⚡️44 мыңнан зыят сабаққа келмеген оқыўшылардың ата-аналарына жәрийма салынған
💰Өзбекстанда балалары сабақ қалдырғаны ушын 44 мың 450 ата-ана жәриймаға тартылған және 175 мың ата-анаға ескертиў берилген.
✅ Миллий гвардия хызметкерлери балалардың сабақ қалдырғаны ушын ата-аналарды ғәрезсиз түрде жәриймаға тартыў ўәкиллигине ийе болды.
❗️Бул болса ендигиден былай оқыўшылардың сабаққа қатнасын қадағалаў және де күшейеди.
⚠️ Бунда сабақ қалдырған оқыўшының ата-анасына төмендеги муғдарда жәрийма салыныўы мүмкин:
▫️биринши рет сабақ қалдырыў 375 мың сумнан 1,8 млн сумға шекем;
▫️бир жыл ишинде қайталанса, 3,7 млн сумға шекем жәрийма қолланылады.
☝️Итибар бериң, егер бала кеширимли себеплерге (баланың наўқасланыўы ҳ.т.б.) көре сабаққа қатнаса алмаса ата-анаға жәрийма қолланылмайды. Бирақ, сол кеширимли себепти тастыйықлаўшы ҳүжжетти мектепке апарып бериў керек болады.
🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.
👉 @XALIQ_USHIN - халықтың ҳуқықый саўаты ушын!