Периштелер уялған саҳаба
Имам Муслим раҳимаҳуллаҳ рәўият қылған ҳәдисте Айша анамыз разыяллаҳу анҳа былай деген:
“Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам үйинде жамбаслап жатқан еди. Балтыры бираз ашық еди. Әбиў Бәкир (разыяллаҳу анҳу) кириўге руқсат сорады. Нәбий алайҳиссалам оған сол ҳалында (жамбаслаған ҳалында) руқсат берди. Ол кирип, (жумысын) айтты. Кейин Умар (разыяллаҳу анҳу) кириўге руқсат сорады. Нәбий алайҳиссалам оған сол ҳалында (жамбаслаған ҳалында) руқсат берди. Ол кирип, (жумысын) айтты. Кейин Усман (разыяллаҳу анҳу) кириўге руқсат сорады. Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам отырып алды ҳәм кийимлерин дүзетти. Ол шығып кеткеннен кейин мен: “Я Расулуллаҳ, Әбиў Бәкир (разыяллаҳу анҳу) кирди. Орныңыздан турмадыңыз, қозғалмадыңыз, итибар да бермедиңиз. Кейин Умар кирген еди, оған да орныңыздан турмадыңыз, қозғалмадыңыз, итибар да бермедиңиз. Ал, соң Усман киргенде отырып алдыңыз ҳәм кийимиңизди дүзеттиңиз?!” деген едим, Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам “Периштелер уялатуғын инсаннан мен қалай уялмайын?” деди”.
👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇
Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!
🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube
🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz