Сенат салық ҳәм бюджет сиясатының 2025-жылға мөлшерленген тийкарғы бағдарларына байланыслы нызамды мақуллады
Сенаттың екинши жалпы мәжилисинде "Салық ҳәм бюджет сиясатының 2025-жылға мөлшерленген тийкарғы бағдарлары қабыл етилгенлиги мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине қосымшалар ҳәм өзгерислер киргизиў ҳаққында"ғы нызам додаланды.
Нызам менен 2025-жылға мөлшерленген салық-бюджет сиясатының тийкарғы бағдарларын белгилеў, соның ишинде, әмелдеги нызамшылықты Жәҳән саўда шөлкеминиң келисимлерине муўапықластырыў, Президентимиздиң исбилерменлер менен ашық сөйлесиўи шеңберинде бизнес жүргизиўди жеңиллестириў бойынша белгилеп берилген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде айырым нызам ҳүжжетлерине қосымшалар ҳәм өзгерислер киргизилмекте.
📌2025-жыл ушын белгиленген салық сиясатында тийкарғы салық ставкалары
-қосымша қун салығы 12 процент;
-пайда салығының базалық ставкасы 15 процент;
-физикалық шахслардан алынатуғын дәрамат салығы 12 процент;
-юридикалық шахслардың мүлкине салынатуғын салық ставкасы 1,5 процент;
-аўыл хожалығына мөлшерленген жерлер ушын жер салығы 0,95 процент;
-аўыл хожалығы жерлерин суўғарыў ҳәм балық жетистириў (өсириў) ушын суў ресурсларынан пайдаланғаны ушын салық 1 куб метрге 100 сум;
-социаллық салық 12 процент (бюджет шөлкемлери - 25 процент) ;
-айланыстан алынатуғын салық 4 процент муғдарында өзгериссиз қалдырылмақта.
Нызамның қабыл етилиўи нәтийжесинде исбилерменлик субектлерине қолайлы шараятларды жаратыў имканиятын беретуғын салық миннетлемелерин орынлаў бойынша тийисли ҳуқықый қатнасықлардың тәртипке салыныўы тәмийинленеди.
📌2025-жыл 1-январьдан баслап исбилерменлер ушын салық жүгин азайтыў арқалы қолайлы бизнес орталығын жаратыў мақсетинде мобил байланыс хызметлери ушын акциз салығы бийкар етиледи ҳәм барлық баспа ҳәм полиграфия кәрханалары 2025-жыл 1-январьдан 2029-жыл 1-январьға шекем пайда салығынан азат етиледи.
👉 @Karakalpak24