшасын жүклеп алыў: Google Play яки App Store

Дерек: Нызамшылық

️👉 @Karakalpak24


Алыс ҳәм шетки мәҳәллелерде шаңарақлық бақшалар шөлкемлестириледи

➖ 2025-2026-жылларда балаларды мектепке шекемги билимлендириў менен қамтып алыў дәрежесин асырыў бойынша илажлар бағдарламасы ҳәм 3-7 жаслы балаларды мектепке шекемги билимленлириў менен қамтып алыўдың мақсетли көрсеткишлери тастыйықланды.

➖ 2025-жыл жуўмағына шекем камбағал шаңарақлар перзентлерин мектепке шекемги билимлендириў менен қамтып алыў тәмийинленеди.

Соның менен бирге, қарарға тийкар:

➖ халықтың жасаў дәрежеси ҳәм төлеў қәбилети жоқары болған (камбағал шаңарақлар кем болған) мәҳәллелерде мәмлекет-жеке меншик шериклик тийкарында мәмлекетлик емес бақшалар;

➖алыс ҳәм шетки (район ҳәм қалалар орайында жайласпаған) мәҳәллелерде шаңарақлық мәмлекетлик емес бақшалар;

➖халықтың төлеў қәбилети төмен (камбағал шаңарақлар салыстырмалы көп болған) ҳәм де демографик өсиў дәрежеси жоқары болған мәҳәллелерде мәмлекетлик, соның менен бирге, халық аралық финанс институтлары кредит ҳәм грантлары есабынан мәмлекет-меншикли шериклик тийкарында мәмлекетлик емес бақшалар;

➖социаллық тараўдың мәкемелериниң бос имаратларында қысқа мүддетли топарлар шөлкемлестириледи.

👉 @Karakalpak24


💰8-март күни мүнәсибети менен еркек хызметкерлерге де “премиальный” бериўге бола ма?

Аўа, әлбетте мүмкин. Бул кәрхананың ишки локал ҳүжжетлерине байланыслы.

📑 Себеби, МК 67-статьясына муўапық, жәмәәтлик шәртнаманың мазмунын ҳәм дүзилиўин оның тәреплери белгилейди.

💸Мысалы, кәрхананың жәмәәтлик шәртнамасында жумыс бериўши тәрепинен белгиленген тәртипте тастыйықланған сметаларға муўапық хызметкерлерге Мийнет кодексиниң 208-статьясында нәзерде тутылған байрамлар мүнәсибети менен сыйлықлаў қолланылады деп жазылған болса, 9 байрам (исленбейтуғын) күнлер (оның қатарында 8-март күни де бар) мүнәсибети менен барлық хызметкерлер ушын (жынысына қарамастан) сыйлықлаў қолланылады.

❗️Егер жумыс бериўши бул миннетлемелерди орынламаса, Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 49-статьясы бойынша жуўапкершиликке тартыўға себеп болады.

☝️Гәптиң қысқасын айтқанда, егер кәрхананың ишки локал ҳүжжетлеринде Мийнет кодексиниң 208-статьясында нәзерде тутылған байрамлар мүнәсибети менен сыйлықлаў  (пермиальный) қолланылады деп жазылған болса, еркек хызметкерлер ушын да 8-март байрамы мүнәсибети менен “пермиальный” берилиўи керек.

✅ Демек, еркеклерге бул “премиальный”ды бериў ушын нызамлы тийкар да, себеп те бар
.

💰Себеби усы күн мүнәсибети менен еркеклерге өзлериниң апаларын, аналарын, әжапа-қарындасларын, қызларын, ағайин ҳәм кәсиплес ҳаял-қызларды қутлықлаўы ушын қәрежет керек.

💵 Сонлықтан, жумыс бериўшилерден еркек хызметкерлерине усы “премиальный”ды бериўин сораймыз!

👉 @Karakalpak24


❗️Алыс ҳәм шетки аймақларда жумыс ислеп атырған шыпакерлерге 2 миллион сумлық үстеме төленеди

Президенттиң 25.04.2022-жылдағы ПҚ-215-санлы қарарына бола:


Оларға ипотека тийкарында үй-жай сатып алыўда үй-жай баҳасының 50 процентине шекемги бөлеги, бирақ БЕМның 500 есесинен аспаған муғдарда қаплап бериледи.

Бул жеңиллик әмелде болған Қарақалпақстанның шетки аўыллары төменде көрсетилген:

Бозатаў районы:
Аспантай АПЖ, Көксуў АПЖ
Қоңырат районы:
Қарақалпақстан АПЖ, Жаслық АПЖ, Қырыққыз АПЖ, Сүўенли АПЖ, Рәўшан АПЖ, Әжинияз АПЖ, Елабат ППЖ, Хорезм АПЖ
Мойнақ районы:
Қазақдәрья АПЖ, Қызылжар АПЖ
Тахтакөпир районы:
Ҳәким ата АПЖ, Қоструба АПЖ, Қоңыраткөл АПЖ, Белтаў АПЖ, Мүлк АПЖ
Қараөзек районы:
Қойбақ АПЖ
Әмиўдәрья районы:
Назархан АПЖ
Тақыятас районы:
Сарайкөл АПЖ
Кегейли районы:
Жалпақ жап АПЖ, Көкөзек АПЖ
Шоманай районы:
Бирлешик АПЖ, Кетенлер АПЖ
Хожели районы:
Қумжыққын АПЖ
Нөкис районы:
Кердер АПЖ, Тақыр көл АПЖ
Шымбай районы:
Қызылөзек АПЖ
Қанлыкөл районы:
Қосжап МПЖ, Жайхун МПЖ
Нөкис қаласы:
Қаратаў МПЖ
Елликқала районы:
Шуқырқақ МПЖ.

️👉 @Karakalpak24


#Пайдалы

Ўақытында уйқылаў бойдың өсиўине ҳәм артықша салмақтан қутылыўға жәрдем береди

➖ Саат 22:00 ден 02:00 ге шекем организм өзинен ең көп муғдарда мелатонин ислеп шиғарады. Мелатонин бой өсиўине жуўапкер болган гормон болып есапланады.

➖ Тап усы гормон организмдеги артықша майларды еритиў ушын да жуўапкер. Қалаберсе, коллагенлерди тиклеў қәсийетине де ийе.

Буннан тысқары, бул гормон:

● терини жаңалаў;
● сүйекти беккемлеў;
● иммунитетти көтериў;
● клеткаларды тиклеў сыяқлы бир қатар әҳмийетли ўазыйпаларды да атқарады.

👉 @Karakalpak24


🤔 Gilemlerdi "birinshi qoldan" satıp aliw múmkin be?

Gilemler ekinshi yamasa úshinshi qoldan satıp alınǵanda bahalar keskin kóterilip ketedi. Bunda eń durıs sheshim - olardı islep shıǵarıwshınıń ózinen satıp alıw.

️ SAG brendiniń elimiz boylap jaylasqan rásmiy dúkanları sizge áne usınday imkaniyattı usınadı.

Siz de gilemlerdi ortadaǵı dáldalshılarsız, payda menen satıp alıń.

👉 Gilemler hám olardıń bahası menen tanısıw ushın usı kanalǵa jazılıń.

√ +998995610555

Реклама


❗️Оқытыўшыларды нәўбетшиликке қойыў қадаған етиледи

🔔 Халық билимлендириў министриниң 2021-жыл, 1-июльдағы 206-санлы буйрығында белгиленген оқытыўшының лаўазым миннетлемелери ишинде нәўбетшилик етиў бойынша миннетлеме жоқ.

🙅‍♂ Солай екен, бул жағдайда жумыс бериўши хызметкерге бул миннетлемени жүклеўи ҳуқықый тәрептен тийкарға ийе емес.

📑 Мийнет кодексиниң 177-статьясында жумыс бериўшиниң миннетлери белгиленген. Олар арасында жумыс бериўши хызметкерден оның мийнет ўазыйпалары шеңберине кирмейтуғын жумысларды орынлаўын, нызамға қайшы ямаса хызметкер ҳәм басқа шахслардың өмири ҳәм денсаўлығы ушын қәўип туўдыратуғын, олардың абыройын ҳәм қәдир-қымбатын кемситиўши ҳәрекетлер ислеўди талап етиўге ҳақылы емеслиги де белгиленген.

❌ Яғный, жумыс бериўши оқытыўшыларға олардың мийнет ўазыйпасынан басқа жумысты буйырыўы нызам тәрептен қадаған етиледи.

💰 Бундай жағдайларда жумыс бериўшиге Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 49-статьясы менен (лаўазымлы шахс тәрепинен мийнет ҳәм мийнетти қорғаў ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерин бузыў) базалық есаплаў муғдарының 5 есесинен 10 есесине шекем муғдарда жәрийма салыўға себеп болады.

👉 @Karakalpak24


Video oldindan ko‘rish uchun mavjud emas
Telegram'da ko‘rish
❗️Жәриймаларды бийкарлаўды үйренемиз — Мултирадар

👉 @Karakalpak24

20 ta oxirgi post ko‘rsatilgan.