💰8-март күни мүнәсибети менен еркек хызметкерлерге де “премиальный” бериўге бола ма?
✅ Аўа, әлбетте мүмкин. Бул кәрхананың ишки локал ҳүжжетлерине байланыслы.
📑 Себеби, МК 67-статьясына муўапық, жәмәәтлик шәртнаманың мазмунын ҳәм дүзилиўин оның тәреплери белгилейди.
💸Мысалы, кәрхананың жәмәәтлик шәртнамасында жумыс бериўши тәрепинен белгиленген тәртипте тастыйықланған сметаларға муўапық хызметкерлерге Мийнет кодексиниң 208-статьясында нәзерде тутылған байрамлар мүнәсибети менен сыйлықлаў қолланылады деп жазылған болса, 9 байрам (исленбейтуғын) күнлер (оның қатарында 8-март күни де бар) мүнәсибети менен барлық хызметкерлер ушын (жынысына қарамастан) сыйлықлаў қолланылады.
❗️Егер жумыс бериўши бул миннетлемелерди орынламаса, Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 49-статьясы бойынша жуўапкершиликке тартыўға себеп болады.
☝️Гәптиң қысқасын айтқанда, егер кәрхананың ишки локал ҳүжжетлеринде Мийнет кодексиниң 208-статьясында нәзерде тутылған байрамлар мүнәсибети менен сыйлықлаў (пермиальный) қолланылады деп жазылған болса, еркек хызметкерлер ушын да 8-март байрамы мүнәсибети менен “пермиальный” берилиўи керек.
✅ Демек, еркеклерге бул “премиальный”ды бериў ушын нызамлы тийкар да, себеп те бар.
💰Себеби усы күн мүнәсибети менен еркеклерге өзлериниң апаларын, аналарын, әжапа-қарындасларын, қызларын, ағайин ҳәм кәсиплес ҳаял-қызларды қутлықлаўы ушын қәрежет керек.
💵 Сонлықтан, жумыс бериўшилерден еркек хызметкерлерине усы “премиальный”ды бериўин сораймыз!
👉 @Karakalpak24