🌍 Қарақалпақстанда биринши мәрте Арал мәденият саммити өткериледи
🗓 2025-жыл 4-6-апрель күнлери Нөкис қаласында биринши Арал мәденият саммити болып өтеди. Бул илаж Қарақалпақстанның экологиялық, жәмийетлик ҳәм мәдений раўажланыўына үлес қосыў мақсетинде шөлкемлестирилмекте.
🔹 Ҳәр 18 айда бир мәрте өткерилетуғын бул саммитте жергиликли ҳәм халықаралық белсендилер, сүўретшилер, илимпазлар қатнасыўы күтилмекте. Олар Аралбойы аймағының келешеги ушын жақсы өзгерислер усынады.
🎨 Көркем өнер, мәденият, дизайн ҳәм илим – саммиттиң тийкарғы бағдарлары есапланады. Илаж шеңберинде аймақ ушын әҳмийетли болған экологиялық ҳәм жәмийетлик мәселелер додаланып, оларға шешим табыў мақсет етилген.
🔍 Өзбекстан мәденият ҳәм көркем өнерди раўажландырыў қоры басламасы менен шөлкемлестирилип атырған бул саммит ҳаққында Қытайдың "Синьхуа" хабар агентлиги де мағлыўмат тарқатты.
📍Информация бағдары @KarPressa