❓Пуқаралық ислери бойынша судда кимлер мәмлекетлик бажы төлеўден азат етилген?
✅ «Мәмлекетлик бажы ҳаққында»ғы Нызамның 8-статьясына муўапық пуқаралық ислери бойынша судда мәмлекетлик бажыны төлеўден төмендегилер азат етилген:
✔️ даўагер – ис ҳақыны өндириў ҳәм мийнет ҳуқықлары қатнасықларынан келип шығатуғын басқа талаплар бойынша;
✔️ даўагер – алимент өндириў бойынша;
✔️ даўагер – мийнетте майып болғанлығы ямаса ден саўлығына басқаша зыян тийгенлиги, сондай-ақ бағыўшысы қайтыс болғанлығы себепли жеткизилген зыянның орнын қаплаў бойынша;
✔️ даўагер – нызамға қайшы түрде ҳүким етилгенлиги, жыйнайый ямаса ҳәкимлишик жуўапкершиликке тартылғанлығы себепли жеткизилген зыянның орнын қаплаў бойынша;
✔️ даўагер – жынаят себепли жеткизилген материаллық зыянның орнын қаплаў бойынша;
✔️ даўагер – зорлықтан жәбирленген ҳаял-қызларға жеткизилген руўхый ҳәм материаллық зыянның орнын қаплаў бойынша;
✔️ юридикалық шахслар хәм пуқаралар – алиментлерди өндириў менен байланыслы пуқаралық ислери менен байланыслы ҳүжжетлерди оларға бергенлиги ушын;
✔️ басқа шахслардың ҳуқықлары ҳәм мәплерин қорғаўды сорап судқа берилген арзалар бойынша юридикалық шахслар хәм пуқаралар;
✔️ юридикалық шахслар хәм пуқаралар – мәжбүрий орынлаў бюросы орынлаўшысының ҳәрекетлери (ҳәрекетсизлиги) үстинен шағымлар бойынша;
✔️ исбилерменлер – олардың жумыс ислеўине тосқынлық етиўши мәмлекетлик уйымлар ҳәм лаўазымлы шахслардың қарарлары, ҳәрекети (ҳәрекетсизлиги) үстинен шағымлар бойынша;
✔️ тутыныўшылар – ҳуқықлары ҳәм мәплери бузылыўы менен байланыслы шағымлар бойынша.
🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.
👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар