19-мартқа шекем магнит боранлары болады
Магнит боранының унамсыз тәсириниң ең кең тарқалған көринислери:
• мий айланыўы ҳәм бас аўырыўы;
• уйқының бузылыўы;
• дыққатты жәмлеў менен байланыслы жағдайлар;
• қан басымының өзгериўи;
• созылмалы кеселликлердиң кушейиўи;
• аўырыўлар, соның менен бирге, сүйеклердеги аўырыў;
• иштейдиң төменлеўи ҳәм кеўил айныўы;
• ҳәлсизлик.
Бундай күнлерде организмге жәрдем бериў ушын күнине кеминде 7-8 саат уйықлаў мәсләҳәт берилген. Аўқат рационынан майлы ҳәм ашшы аўқатларды алып таслап, күнине кеминде 2 литр суў ишиў усыныс етиледи. Кофе, спиртли ишимликлерден ўаз кешип, өсимликлерден таярланған шай ишиў керек.
Соның менен бирге, контрастлы душ, азанғы шынығыўлар, таза ҳаўада жүриў, жуўырыў магнит бораны фонында саламатлықты жақсылаўға үлес қосады.
📍Информация бағдары @KarPressa