Репост из: XALÍQ USHÍN ⚖️
❗️Пуқараның сырт елге шығыўын шеклеў тәртиби бойынша айырым сораўларға жуўаплар
🔸 Пуқараның сырт елге шығыў ҳуқықы қандай жағдайларда шеклениўи мүмкин?
🔹 Егер пуқараның қарыздарлығы судтың қарары ямаса орынлаў ҳүжжети тийкарында өндириўге қаратылған болып, усы қарыздарлықты қарарда көрсетилген мүддетлерде кеширимли себеплерсиз төлемесе, бул пуқараның сырт елге шығыўы шеклениўи мүмкин.
🔸 Пуқараның сырт елге шығыўын шеклеў ҳаққында ким қарар қабыл етеди?
🔹 Мәмлекетлик орынлаўшы (мәжбүрий орынлаў бюросы хызметкери) өзиниң басламасы ямаса өндириўшиниң (қарыздардан талап етиўши) арзасы бойынша қарыздардың Өзбекстаннан шығыўын шеклеў ҳаққында қарар шығарыўға ҳақылы. Бул тәртип жәрийма салыў ҳаққындағы жынаят ислери бойынша судтың қарарын орынлаўға қолланылмайды, себеби бундай қарарды орынлаў ҳаққында қарар шығарғанда қарыздардың сырт елге шығыўын шеклеў мәселеси де усы қарарда көрсетилиўи шәрт.
🔸 Орынлаў ҳүжжети болмаса да қарыздардың сырт елге шығыўын шеклеўге бола ма?
🔹 Аўа, бирақ суд арқалы. Себеби, нызамшылыққа бола, егер орынлаў ҳүжжети суд ҳүжжети болмаса ҳәм суд ҳүжжети тийкарында берилмеген болса, өндириўши қарыздардың сырт елге шығыўын ўақытша шеклеўди сорап судқа арза бериўге ҳақылы.
🔸 Пуқараның сырт елге шығыўы шекленгенлиги ҳаққында оған хабар бериле ме?
🔹 Аўа, әлбетте хабар бериледи. Пуқараның сырт елге шығыўын шеклеў ҳаққындағы қарар нусқалары усы пуқараға оның электрон мәнзилине ямаса телефонына СМС арқалы, ишки ислер уйымларының миграция ҳәм пуқаралықты рәсмийлестириў бөлимине ҳәм мәмлекетлик шегараны қорғаў уйымларына жибериледи.
🔸 Қарыздардың сырт елге шығыўына шеклеў қолланылмайтуғын жағдайлар да бар ма?
🔹 Аўа, төмендеги жағдайларда шеклеў қолланылмайды:
➖ егер өндириў керек болған сумма БЕМның 5 есесинен (1,8 млн сум) көп болмаса (бирақ бул алимент ямаса турақлы өндирип турылатуғын төлемлер ушын қолланылмайды), сондай-ақ суд қарарын орынлаў ушын жететуғын мал-мүлк алып қойылған болса;
➖ қарзыдар юридикалық шахс болса.
🔸 Пуқараның сырт елге шығыўына қойылған шеклеў қашан алып тасланады?
🔹 Пуқараның сырт елге шығыўына қойылған шеклеў мәмлекетлик орынлаўшының қарары тийкарында бир күнниң ишинде төмендеги жағдайларда алып тасланады:
➖орынлаў ҳүжжетиндеги талаплар толық орынланғанда;
➖бул мәселе бойынша орынлаў иси сапластырылғанда яки тамамланғанда;
➖алиментлерди алдын ала төлегенде ямаса гиреў менен тәмийинлегенде;
➖усы шеклеў қойылған қарар бийкар етилгенде.
Шеклеўди бийкар етиў ҳаққындағы қарар сол күнниң өзинде қарыздар пуқараға, ишки ислер уйымларына ҳәм мәмлекетлик шегараны қорғаўшы уйымларға жазба ямаса электрон формада жибериледи.
🔸 Қарыздардың шеклеўди ўақытша тоқтатып турыў бойынша илтимасы қандай жағдайларда қанаатландырылады?
🔹 Төмендеги жағдайларда мәмлекетлик орынлаўшы қарыздардың шеклеўди ўақытша тоқтатыў бойынша илтимасын қанаатландырыўы керек:
➖қарыздардың сырт елге емлеўханаға жатыў зәрүрлиги болса;
➖қарыздар сырт елге баратуғын мәмлекеттиң рәсмий делегациясы қурамына киргизилген болса.
🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.
👉 @XALIQ_USHIN - халықтың ҳуқықый саўаты ушын!