❗️Жас шаңарақтың турақ жай ижарасы мәмлекет тәрепинен төлеп бериледи
✅ «Жаслар дәптери»не киргизилген социаллық қорғаўға мүтәж жас шаңарақларға турақ жайдың ижарасы төлемин қаплаў ушын мәмлекет тәрепинен субсидия ажыратылады.
⏳ Субсидия 12 ай даўамында төленеди.
💰 Субсидияның ҳәр айлық муғдары БЕМның 3 есесин (1125000 сум) қурайды.
🔰 Субсидия бериў ушын шаңараққа төмендеги талаплар қойылған:
1) Ерли зайыплының екеўи де 31 жасқа толмаған болыўы;
2) Екеўиниң де атында турақ болмаўы;
3) Алдын мәмлекетлик бағдарламалар шеңберинде жеңилликли ипотека кредитлери арқалы турақ жай менен тәмийинленген болмаўы;
4) Ипотека кредитлери бойынша субсидиялар ямаса турақ жай менен тәмийинлеўге байланыслы жеңилликлерден пайдаланбаған болыўы;
5) Екеўинен биреў «Жаслар дәптери»не киргизилген болыўы.
📄 Арза бериўши субсидия алыў ушын Қәўендерлик кеңесине (баслығы - ҳәким, хаткери - жаслар ислери агентлигиниң район (қала) бөлими баслығы) төмендеги ҳүжжетлерди тапсырыўы керек:
➖турақ жай ижарасы шәртнамасы нусқасы. Бул шәртнамада ижараға бериўшиниң аты ҳәм фамилиясы, ФШЖИН, банк картасының реквизитлери, ижара мүддети, ижараның бир айлық төлеми муғдары көрсетилген болыўы керек.
➖ижара шәртнамасының салық уйымында есапқа қойылғанлығы ҳаққындағы билдирги.
🔰 Арза Қәўендерлик кеңеси тәрепинен тийисли мәкандағы жаслар жетекшиси менен биргеликте үйренилип, субсидияны ажыратыў ямаса ажыратпаў ҳаққында қарар қабыл етеди. Субсидия ажыратылмағанда оның себеплери анық көрсетилиўи керек.
🟢Субсидия бериў ҳаққында қарар қабыл етилсе, ижара төлеми ҳәр айдың 5-сәнесине шекем ижараға бериўшиниң (турақ жай ийесиниң) банк картасына өткерип бериледи.
❗️Субсидия бериў дәўиринде жаслар жетекшиси субсидия алып атырған пуқараның сол турақ жайда жасап атырғанлығын ҳәр айда кеминде бир мәрте тексерип турады. Егер пуқара ол жайда жасамай атырғанлығы анықланса, субсидия бериў тоқтатылады.
🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.
👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар