🔰 Юридикалық терминология [1-бөлим]
🔹Ҳуқықый тәртип — ҳуқыққа тийкарланған ҳәм нызам (заң)лар менен тәртипке салынатуғын жәмийетлик қатнасықлар системасы болып, онда жәмийетлик қәўипсизлик ҳәм әдиллик белгиленген нормаларға әмел етилиўи менен тәминленеди.
🔹Нызамшылық — барлық пуқаралар, мәмлекетлик уйымлар ҳәм лаўазымлы шахслар нызамларға қатаң әмел етиўи шәрт екенлиги ҳаққындағы принцип. Бул ҳуқық үстемлиги пуқаралардың ҳуқық ҳәм еркинликлерин қорғаўды кепиллейтуғын ҳуқықый мәмлекеттиң тийкары.
🔹Ҳуқықты сақлаў уйымлары — ҳуқықый тәртипти сақлаў, пуқаралардың ҳуқықларын қорғаў ҳәм ҳуқық бузыўшылықларға қарсы гүресиўге жуўапкер мәмлекетлик структуралар. Оған полиция, прокуратура, судлар ҳәм басқа да структуралар киритиледи.
🔹Ҳуқықты қорғаў шөлкемлери — адам ҳуқықларын қорғаў ҳәм бул ҳуқықлардың бузылыўының алдын алыў ушын мәмлекетлик уйымлардың ҳәрекетлерин мониторинг етиў менен шуғылланатуғын жәмийетлик ямаса халықаралық шөлкемлер.
🔹Юридикалық жуўапкершилик — адамның ислеген ҳуқық бузыўшылық ақыбетлери ушын жуўапкер болыў миннетлемеси. Ол ҳуқық бузыўшылықтың өзгешелиги ҳәм аўырлығына қарап жинаятлы, ҳәкимшилик, пуқаралық ямаса дисциплинарлық (интизамый) болыўы мүмкин.
🔹Ҳәкимшилик ҳуқық бузыўшылық — жинаятлы айыпқа қарағанда жеңиллеў болып, оның ушын штраф ямаса қамақ сыяқлы ҳәкимшилик жаза шаралары нәзерде тутылған ҳуқық бузыўшылық.
🔹Ҳуқықый мәмлекет — ҳуқық үстемлиги тийкарғы принцип болған, барлық ҳәкимият уйымларының жумысы низамларға бағынатуғын ҳәм пуқаралардың ҳуқық ҳәм еркинликлерин қорғайтуғын мәмлекет концепциясы.
🔹Пуқаралық жәмийет — пуқаралар өз ҳуқықларын әмелге асырыўы, жәмийетлик турмыста қатнасыўы ҳәм мәмлекетлик сиясатқа тәсир көрсетиўи ушын мәмлекеттен гәрезсиз жәмийетлик институтлар ҳәм бирлеспелер (мәмлекетлк емес коммерциялық емес шөлкемлер, кәсиплик аўқамлары, ҳуқықты қорғаўшы шөлкемлер) жыйындысы.
🔹Ҳуқықый нигилизм — ҳуқық, нызамлар ҳәм ҳуқықый нормаларға унамсыз мүнәсибет, ҳуқықый институтларға исенбеў ҳәм оларға әмел етиўден бас тартыўда көринеди. Бул қубылыс ҳуқықый мәмлекет турақлылығы ушын қәўипли болып есапланады.
🔹Айпсызлық презумпциясы — жинаят ҳуқықының принципи болып, оған муўапық адам өзиниң айыбы судта дәлилленбегенше айыпсыз деп есапланады. Бул принцип айыпланыўшылардың ҳуқықларын қорғайды ҳәм әдил судлаўдың тийкары болып есапланады.
🔹Ювеналлық юстиция — ер жетпегенлер ҳуқық бузыўшығына байланыслы ислер менен шуғылланатуғын әдил судлаў системасы. Ол тек ғана жазалаўға емес, ал ер жетпегенлерди реабилитациялаў ҳәм тәрбиялаўға да қаратылған.
🔹Дискриминация — адам ҳуқықлары менен еркинликлерин ҳәр түрли белгилер (раса, жыныс, дин ҳәм т.б.) тийкарында кемситиў, бул теңлик ҳәм әдиллик принципин бузады. Ҳуқықты қорғаўшы шөлкемлер көбинесе кемситиўдиң алдын алыў ҳәм сапластырыў бойынша жумыс алып барады.
🔹Реабилитация — наҳақтан репрессияга ушыраған, қамаққа алынған яки судланған адамның ҳуқықлары менен жақсы атын тиклеў. Суд системасындағы қәтелерди дүзетиўди тәминлейтуғын әҳмийетли ҳуқықый механизм.
🔹Суд прецеденты — судтың анық ис бойынша шешими болып, ол кейин ала усындай жумысларды шешиў ушын үлги ретинде пайдаланылады. Прецедентлик ҳуқық, әсиресе, англосаксон ҳуқық системасында кең тарқалған.
🔹Тартысларды альтернативалық ретлестириў (Alternative Dispute Resolution) — медиация, арбитраж ҳәм сөйлесиўлер сыяқлы судлық исти қараўдан басқа тартысларды шешиў усыллары. Бул усыллар судлардың жүгин азайтыўға ҳәм тартысларды тезирек шешиўге жәрдем береди.
🔹Суд қадағалаўы — судлардың мәмлекетлик уйымлар шешимлериниң нызамлылығын ҳәм тийкарлылығын тексериўге қаратылған функциясы. Суд қадағалаўы пуқаралардың ҳуқықларын қорғайды ҳәм ҳәкимияттан надурыс пайдаланыўды шеклейди.