Өзбекстан ҳәм Түркменстан арасында еркин саўда режими енгизилди
Өзбекстан ҳәм Түркменстан арасында 2025-жыл 25-февральдан еркин саўда режими енгизилди.
2024-жылы еки мәмлекет арасындағы саўда айланысы 1,14 миллиард долларды қурап, алдынғы жылға салыстырғанда 5,5 процентке артқан.
Режимниң енгизилиўи нәтийжесинде, айырым түрдеги өнимлерден тысқары, еки мәмлекетте ислеп шығарылған товарларға бажыхана бажылары бийкар етилип, өз-ара товарлар саўдасындағы бар шеклеўлер сапластырылды ҳәм саўда тәртип-қағыйдалары әпиўайыластырылды.
Мәселен, Түркменстанға алып кирилип атырған жергиликли цемент өнимлери (бажыхана төлеми 100%), тоқымашылық гезлемелери (50%), мебель (50%), шийше ыдыслар (50%), суў ысытыў қазанлары (15%), пластик ҳәм полипропилен өнимлер (10%), колбаса ҳәм гөш өнимлери (1 кг ушын 2 доллар), пахта майы (1 кг ушын 1 доллар) бойынша бажыхана төлемлери бийкар етилди.
Бажысыз саўда режиминиң қолланылыўы келешекте еки мәмлекет арасында инвестиция тараўындағы бирге ислесиўди кеңейтиў ҳәм санаат кооперацияларын раўажландырыў арқалы өз-ара саўда айланысының көлемин арттырыўға тийкар жаратады.
👉 @Karlive24 — Информациялық канал