❓Пенсионер сырт елге шығып кетсе пенсиясы тоқтатыла ма?
🚫«Мәмлекетлик пенсияларды тайынлаў ҳәм төлеў тәртиби ҳаққындағы реже»ге муўапық, пенсионер сырт елге шығып 3 айдан артық ўақыт даўамында Өзбекстанға қайтып келмегенде пенсияны төлеў ўақытша тоқтатып турылады.
☝️Бунда ўақытша тоқтатылған пенсияны төлеў пенсионер Өзбекстанға қайтып келгеннен соң қайта тикленеди.
📝Пенсияны тиклеў ушын пенсионер ямаса оның нызамлы ўәкили Пенсия қоры бөлимине шахсын тастыйықлаўшы ҳүжжетти менен арза бериўи керек.
⏳Пенсионер алынбай қалған пенсия пулларының арза берген ўақыттан алдынғы 24 айлығын алыў ҳуқықына ийе.
🚷Пенсионер сырт елде болып Өзбекстан Республикасына келиў имканиятына ийе болмаған жағдайларда пенсионер Өзбекстан Республикасының сырт елдеги дипломатиялық ўәкилханасы ямаса консуллық мәкемесине пенсия төлемин тиклеў бойынша мүрәжат етиўи ҳәм сырт мәмлекет аймағында турақлы жасап атырған жоқлығын, сондай-ақ, пенсия ямаса социаллық напақа алмайтуғынын тастыйықлаўы керек.
🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.
👉 @XALIQ_USHIN - халықтың ҳуқықый саўаты ушын!