Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
Исбилерменлерге имканиятлар кеңейтилмекте
Шымбай районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
Каналға ағза болыў : 👉 https://t.me/shimbayrk
Шымбай район ҳәкими А.Тажетдинов ҳәм сектор басшылары қатнасыўында исбилерменлер менен қабыллаў болып ѳтпекте. Онда ѳз исбилерменлик жумысын баслаў яки оны және де кеңейтиў нийетинде болған исбилерменлер ҳәм пуқаралар ѳзлерин қызықтырған мәселелери менен қатнаспақта.
«Исбилермен бай болса, халық бай болады» ,-деп ҳүрметли Президентимиздиң атап өткениндей халқымыздың жақсы турмыс кешириўинде исбилерменлердиң тутқан орны айрықша. Исбилерменлерди қоллап-қуўатлаў, олардың жумысларын жетилистириў ҳәм қолайлы шараят жаратыў бойынша районымызда бир қатар жумыслар әмелге асырылып, олар ушын жеңилликлер берилмекте.
Қабыллаўға келген ҳәр бир пуқара жер ажыратыў, кредит алыў, исбилерменлик жумысын ҳүжжетлестириў ҳәм басқа да мәселелер бойынша өз машқалаларына шешим таўмақта.
Шымбай районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
Каналға ағза болыў : 👉 https://t.me/shimbayrk