❓Студент мектепте сабақ бериўи мүмкин бе?
✅ Министрлер Кабинетиниң 275-санлы қарарына муўапық, ЖООның педагогика бағдарында күндизги, кешки ҳәм сыртқы бөлимлериниң 3-курсында оқып атырған студентлер оқытыўшылық (педагогикалық искерлик) пенен шуғылланыўы мүмкин.
💰Бунда олардың айлығы орта арнаўлы, кәсиплик мағлыўматқа ийе болған тийисли лаўазымдағы хызметкердиң базалық тариф ставкасы сыяқлы муғдарда болады.
☝️Демек, тек педагогика бағдарында оқып атырған студентлер мектепте сабақ бере алады. Бирақ, олар орта арнаўлы дипломлы қәниге менен бирдей айлық алады.
🔰Сабақлар саны бойынша анық 10 ямаса 15 саат берилиўи керек деген гәп жоқ. Сабақты бөлистириў мына силтемеде көрсетилген гезек бойынша әмелге асырылады.
❗️Бирақ, бунда бир нәрсени итибарға алыў керек болады. Сыртқы ямаса кешки бөлимде оқыса, бундай студентлер 3-курсынан баслап толық ставкада (20 саатлық сабақ алып) ислейбереди.
⚠️Ал егер күндизги формада оқып атырған болса, бундай студент ярым ставкада ислеўине болады. Себеби оның жумыс ўақты ЖООдағы оқыўынан кейин басланады.
♻️ Бунда және бир нәрсени итибарға алыў керек, студентлер басқа жерде жумыс ислеп атырған болмаса, жумысқа тийкарғы жумыс орны етип қабылланады, екинши жумыс орны (совместитель) сыпатында емес.
🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.
👉 @XALIQ_USHIN - халықтың ҳуқықый саўаты ушын!