Мираддин Мириад • Miraddin Miriad dan repost
#Qaraqalpaq_tilinde
🔰 Юридикалық терминология [2-бөлим]
🔗 1-бөлим: https://t.me/miraddinmiriad/608
🔹Алиби
Айыпланыўшының жынаят ислеў ўақтында басқа жерде болыўына байланыслы жынаят ислеў имканиятының жоқлығы.
🔹Адвокат
Пуқаралар ҳәм шөлкемлерге юридикалық жәрдем көрсетиў, соның ишинде, судта олардың мәплерин қорғаў ўазыйпасы жүкленген юрист.
🔹Салық
Пуқаралар ҳәм юридикалық шахслардан өндирилетуғын белгиленген мәжбүрий төлем. Халық ҳәм кәрханалардан алынатуғын мәмлекетлик жыйым.
🔹Мийрас қағаз
Биреўдиң қайтыс болғаннан кейин мүлкине бийлик етиў туўралы нусқаў*лары бар рәсмий ҳүжжет.
🔹Гауптвахта
Әскерий хызметкерди қамақта сақлаў орны.
🔹Геноцид
Миллетти жоқ етиўге қаратылған ҳәрекетлер.
🔹Нотариус
Ҳәр түрли юридикалық актлерди рәсмийлестириўши лаўазымлы адам [питимлерди тастыйықлаўшы, қоллар (имзалар)ды раслаўшы (дурыслаўшы)].
🔹Вандализм
Имаратларды, қойымшылықларды ямаса басқа да қурылысларды ипласлаў (қорлаў), мүлкти бүлдириў.
🔹Талапкер (даўагер)
Талап (даўа) қойыўшы адам яки уйым.
🔹Прецедент
Уқсас ислерди шешиўде үлги болатуғын суд (сот*) шешими.
🔹Патент
Ойлап табыўға болған айрықша ҳуқықты тастыйықлаўшы гүўалық.
🔹Арест
Мәжбүрий услап турыў ҳәм қамақта сақлаў.
🔹Санкция
Ҳуқықый норманың усы норманы бузыўшыға байланыслы мәмлекетлик тәсир шаралары ҳаққындағы көрсетпелерди өз ишине алған бөлеги.
🔹Өлим жазасы
Ең жоқарғы жаза шарасы.
🔹Эвтаназия
Наўқастың тез өлим ҳаққындағы талабын қанаатландырыў.
🔹Фикция
Ҳақыйқатқа сәйкес келмейтуғын ҳәм әдетте қандай да бир анық мақсет пенен пайдаланылатуғын, қастан дөретилген, ойлап табылған жағдай, дүзилис. Мысалы, фиктив неке.
🔹Юридикалық фикция
Факттиң ҳақыйқатына қарама-қарсы болса да, оны болжаўдан ибарат юридикалық усыл. Бул усылдың мәниси, белгили бир жоқ факт бар деп есапланады ямаса керисинше. Бирақ, фикцияны бийкарлаў мүмкин болмаған презумпциядан (praesumptio iuris et de iure) парықлаў керек. Мәселен, нызамды билиў презумпциясы фикция емес, ал бийкарланбайтуғын презумпция болып есапланады, себеби ол истиң ҳақыйқый жағдайына сәйкес келиўи де, келмеўи де мүмкин; бийкарланбайтуғын презумпциядан айырмашылығы, фикция барлық ўақытта жалған болады.
🔹Пуқаралық
Адамның мәмлекет пенен турақлы ҳуқықый байланысы.
🔹Тоталитар(лық)
Сиясий режимниң халық үстинен ҳәр тәреплеме қадағалаўға ийе болыўы ҳәм зорлық ямаса қәўип-қәтерди системалы қолланыўға сүйениўи менен сыпатланатуғын түри. Диктаторлық ҳәкимият ҳәм адамлардың минез-қулқы ҳәм пикирлеўин толық қадағалаўда өз көринисин тапқан режим.
🔹Ажырасыў (синоним: талақ хат бериў, ашым-айрық болыў, айырылысыў, русс тилинде; развод)
Ерли-зайыплылардың ҳуқық ҳәм миннетлемелерин тоқтатыўшы юридикалық акт.
🔹Демократия
Халықтың ҳәкимият дереги ретинде тән алыныўына тийкарланган жәмийеттиң мәмлекетлик сиясий дүзилиси формасы.
🔹Неке
Еркек пенен ҳаялдың нызамға муўапық дүзилген еркин ҳәм тең ҳуқықлы аўқамы.
🔹Конфискация
Судтың шешими менен мүликти ҳақысыз (төлеўсиз) алып қойыў.
🔹Импичмент
Нызамшылық актлеринде белгиленген талапларға муўапық (жоқарғы) лаўазымлы адамды лаўазымынан босатыў тәртиби. Импичмент - муниципаллық ямаса мәмлекетлик атқарыўшы адамларды, лаўазымлы адамларды, соның ишинде мәмлекет басшысын, кейин ала оларды лаўазымынан шетлетип жибериўши суд айыплаўы, соның ишинде, жынайый айыплаў процедурасы (рәсим*и). Импичмент процессинде айыплаў әдетте адамды нызамға қайшы түрде исленген ҳәрекетлерде, яғный лаўазым ўәкиллигинен пайдаланыўына қарамастан, саналы исленген ҳуқық бузыўшылықта айыплайды.
#юриспруденция #термин #termin
〰️〰️〰️〰️〰️〰️〰️〰️〰️〰️〰️〰️〰️〰️
Мираддин Мириад
@miraddinmiriad