rel='nofollow'>ИФТАРЛЫҚТАН АЛДЫН ҲАЯЛЛАР НЕ ҚЫЛЫЎЫ КЕРЕК? Ҳәдиси шәрийфте Аллаҳ таала оразадарға ифтар ўақтында не сораса, бериўи айтылған. Яқшы, егер бир бенде сол ўақытта ҳеш нәрсе сорамаса, ол жағдайда неге ериседи?
Бизлердиң көпшилик аналарымыз, апа-сиңлилеримиздиң жағдайлары тап сондай, ифтарлық нәрселерин таярлаўда ҳәм дастурхан безеўде сондай бәнт болады, оларға "Ҳәй, ифтарлық ўақты болып қалды, сиз де аўыз ашып алың", деўге туўры келеди. Буның мәниси сол, ол мийнет еткен бир жумысшы, бирақ, мийнет ҳақысын бериўши, қәлегениңше сора, қанша керек?", деп турғанда, сораў ядына да келмейди. Буннан да үлкен басқа бир ғәплет болыўы мүмкин бе?
Ҳаяллар ифтарлық нәрселери ярым саат алдын таяр етилип, дастурханға қойып қойылғанын күйеўлерине түсиндириўи керек. Ақырғы ярым саатта биз асханада ошақ басында турыўымыз орнына ҳәм не нәрселер қуўырылып атыр, гейде нелер писип атыр, бул ислер менен бәнт болыў орнына, усы ақырғы ярым саат яки жигирма минут жайнамазда отырып, Рәббимизге дуўалар етип алайық. Ҳаяллар үйлериндеги бәрше жас балаларын алдыларына отырғызып алсын ҳәм гүнадан пәк балажанларға олар да қолларын көтерип дуўа қылыўын айтсын. Егер үлкенлер гүна қылған болса, жас балалар гүнадан пәк. Ким билсин, усы гүнадан пәк қоллар көтерилгеннен кейин, Аллаҳ таала рейим етип, сиздиң дуўаларыңызды қабыл етер.
Сонлықтан ҳаяллар ифтардың усы ўақытларын қәдирлеўи керек. Егер қайсыдур үйде тек бир ғана ҳаял болса, ол жағдайда дуўа қол менен емес, қәлб пенен қылынады. Соған көре, қол ис пенен бәнт болсын ҳәм сиз усы жағдайда да қәлбиңизде Аллаҳ таалаға дуўалар қылып атырған болсаңыз, демек, сиз де усы ўақытта Аллаҳ тааладан сораған нәрсеңизге ерисе аласыз.
📖 Ҳәзирети Зулфиқар Аҳмад Нақшбандий.
✈️
@MagzaniyshanUz