❗️Оқытыўшыларды нәўбетшиликке қойыў қадаған етиледи
🔔 Халық билимлендириў министриниң 2021-жыл, 1-июльдағы 206-санлы буйрығында белгиленген оқытыўшының лаўазым миннетлемелери ишинде нәўбетшилик етиў бойынша миннетлеме жоқ.
🙅♂ Солай екен, бул жағдайда жумыс бериўши хызметкерге бул миннетлемени жүклеўи ҳуқықый тәрептен тийкарға ийе емес.
📑 Мийнет кодексиниң 177-статьясында жумыс бериўшиниң миннетлери белгиленген. Олар арасында жумыс бериўши хызметкерден оның мийнет ўазыйпалары шеңберине кирмейтуғын жумысларды орынлаўын, нызамға қайшы ямаса хызметкер ҳәм басқа шахслардың өмири ҳәм денсаўлығы ушын қәўип туўдыратуғын, олардың абыройын ҳәм қәдир-қымбатын кемситиўши ҳәрекетлер ислеўди талап етиўге ҳақылы емеслиги де белгиленген.
❌ Яғный, жумыс бериўши оқытыўшыларға олардың мийнет ўазыйпасынан басқа жумысты буйырыўы нызам тәрептен қадаған етиледи.
💰 Бундай жағдайларда жумыс бериўшиге Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 49-статьясы менен (лаўазымлы шахс тәрепинен мийнет ҳәм мийнетти қорғаў ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерин бузыў) базалық есаплаў муғдарының 5 есесинен 10 есесине шекем муғдарда жәрийма салыўға себеп болады.
👉 @Karakalpak24