Қарақалпақ LIVE


Kanal geosi va tili: O‘zbekiston, O‘zbekcha


📍 Қарақалпақ LIVE –әҳмийетли ўақыяларды ҳақыйқый ҳәм тезлик пенен жеткерип бериўши жаңалықлар каналы. Биз тек ғана фактлерге сүйенип, жәмийет ушын әҳмийетли темаларды өз ўақтында шығарыўға умтыламыз.
Реклама ушын: @KKLIVE_ADMIN

Связанные каналы  |  Похожие каналы

Kanal geosi va tili
O‘zbekiston, O‘zbekcha
Statistika
Postlar filtri


❗️Өзбекстанда 1-апрельден баслап электр энергиясы ушын тарифлер қымбатлайды

2025-жыл 1-апрельден баслап орайласқан тәризде электр плиталары менен үскенеленген көп қабатлы турақ жайлар ҳәм жатақханаларда жасайтуғын хожалық тутыныўшылары ушын айына:

➖ 200 кВт/саатқа шекемги социаллық норма 225 сумнан 300 сумға шекем артады;
➖ 201 кВт/сааттан 1000 кВт/саатқа шекем 500 сум;
➖ 1000 кВт/сааттан 5000 кВт/саатқа шекем 750 сум;
➖ 5000 кВт/сааттан 10 000 кВт/саатқа шекем 875 сум;
➖ 10 мың кВт/сааттан жоқары тутыныў ушын 1000 сум етип белгиленеди.

Басқа хожалық тутыныўшылары ушын 1 кВт/саат электр энергиясының баҳасы айына:

➖ 200 кВт/саатқа шекемги социаллық норма 450 сумнан 600 сумға шекем арттырылады;
➖ 201 кВт/сааттан 1000 кВт/саатқа шекем 1000 сум;
➖ 1000 кВт/сааттан 5000 кВт/саатқа шекем 1500 сум;
➖ 5 000 кВт/сааттан 10 000 кВт/саатқа шекем 1 750 сум,
➖ 10 мың кВт/сааттан артық тутыныў ушын 2 000 сум болады.

IV топар тутыныўшылары ушын электр энергиясының баҳасы 900 сумнан 1000 сумға шекем арттырылады.

🌐 Қарақалпақ LIVE ең оператив ҳәм исенимли жаңалықлар каналы!


❗️Өзбекстанда 1-апрельден баслап тәбийғый газ тарифлери қымбатлайды

2025-жыл 1-апрельден баслап барлық тутыныўшылар ушын 1 куб метр газ баҳасы 1800 сумға шекем, АЖҚШлары ушын 2500 сумға шекем, ыссылық электр станциялары ушын 1800 сумға шекем қымбатлайды.

Ноябрьден февральға шекем даўам ететуғын жылытыў мәўсиминде халыққа жеткерип берилетуғын тәбийғый газдиң бир кубометри ушын баҳа:

➖ 500 куб метрге шекем болғанда 650 сумнан 1000 сумға шекем артады;
➖ 500 ден 2500 куб метрге шекем болғанда 1800 сум;
➖ 2500 ден 5000 куб метрге шекем 2100 сум;
➖ 5 000 ден 10 000 куб метрге шекем 2500 сум;
➖ 10 мың куб метрден жоқары болғанда 3 000 сумнан болады.

2025-жыл 1-апрельден март-октябрь айларындағы тарифлер:

➖ 100 куб метрге шекемги газ пайдаланылғанда 650 сумнан 1000 сумға шекем артады;
➖ 101 кубометрден 2500 кубометрге шекем 1800 сум;
➖ 2500 ден 5000 кубометрге шекем 2100 сум;
➖ 5000 ден 10000 куб метрге шекем 2500 сум;
➖ 10 мың куб метрден жоқары болганда 3000 сум етип белгиленеди.

Халық ушын суйылтырылған газ тарифи 1 кг ушын 2000 сумға шекем арттырылады.

🌐 Қарақалпақ LIVE ең оператив ҳәм исенимли жаңалықлар каналы!


Online Magazin dan repost
◾️◾️МАГНИТЛИ БРАСЛЕТ◾️◾️

Семиз адамның ишки организмине саяхат✅

✅ функциялық браслет - азыў ушын, қарын, бөксе, қол, аяқтағы майларды еритиўге жәрдем береди.

☘️ Организмниң улыўма жағдайын жақсылаў ҳәм искерлигин асырыўда жәрдем береди.

☘️ Иммунитетти асырып, физикалық ҳәм интеллектуаль қәбилетин жақсылаў,
☘️ Шаршаў ҳәм ҳәлсизликти кемейтиў,
☘️ Буўын ҳәм бас аўырыўларын қалдырыў,
☘️ Буғақ кеселликлеринде жәрдем береди.

📢 Хәзирде 1-Кун шегирме:
❌ Ески баҳасы: 129 000 сўм
✅ Акция баҳасы: 40 000 сўм

✔️БУЙЫРТПА БЕРИЎ УШЫН КОК СИЛТЕМЕНИ БАСЫН 👇👇

https://100k.uz/oqim/601695
https://100k.uz/oqim/601695
https://100k.uz/oqim/601695

💰 Төлемды өнимди қолынгизга алғанда қиласиз

🚗 Жеткерип берыў хызмети бийпул

Реклама


⚡️Енди Миллий гвардия оқыўдан қалатуғын оқыўшылардың ата-аналарына жәрийма салыў ҳуқықына ийе болады

✅ Кеше Сенатта мақулланған нызамға тийкар, Миллий гвардияның мектеплерге бириктирилген инспектор-психологлары мектепте оқыўшылар арасындағы ҳуқықбузыўшылықлар, сондай-ақ, ата-аналардың балаларына билим бериў миннетлемесин орынламағаны сыяқлы жағдайлар бойынша жаза қолланыў ўәкиллиги берилмекте.

❗️Енди психолог-инспекторлар бундай ҳуқықбузыўшылықлар анықланғанда профилактика инспекторына барып жүрместен өзлери жаза қолланыў ҳаққында қарар шығарабереди.

☝️Нызам еле қабыл етилмеди, күшке кирсе каналымызда жәрияланады.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

🌐 Қарақалпақ LIVE ең оператив ҳәм исенимли жаңалықлар каналы!


Video oldindan ko‘rish uchun mavjud emas
Telegram'da ko‘rish
Нөкис қаласындағы жәнжел бойынша рәсмий мағлыўмат

Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги мәлимлеме хызметиниң баслығы Салаўат Қаллибековтың мәлим етиўинше, Нөкис қаласында 1987-жылы туўылған С.Т. ҳәм 1988-жылы туўылған К.Қ. арасында жол таласыў себепли жәнжел келип шыққан.

Тийисли уйымлар тәрепинен шахслар анықланып, Өзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 183-статьясы тийкарында ҳүжжетлер рәсмийлестирилген. Ис судқа жиберилип, ҳәр еки шахсқа 15 сутка ҳәкимшилик қамақ жазасы тайынланған.

🌐 Қарақалпақ LIVE ең оператив ҳәм исенимли жаңалықлар каналы!


Pulmakon «CLEVER»  микрокредит шөлкеми

КРЕДИТ!!!
ТЕЗ АҢСАТ ҚОЛАЙ

📊МИКРОҚАРЫЗ  2 СААТТА ШЫҒАДЫ

🪙10 млн нан 300 млн ға шекем микроқарыз
📅 6 айдан 3-жыл мүддетке.

(ЗАЛОГҚА)ТУРАК ЖАЙ ХӘМДЕ АВТОТРАНСПОРТ

🪙 ГИРЕУ ТИКАРЫНда кредит алыў ушын сиз тек ғана 2010-жылдан төмен болмаған автотранспортты ҳәмде Турар Жайды НОТАРИУС арқалы ГИРЕЎге (ЗАЛОГқа) қойып, кредит аласыз.

КЕРЕКЛИ ҲҮЖЖЕТЛЕР
Пуқараның ҳәм зайыбының паспорты;
Машинаның техпаспорты;
Пластик карта;
Нотариусқа 1.070.000 мың сум төлем.

10 млн 725.000
20 млн  1.449.000
30 млн  2.174.000
40 млн  2.899.000
50 млн. 3.624.000
60 млн  4.348.000
70 млн  5.073.000
80 млн  5.798.000
90 млн 6.522.000
100 млн  7.247.000

Айма-ай график бойынша төлеп барасыз

☎️Телефон
+998930002221
+998977890782
+998907003777

📍Қоңырат р-ны
+998906504945

📍Мәнзил: Нөкис қаласы, Ағаш базар жанындағы «Металл профиль» атлы бәндирги.


Video oldindan ko‘rish uchun mavjud emas
Telegram'da ko‘rish
❗️️1-апрелден баслап электр энергиясы ҳәм газдиң баҳасы қымбатлайды

Атап айтқанда, турмыслық тутыныўшылар ушын белгиленген социаллық норма шеңбериндеги 450 сумлық тариф 600 сум болады.

🌐 Қарақалпақ LIVE ең оператив ҳәм исенимли жаңалықлар каналы!


#Билесиз_бе

✔️ Нызамшылыққа көре, секторлардың исши топарлары тәрепинен "Ҳаяллар дәптери"не киргизилген ҳаял-қызлардың турақ жай жағдайы үйрениледи.

✔️ Ҳәр бир турақ жайды оңлаў жумысларына "Ҳаяллар дәптери" қоры есабынан БЕМның 30 есесине шекемги муғдарда (11 миллион 250 мың сўм) қаржы ажыратылыўы белгиленген.

🌐 Қарақалпақ LIVE ең оператив ҳәм исенимли жаңалықлар каналы!


❗️Dıqqat! "Mega Usınıs" tawısıwına kem kún qaldı!

⚡️32" Smart TV - 69 000 sumnan
⚡️TECNO Spark Go1 (3/64) - 69 000 sumnan
⚡️Redmi A3 (3/64) - 79 000 sumnan
⚡️TECNO Spark 20C (4/128) - 79 000 sumnan
⚡️TECNO Spark 30C (4/128) - 89 000 sumnan
⚡️Redmi 14C (4/128) - 89 000 sumnan
⚡️Redmi Note 13 (6/128) - 99 000 sumnan
⚡️Honor X7c (6/128) - 119 000 sumnan
⚡️Loretto 6kg Kir yuvish mashinalari - 139 000 sumnan
⚡️Ferre Gaz plita - 99 000 sumnan
⚡️Premier Holodilnik- 99 000 sumnan ayiǵa*

Arzan bahalarda satıp alıwǵa ulgirmegen barlıq klientlarimiz húrmeti Mega Usınıs aksiyamız 31-yanvarǵa shekem bolıp ótedi!

❗️Baslanǵısh tólewsiz satıp alıwıńız múmkin!

Maģlıwmat ushın:
71 230 77 99 

📍Mánzil: Nókis q, Mega Nukus, Ernazar Alakóz kóshesi, 60
📍Mánzil: Qońırat q, Mega Park, Tólegen Aybergenov kóshesi 1/A
📍Mánzil: Beruniy q, Shox Abbos Vali kóshesi (Beruniy Sawda orayi qarama-qarsı tárepi)

SHEGIRMELER | Instagram | Do'konlarimiz


Video oldindan ko‘rish uchun mavjud emas
Telegram'da ko‘rish
Азыў ушын қайсысы жақсы: пияда жүриў ме ямаса жуўырыў ма?

Азыў ушын улыўмалық физикалық шынығыўлар оғада әҳмийетли есапланады. Сондай-ақ, азыў делингенде ең алды менен артықша майлардан қутылыў түсинилиўи керек.

Илимпазлар нәтийжели азыў ушын жуўырыўдан гөре пияда жүриўди усыныс етпекте. Буның себебин видео арқалы билип алсаңыз болады.

🌐 Қарақалпақ LIVE ең оператив ҳәм исенимли жаңалықлар каналы!


❗️Гүз-қыс мәўсиминде үзликсиз ислеўши штаб номерлери жәрияланды:

📍 Әмиўдәрья районы 
☎️ 61 515-34-49
☎️ 61 515-32-31

📍 Беруний районы
☎️ 61 524-22-60
☎️ 61 524-26-10

📍 Қараөзек районы
☎️ 61 465-43-69
☎️ 61 465-40-59

📍 Кегейли районы
☎️ 61 412-23-35
☎️ 61 412-25-85

📍 Қоңырат районы
☎️ 61 312-15-42
☎️ 61 312-36-36

📍 Қанлыкөл районы
☎️ 61 332-13-24
☎️ 61 332-17-33

📍 Мойнақ районы
☎️ 61 322-12-97
☎️ 61 322-16-86

📍 Тахтакөпир районы
☎️ 61 435-27-75
☎️ 61 435-27-75

📍 Төрткүл районы
☎️ 61 532-21-30
☎️ 61 532-52-88

📍 Хожели районы
☎️ 61 554-11-26
☎️ 61 554-32-13

📍 Шымбай районы
☎️ 61 444-03-58
☎️ 61 444-33-03

📍 Шоманай районы
☎️ 61 346-24-73
☎️ 61 346-25-39

📍 Елликқала районы
☎️ 61 585-11-49
☎️ 61 585-22-08

📍 Нөкис районы
☎️ 61 424-45-71
☎️ 61 424-45-98

📍 Тақыятас районы
☎️ 61 572-22-91
☎️ 61 572-42-84

📍 Бозатаў районы
☎️ 61 415-36-13
☎️ 61 415-37-03

📍 Нөкис қаласы
☎️ 61 222-88-46
☎️ 61 222-70-79


❗️Бул номерлерге электр энергиясы, тәбийғый газ, ишимлик суўы ҳәм көмир менен тәмийинлеў, көп қабатлы турақ-жайларда жүз бериўи мүмкин болған авариялық жағдайлар бойынша мүрәжат етиўиңиз мүмкин.

Буннан тысқары үзликсиз түрде ислеп туратуғын +99861 222-48-40, +99861 222-48-41, +99861 222-48-47, +99861 222-48-49 телефон номерлерине қоңыраў етсеңиз де болады.

🌐 Қарақалпақ LIVE ең оператив ҳәм исенимли жаңалықлар каналы!


Кредитке кепил болған шахслар кепилликти бийкарласа болама?

Көпшилик ойлайды, кредитке кепиллик шәртнамасын дүзгеннен кейин, оны бийкарлаў мүмкин ҳәм аңсат. Бирақ тийкарында бундай емес. Кепиллик қарыздар мәжбүриятлары бойынша кепилде де мәжбүрият жүзеге келтиреди. Нызамшылыққа көре шәртнаманы бир тәреплеме бийкар қылыў, яғный кепилликтен бир тәреплеме ўаз кешиўге жол қойылмайды. Мәселен, кепил шәртнама дүзгеннен кейин жумысынан айрылса, кесел болып қалса, қарыздар (кредит алған танысы) менен урысып қалсада кепиллик өз күшинде қала береди.

Кепиллик шәртнамасын өзгертириў яки бийкар қылыў ушын банк пенен келисиў керек болады, банк болса ҳешқашан өз тәмийнаты зиянына ҳәрекет қылмайды. Кепиллик қашан кредит қарызы толық төленгенде, қарыз мәжбүрияты басқа шахсқа өткизилгенде яки кепиллик мүддети өтип болғаннан кейин тамамланады. Және бир жолы кепилликти алмастырыўды сорап банкке мүрәжат қылыў, егер тәреплер келисе алса кепилди басқа сондай шахсқа алмастырыў мүмкин.

Юрист Ауезбеков

🌐 Қарақалпақ LIVE ең оператив ҳәм исенимли жаңалықлар каналы!


Video oldindan ko‘rish uchun mavjud emas
Telegram'da ko‘rish
⚡️❗️Енди бир жыл ишинде жәрийма баллары 12 баллға жеткен айдаўшылар кеминде 6 айға, көби менен 3 жылға айдаўшылық гүўалығынан айырылады

⁉️Айдаўшылық гүўалығынан айырылған шахс және рульге отырса, бул ушын жынайый жуўапкершиликке тартылады. Тийисли нызам Сенатта мақулланды.

🌐 Қарақалпақ LIVE ең оператив ҳәм исенимли жаңалықлар каналы!


❓Мектеп директорының қызы оның орынбасары болып ислеўи мүмкин бе?

Өз-ара жақын ағайинлер бир шөлкемде ислеўи қадаған етиледи. Бул ҳаққында Мийнет кодексиниң 121-статьясында нәзерде тутылған. Оған бола:

Өз-ара жақын ағайин ямаса қуда тәрептен ағайин болған шахслар (ата-ана, аға-ини, апалы-сиңли, перзентлер, ерли-зайып, сондай-ақ, ерли-зайыптың ата-анасы, ағасы ямаса иниси, апасы ямаса сиңлиси және перзентлери) бир мәмлекетлик шөлкемде бирге хызмет етиўи мүмкин емес.

Бунда олардың бирге хызмет етиўи олардан биреўиниң екиншисине тиккелей бағыныўына ямаса оның қадағалаўы астында болыўына байланыслы болғанда қадаған етиледи.

Бирақ бул қағыйда қолланылмайтуғын жағдайлар да бар.

Яғный
, Министрлер Кабинетиниң тийисли қарарына муўапық, барлық оқыў ҳәм тәрбия мәкемелериндеги педагог хызметкерлер, оқытыўшылар, библиографлар ҳәм китапханашылар ушын бул қағыйда әмел етпейди.

Бул дегени, мектеп директорының жақын ағайинлери, мысалы өмирлик жолдасы, баласы, қызы мектепте педагог хызметкер, оқытыўшы, библиограф ямаса китапханашы болып ислеўи мүмкин.

Жуўмақ етип айтатуғын болсақ, мектеп директорының қызы тап сол мектепте оның орынбасары болып ислей алмайды.

🌐 Қарақалпақ LIVE ең оператив ҳәм исенимли жаңалықлар каналы!


Video oldindan ko‘rish uchun mavjud emas
Telegram'da ko‘rish
Гранд мед сервис клиникасына 25 26 январь кунлери Yusupov Shuxrat Babajonivich келиуин хабарлаймыз ✅

Истейтугын операция турлери ✨
.
Няк (неспецифический язвенный колит )
Колостаз
Впадение прямой кишки
Геморрой
Сложные свищи прямой кишки.
Трещина анального канала.
Ректоцеле.
Ректовагинальные свищи у женщин после родов


Гранд мед Сервис клиникасы ✅

Байланыс номерлер : 91 938 04 04
91 378 03 17

Реклама


‼️ Электрон сигареталар ҳәм вейплар қадаған етилмекте

Нызамшылық палатасында үшинши оқылыўында қабыл етилген нызам жойбарына көре, Өзбекстанда никотинди тутыныў үскенелери, сондай-ақ, электрон сигареталар ҳәм олар ушын суйықлықлардың мәмилеси (ислеп шығарыў, таярлаў, сақлаў, тасыў ямаса өткериў, Өзбекстан аймағына алып кириў, алып шығыў) қадаған етилмекте.

Буннан тысқары, айланбасы қадаған етилген шегилмейтуғын темеки өнимлери, никотинди тутыныў үскенелери, сондай-ақ электрон сигареталарды нызамға қайшы түрде мәмилеге киргизиў менен байланыслы ҳуқықбузарлықлар ушын жуўапкершилик белгиленип атыр. #

🌐 Қарақалпақ LIVE ең оператив ҳәм исенимли жаңалықлар каналы!


Video oldindan ko‘rish uchun mavjud emas
Telegram'da ko‘rish
📌Нөкис каласында Жаналык Травматолог Ортопед

Егерде сиздиң балаңызда сүйек хәм буўынларында аўырыўлар ҳәм өзгерислер гузетилип атырған болса Травматолог Ортапед шыпакерине корсетиуиңиз зәрүр.

✔️25-26 Январь күнлери GRAND MED SERVICE клиникасына 19 жыллық ис тажрийбесине Шыпакер Ергашев Тимур Бабакулович келиўин хабарлаймыз.

Клиникамызда дартиңизге шыпа табын 😉

Толық мағлыумат алыў ушын
📞 91 938 0404 91 378 0317
61 224 1117 61 224 1118

Реклама


Video oldindan ko‘rish uchun mavjud emas
Telegram'da ko‘rish
"️Тез жәрдем" машинасы әмелдар өтиўи ушын тоқтатып турылды

Самарқандта наўқас алып баратырған тез жәрдем машинасы Жол ҳәрекети қәўипсизлиги хызметкери тәрепинен тоқтатып турылғаны айтылмақта. Айырым хабарларға бола, бул ҳәдийсе қайсы бир лаўазымлы шахстың көп қабатлы турақ жайы жанында болғаны ушын жүз берген.

Бул жағдайды басқа мәмлекетлер мысалында салыстырсақ, оларда тез жәрдем машинасының ўазыйпасын түсинип, басқа машиналарды тоқтатып болса да, биринши усы хызмет машинасына жол ашылады.

Бирақ бизлерде көп мәрте гүўа болғанымыздай, тез жәрдем машиналары тығылыс жағдайларында бираз усланып қалады. Оны өткерип жибериў болса, қулақты қалтыратып сигнал бермей, ҳеш кимниң ойына да келмейди. Егер бизде де Жол ҳәрекети қәўипсизлиги хызмети хызметкерлери тез жәрдем машиналары жоқарыдағы жағдайларда тоқтатып турмастан, оның орнына жол ашып бериўи ушын белгилер арқалы жәрдемлессе, наўқаслардың саламатлығы ушын мақсетке муўапық болар еди.

Буннан тысқары, 2024-жыл сентябрь айында болып өткен Олий Мажлис Сенатының 57-жалпы мәжилисинде тез жәрдем хызметлеринде тастыйықлаўшы ҳүжжет талап етилмеўи, яғный буның ушын машинаны тоқтатып турмаўы да белгиленген.

🌐 Қарақалпақ LIVE ең оператив ҳәм исенимли жаңалықлар каналы!


📈 Өзбекстанда орташа айлық, мийнет, ҳақы ҳаққында мағлыўмат

2024-жылы Өзбекстан бойынша орташа айлық мийнет ҳақысы бес миллион үш жүз елиў жети мың еки жүз сумды қурады. Бул көрсеткиш алдынғы жылға салыстырғанда 16,6 процентке артқан.

Қарақалпақстан Республикасы бойынша:
Орташа айлық, мийнет ҳақысы төрт миллион үш жүз он жети мың үш жүз сумды қурап, бул өткен жылға (2023 ж) салыстырғанда 14,1 процентке өскен. Аймақлар кесиминде бул көрсеткиш орташа дәрежеде болса да, турақлы өсиў бақланбақта.

Өзбекстан бойынша ең жоқары орташа мийнет ҳақысы Ташкент қаласында бақланып, тоғыз миллион жетпис еки мың төрт жүз сумды қурады (21,4 процентке өсиў).

Экономикалық тараўлар кесиминде:
Банк, қамсызландырыў ҳәм лизинг тараўларында ең жоқары мийнет ҳақысы белгиленген болып, 2024-жылы он бес миллион еки жүз алпыс үш мың жети жүз сумға жетти.

🌐 Қарақалпақ LIVE ең оператив ҳәм исенимли жаңалықлар каналы!

19 ta oxirgi post ko‘rsatilgan.