↪️«Үнсиз аңсаў»
Ҳәзир заман сезимлери түбирсиз,
Ултаны жоқ зақым басқан жигерсиз.
Оңлы-соллы аўыстырып иликсиз,
Төзими жоқ заман барар тирексиз.
Бирақ жүрек — мухаббаттан жүгинип,
Бир нәзери — жанды алып, түринип.
Сол бир сулыў қыздың қыймылы,
Сезим берер жанға тыным сый қылып.
Көз қарасы — көклем таңы ескендей,
Жайнап турған гүлдиң дала көшкендей.
Ойым бирге алып кетер арманлар,
Жүрекке от жағып, өмир кешкендей.
Айт, қыздың нәзик, жипек шашлары,
Жел менен ойнап, тербеледи қаслары.
Сол бир сәтте жүрек үнсиз қалмады,
Сезим тербеп, бар әлемди басқарды.
Бирақ ол қыз билмейди ғой сезимди,
Жүрегимде тынған сырды, тилсимди.
Сүўретке қарап, үнсиз ғана тиллессем,
Сол бир жанға арнап жаздым сөзимди.
Биз танысбыз, бирге жүрген шақлар бар,
Сол күнлерди жүрегимде сақлар жал.
Бирақ ол қыз, бәлким, сезбес жан сырын,
Мениң үнсиз аңсаўымды, ақ таңлар.
Сүўреттеги бейнеси де басқа ғой,
Қыялымда қызды көрип жасқа той.
Ойлар бирге алып кетер алысқа,
Ал ол болса, сезбейди ғой, басқа ой.
Сөз айтайын ба? Я үнсиз қаламан ба?
Көзлериме жас толып, жанаман ба?
Мүмкин, тәғдир бизди қайта қосар ма,
Усы бир әнде қалған сезим жалған ба?
Нөкис қаласы
16.06.2024
©️Мираддин Мириад
*️⃣@miraddinmiriad
#️⃣#miriad
Ҳәзир заман сезимлери түбирсиз,
Ултаны жоқ зақым басқан жигерсиз.
Оңлы-соллы аўыстырып иликсиз,
Төзими жоқ заман барар тирексиз.
Бирақ жүрек — мухаббаттан жүгинип,
Бир нәзери — жанды алып, түринип.
Сол бир сулыў қыздың қыймылы,
Сезим берер жанға тыным сый қылып.
Көз қарасы — көклем таңы ескендей,
Жайнап турған гүлдиң дала көшкендей.
Ойым бирге алып кетер арманлар,
Жүрекке от жағып, өмир кешкендей.
Айт, қыздың нәзик, жипек шашлары,
Жел менен ойнап, тербеледи қаслары.
Сол бир сәтте жүрек үнсиз қалмады,
Сезим тербеп, бар әлемди басқарды.
Бирақ ол қыз билмейди ғой сезимди,
Жүрегимде тынған сырды, тилсимди.
Сүўретке қарап, үнсиз ғана тиллессем,
Сол бир жанға арнап жаздым сөзимди.
Биз танысбыз, бирге жүрген шақлар бар,
Сол күнлерди жүрегимде сақлар жал.
Бирақ ол қыз, бәлким, сезбес жан сырын,
Мениң үнсиз аңсаўымды, ақ таңлар.
Сүўреттеги бейнеси де басқа ғой,
Қыялымда қызды көрип жасқа той.
Ойлар бирге алып кетер алысқа,
Ал ол болса, сезбейди ғой, басқа ой.
Сөз айтайын ба? Я үнсиз қаламан ба?
Көзлериме жас толып, жанаман ба?
Мүмкин, тәғдир бизди қайта қосар ма,
Усы бир әнде қалған сезим жалған ба?
Нөкис қаласы
16.06.2024
©️Мираддин Мириад
*️⃣@miraddinmiriad
#️⃣#miriad