ДЕПУТАТ ҚУТЛЫҚЛАЎЫ
Мине 2024-жыл да өз жуўмағына жетиў алдында. Санаўлы саатлардан соң жаңа 2025-жылды күтип аламыз.
Ҳǝр бир инсан жаңа жылды қарсы алар екен, өтип баратырған жыл даўамында режелестирген мақсетиме қаншелли дǝрежеде жетисе алдым деген сораўлар дөгерегинде өз-өзине есап берип, жыл даўамында жǝмийеттиң алға илгерилеўине аз да болса үлес қоса алғанын ҳǝм шаңарағында, жеке өмиринде унамлы өзгерислерди көре алса, демек жылдың табыслы өткенин шын кеўли менен аңлай алады.
Бул өз нǝўбетинде ҳǝр бир инсанның өтип баратырған өмириниң ҳǝр бир мәўритинен үнемли пайдаланыўға ийтермелесе, екинши тǝрептен келеси жыл ушын да үлкен талпыныс пайда етеди, жоқары дǝрежедеги мақсетлерге қарай умтылыўына айрықша тийкар болады.
Пурсаттан пайдаланған ҳалда, пүткил халқымызды кирип киятырған жаңа жыл менен шын жүректен қутлықлайман.
Жаңа 2025-жыл гүллан халқымыз ушын ҳǝр жылдағыдан да өзгеше, жақсы жаңалықларға ҳǝм жоқары табысларға бай жыл болыўын, шаңарақларға аманлық, беккем денсаўлық, тасқын табыслар тилеймен.
Руслан Джумамуратов
Олий Мажлис
Нызамшылық палатасы
депутаты