«Бараат түни» қандай түн?
Шаъбан айының және бир өзгешеликлеринен бири, бул айда Бараат түни (Дозақтан қутылыў түни)ниң бар екенинде. Бул түн Шаъбан айының 14-нен 15-не өтер түни болады.
Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам, расында да бул түнниң қәсийетли екенин және усы түнде Аллаҳ тааланың жер жүзине раҳмети түсиўи ҳаққындағы ҳәдийслер келген. Булардан бир нешеўин келтиремиз:
1). Айша анамыз разыяллаҳу анҳадан рәўият қылынады: «Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам бир күни түнде намаздың сәждесинде узақ ўақыт қалып кетти. Узақ болғаны соншелли, ҳәттеки мен жаны үзилдиме екен деп ойлап қорқып кеттим. Усыны ойлаў менен орнымнан турдым да Пайғамбарымыз алайҳиссаламның бас бармағын услап көрдим. Бармағы қыймылдағаннан кейин орныма қайттым. Соннан кейин мен Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа салламның сәжде қылып турып былай дегенин еситтим: «Я Рәббим, Сениң азабыңнан раҳметиңе сыйынып үмит етемен. Мен Сеннен пана тилеймен. Сени Сен ылайық болатуғын дәрежеде мақтай алмайман. Сен Өзиңди сыпатлағандайсаң» Усыннан кейин ол маңлайын сәждеден көтерип, намазын тамамлады. Және маған қарап былай деди: «Ҳәй Айша, Пайғамбар сени таслап кетти деп ойладыңба?» Мен оған: «Яқ, ҳәй Расулуллаҳ, мен тек ғана жаныңызды бул өмирден алып кеттиме екен деп қорықтым, себеби сәждеңиз оғада узын болды». Кейин Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: «Бул түнниң қандай түн екенин билесеңбе?», – деп сорады. Мен: «Аллаҳ ҳәм Оның Расулы билиўширек!» дедим. «Бул Шаъбан айының ярымы толған түн. Бул түнде Аллаҳ таала бенделерине раҳметин жаўдырып, мәғфират тилегенлерди мәғфират қылады, раҳмет сорағанларға Өзиниң раҳметин жаўдыратуғын түн. Бирақ, кеўлинде мусылманларға кеги бар адамларды қалай болса солай қалдырады».
2). Басқа ҳәдийсте Айша анамыз разыяллаҳу анҳа мынандай дейди: «Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: «Аллаҳ субҳанаҳу ўа таала Шаъбан айының ярымы болғанда Қалб қәўиминиң қойларының жүнлеринен де көп сандағы адамларды кеширеди».
Қалб қәўими қойларының көплиги менен танылған қәўим еди. Сонлықтан да ҳәдийсте усы түни көплеген адамлардың Аллаҳтың мәғфиратына ҳәм раҳметине ерисиўи айтылған.
3). Және бир ҳәдийсте Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам мынандай деген: «Бул түн Шаъбан айының ортасы. Аллаҳ таала Қалб қәўиминиң қойларының жүнлеринен де көбирек адамларды дозақтан шығарады. Бирақ, Аллаҳға шерик қылғанға ҳәм мусылман бирадарына жүрегинде кек сақлаған адамға, және әғайыншилик қарым-қатнасты үзиўши менен тәкаббырлыққа берилип, балағын жерге сүйретип жүрген адамға, және ата-анасына ақ болыўшы ҳәм хамр (мәс қылыўшы ишимлик)ишетуғын адамға қарамайды».
4). Муаз ибн Жабал разыяллаҳу анҳу Пайғабарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа салламның мынандай дегенин айтты: «Аллаҳ таала Шаъбан айының он бесинши болған күни бенделерине раҳметин жаўдырады да ҳәммесиниң гүнасын кеширеди. Тек ғана Өзине шерик қылғанды ҳәм кеўлинде мусылманларға кек сақлап жүрген адамлардан басқа».
Дауамы бар....
@Magzaniyshanuz