ҲӘДИСИ ШӘРИЙФЛЕРДЕ ҚАРЫЙЛЫҚ ПАЗЫЙЛЕТЛЕРИ
1. «Сизлердиң жақсыларыңыз Қураны кәриймди үйренип, үйретиўшилериңиз есапланады» (Имам Бухарий рәўияты).
2. «Қуранды шеберлик пенен оқыўшы қарыйлар уллы периштелер менен бирге болады. Тили қыйналып оқыйтуғын қарыйларға еки есе саўап бериледи». (Бухарий ҳәм Муслим рәўиятлары).
3. «Қуран оқың! Себеби, Қуран өзиниң қарыйларын қыямет күни шәпәәт қылады» (Имам Муслим рәўияты).
4. «Ким Аллаҳтың кәламынан бир ҳәрип оқыса, оған бир саўап. Ал, саўап он есе көбейтип жазылады. «Әлиф, ләәм, мийм» ди бир ҳәрип демеймен, ал, Әлиф – ҳәрип, Ләәм – ҳәрип, Мийм – ҳәрип» (Имам Термизий рәўияты).
5. «Ҳәр ким Қуранды оқып, оған әмел қылса, Аллаҳ таала қыямет күни оның ата-анасының басына бул дүнья Қуяшынан да шырайлы нур бериўши тажды кийдиреди» (Әбиў Даўыт рәўияты).
6. «Қуран оқың! Себеби, Қуран жайласқан кеўилди Аллаҳ азапламайды. Бул Қуран Аллаҳтың зыяпаты есапланады. Ҳәр ким оның мийманы болса, ол аманда болады. Ким Қуранды сүйсе, оған хошхабар бар» (Имам Даримий рәўияты).
7. «Шашы исламда ағарған жасы уллы, Қуранды ядлап, онда терең кетип адасыўға дуўшар болмаған қарый ҳәм әдил патшаларды иззет-икрам етиў – Аллаҳты уллылаўдың түрлеринен» (Әбиў Даўыт рәўияты).
✈️ @MagzaniyshanUz