Бала ҳәдден тыс шоқ болса, не қылыў керек?Балалардың ҳәдден тыс шоқ, гиперактив болыўы бул кеселлик емес, ал минез-қулық қәсийети
есапланады. Себеби балалар жаслығында жүдә қызығыўшаң, ҳәрекетшең ҳәм белсенди болады.
️Бундай ўақытта ата-аналар, тәрбияшылар ҳәм оқытыўшылар олардың тәрбиясына дурыс қатнас жасаўы керек. Бундай балалар бир ўақыттың өзинде түрли шынығыўларды орынлайды: Топ ойнайды, орынлап атырған жумысыңызға кесент етеди, арман-берман жуўырады, бирақ ҳешқашан бир орында ҳәрекетсиз турмайды.
️Олар тәлим процесине кесент бермейди. Тек ғана аудитория орталығына тәсир өткериўи мүмкин.
✔️ Аса ҳәрекетшеңликти халық медицинасы менен емлеп болмайды. Бундай ўақытта ҳәрбир баланың индивидуал өзгешелигинен келип шығып, психолог мәсләҳәтлери тийкарында түрли илажлар қолланыў
мүмкин.
👉
@Karlive24 —
Информациялық канал