1-март - Өзбекстан халық шайыры - Зульфия Исроилованың туўылған күни. Шығыс ҳаял-қызларының ақыл-ойын, гөззалығын өз қәлеми арқалы дүньяға танытқан, инсаныйлық, меҳир-муҳаббат, Ўатан туйғысын жырлаған сүйикли шайырымыз туўылғанына 110 жыл толды.