❗️Жолларда абайлы болың: Ҳаўаның инжиқлығы айдаўшылардан сергекликти талап етеди
Ҳәзирги ўақытта республикамыз бойлап ҳаўа-райы кескин өзгерип, қар жаўыўы ҳәм музлаўлар бақланбақта. Бундай жағдайда жол ҳәрекети қатнасыўшылары, әсиресе, айдаўшылар сергек болыўы, тезликти асырмаўы ҳәм жол ҳәрекети қағыйдаларына қатаң әмел етиўи талап етиледи.
Қарақалпақстан Республикасы Транспорт министрлиги мәлимлеме хызметиниң мағлыўматына бола, усы қолайсыз ҳаўа-райы шараятында жолаўшылардың қәўипсизлигин тәмийинлеў ҳәм жол-транспорт ҳәдийселериниң алдын алыў мақсетинде транспорт басқарыўшылары төмендеги усынысларға әмел етиўи керек:
✅ Тезликти асырмаў – музлаған жоллар тормоз жолын сезилерли дәрежеде узайтады.
✅ Аралықты сақлаў – алдыңыздағы транспорт қуралы менен қәўипсиз аралықты сақлаң.
✅ Сигнал ҳәм фарлардан пайдаланыў – басқа айдаўшыларға өз ҳәрекетлериңизди алдыннан билдириўиңиз зәрүр.
✅ Жолаўшылардың қәўипсизлигин тәмийинлеў – оларға қолайлы ҳәм қәўипсиз жағдай жаратыў тийкарғы ўазыйпа болыўы керек.
Умытпаң, жолларда ҳәр бир айдаўшының сергеклиги тек ғана оның өзиниң емес, ал жолаўшылар ҳәм басқа да ҳәрекет қатнасыўшыларының өмирин сақлаўға хызмет етеди.
📢 Айдаўшыларға мүрәжат: Ҳәрекет қәўипсизлигине қатаң әмел етиң ҳәм жолларда сергек болың!
📍Информация бағдары @KarPressa