⚡️Ҳәр қандай адамның разылығын алмастан фото ямаса видеоға түсириў қадаған етилмекте ️
📃Инсанлардың сүўретке болған ҳуқықын беккемлеў мақсетинде Әдиллик министрлиги тәрепинен тийисли
нызам жойбары ислеп шығылды ҳәм халықтың пикирин үйрениў мақсетинде жәмиетлик
додалаўға жайластырылды.️❗️Жойбарға бола, енди, улыўма қағыйда сыпатында, ҳәр қандай адамның
фото ямаса видеоға түсириў ямаса усы сүўреттен пайдаланыў ушын
оның разылығы талап етиледи.
✅ Соның менен бирге, жойбарда
төмендегилер белгиленбекте:
✔️16 жастан баслап өспиримлер оларды сүўретке түсириў, сүўреттен пайдаланыўға өз бетинше разылық бере алады;
️
✔️жәмийетлик орынларда ҳәм
ғалабалық илажларда сүўретке түсириў ушын рухсат талап етилмейди;
✔️
мәмлекетлик хизметкерлерди хизмет ўазыйпасында шеклеўсиз сүўретке түсириў ҳәм сүўреттен пайдаланыў мүмкин;
️
✔️
нызамбузыўшылық ҳәрекетлерди сүўретке түсириў ушын
разылық шәрт емес;✔️
видеобақлаў системалары ҳаққында
ескертиўши белгилер орнатылыўы шәрт;
✔️адамлардың бираз ямаса толық кийимсиз болыўын талап ететуғын орынларда (медицина бөлмеси, монша, кийим алмастырыў бөлмелери ҳәм басқа)
видеобақлаўды әмелге асырыў қадаған етиледи.
️☝️Егер сүўреттен разылық берилген мақсеттен басқа мақсетте ямаса инсан намысы ҳәм қәдир-қымбатын кемситетуғын тәризде пайдаланылса,
разылық шақырып алыныўы мүмкин.
🔎Жойбардың толық тексти:
силтеме📌Нызам еле қабыл етилмеди, күшке киргенде каналымызда толық мағлыўмат беремиз.
🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.👉 @XALIQ_USHIN - халықтың ҳуқықый саўаты ушын!