Қарақалпақстанлы қыйтақ жер ийеси Президентимиз тәрепинен сыйлықланды
Бүгин Президентимиз басшылығында қыйтақ жерде ҳәм ижараға берилген дийқаншылық жерлеринде дәраматлы егинлер жетистириўдиң жаңа системасы бойынша мәжилис өткерилди.
Мәжилисте мәмлекетимиз басшысы аймақлардағы уста дийқанлар ҳәм қыйтақ жер ийелери менен сөйлести. Онда қыйтақ жериндеги ыссыханада жылына 4 мәрте өним жетистирип, жоқары дәрамат алып атырған Қарақалпақстан Республикасы Қараөзек районы турғыны Генжемурат Турдимуратов "Дўстлик" ордени менен сыйлықланды.
👉 @Karlive24 — Информациялық канал