📈 Өзбекстанда орташа айлық, мийнет, ҳақы ҳаққында мағлыўмат
2024-жылы Өзбекстан бойынша орташа айлық мийнет ҳақысы бес миллион үш жүз елиў жети мың еки жүз сумды қурады. Бул көрсеткиш алдынғы жылға салыстырғанда 16,6 процентке артқан.
Қарақалпақстан Республикасы бойынша:
Орташа айлық, мийнет ҳақысы төрт миллион үш жүз он жети мың үш жүз сумды қурап, бул өткен жылға (2023 ж) салыстырғанда 14,1 процентке өскен. Аймақлар кесиминде бул көрсеткиш орташа дәрежеде болса да, турақлы өсиў бақланбақта.
Өзбекстан бойынша ең жоқары орташа мийнет ҳақысы Ташкент қаласында бақланып, тоғыз миллион жетпис еки мың төрт жүз сумды қурады (21,4 процентке өсиў).
Экономикалық тараўлар кесиминде:
Банк, қамсызландырыў ҳәм лизинг тараўларында ең жоқары мийнет ҳақысы белгиленген болып, 2024-жылы он бес миллион еки жүз алпыс үш мың жети жүз сумға жетти.
🌐 Қарақалпақ LIVE — ең оператив ҳәм исенимли жаңалықлар каналы!