Video oldindan ko‘rish uchun mavjud emas
Telegram'da ko‘rish
"️Тез жәрдем" машинасы әмелдар өтиўи ушын тоқтатып турылды
Самарқандта наўқас алып баратырған тез жәрдем машинасы Жол ҳәрекети қәўипсизлиги хызметкери тәрепинен тоқтатып турылғаны айтылмақта. Айырым хабарларға бола, бул ҳәдийсе қайсы бир лаўазымлы шахстың көп қабатлы турақ жайы жанында болғаны ушын жүз берген.
Бул жағдайды басқа мәмлекетлер мысалында салыстырсақ, оларда тез жәрдем машинасының ўазыйпасын түсинип, басқа машиналарды тоқтатып болса да, биринши усы хызмет машинасына жол ашылады.
Бирақ бизлерде көп мәрте гүўа болғанымыздай, тез жәрдем машиналары тығылыс жағдайларында бираз усланып қалады. Оны өткерип жибериў болса, қулақты қалтыратып сигнал бермей, ҳеш кимниң ойына да келмейди. Егер бизде де Жол ҳәрекети қәўипсизлиги хызмети хызметкерлери тез жәрдем машиналары жоқарыдағы жағдайларда тоқтатып турмастан, оның орнына жол ашып бериўи ушын белгилер арқалы жәрдемлессе, наўқаслардың саламатлығы ушын мақсетке муўапық болар еди.
Буннан тысқары, 2024-жыл сентябрь айында болып өткен Олий Мажлис Сенатының 57-жалпы мәжилисинде тез жәрдем хызметлеринде тастыйықлаўшы ҳүжжет талап етилмеўи, яғный буның ушын машинаны тоқтатып турмаўы да белгиленген.
🌐 Қарақалпақ LIVE — ең оператив ҳәм исенимли жаңалықлар каналы!