Гөне шөңгелердиң айтыӯына қарағанда, қарүй соғыӯ буннан 3000 жыл бурын пайғамбарымыз Ибрайым алейкум ассалам тәрепинен жасалған. Сол дәӯирде жунайд тал үй талы, (тоғай тал) деп аталған. Бул тал қара үй соғыӯға жүдә қолайлы болған. Соңғы жыллары қараүйди қара талдан соғып атыр. Нурманның әкеси Жаңабай қараүй соғыӯ менен бирге ат ерин соғатуғын да болған. Кейин ала Нурманлар қара үйдиң сыртқы-ишки жабыӯлары, үзиклеринде таярлайтуғын еди. Муратбай-Нурманлар қараүй соғыӯшылардың үшинши әӯлады есапланады.
Бир айта кетеғын жаңалық қара үйге сулыӯлап жезший тоқыӯ менен шымбайлы Қундыз Бекниязова көп жыллардан берли турақлы шуғылланып киятыр.
«Қос терек» АПЖда жасаӯшы өткен әсирдиң 50-60-жылларында Өтемурат үйши. Қаражан үйшилерде (бул киси ат еринде) соғатуғын еди. Оларды аӯыл ӽаяллары «үйши қайнаға» деп айтар еди.
Ерте де Шымбайда дәслеп артель депте аталды, соңынан «Отаў» акционерлик жәмийети үйшилерди жәмлестирип, қараүй соғыўды жақсы жолға қойды. Бул жерде соғылған қараүйлерди (отаўларды) Қазақстан, Түркменсан, Қырғызстан, Монғолстанлардан буйыртпа тийкарында сатып алып кетип турды. Белгили үйшилерден Мырзабай Әспетуллаев, (баласы Дәӯлетбай), Қойлыбай Дәўлетмуратовлардың үрим-путақлары да ата жолын қуўып, кәсип-кәрин ҳәзир де балалары Жалғас ҳәм Саодат Дәўлетмуратовлар даӯам етип атыр.
Ерте де «Қос терек» АПЖ аймағында Қаражан үйши (ат еринде соғар еди), Өтемурат үйшилер узақ жыллар даӯамында қараүй соғып келди.
Соңғы уақытта, қараүй соғыӯ ӽәм оны раӯажландырып айлы әлеге танытыӯда қарүй соғыӯшы, шымбайлы Азамат Турекеевтиӊ мийнетлери айрықша болмақта. Белгили өнерментши А.Турекеев өнерменшилердиӊ халық аралық фестивалына белсене қатнасып, Араб әмирлигинде қараүйин тигиӯ бахтына миясар болды. Оныӊ тиккен қара үйи жоқары баӽаланды. А.Турекеев өнерменшилик бағдары бойынша үй музейинде шөлкемлестирди. Оныӊ үй музейине дүнья саяхатшылары ӽәзир де келип турады.
Бир қуўанышлысы, бул өнерменшилер тәрепинен исленген қараүйлер (ақ отаўлар) «Қазахфильм» тәрепинен шығарылған «Другая жизнь» сериялында түсирилип, тарийх жылнамасында қалды. Әмир Темурдиң 660 жыллығы мүнәсийбети менен түсирилген кинофильмде де Шымбайдың қараүйлери (ақ отаўлары) өткен дәўирдиң турмысынан саза берип турғанлығы жүдә ийги нийетли, қайырлы ҳәм саўаплы ис болды.
Әзелий шымбайлылардың ақ отаў соғыў ҳәм ат сейислеў, миллий театр ҳәм миллий гүрес, мүсиншилик, қыссаханлық бойынша ҳәр қандай жарысларда бириншиликти қолдан бермей киятырғанлығы республикамыздан тысқары-қоңсылас еллерге де белгили.
Бекбай САПАРОВ,
Өзбекстан Журналистлери аўқамының ағзасы.
АВТОРдан: Базыбир адамлар Қаруй деп жазыўымыз керек дейди. Қарақалпақ тилинде аўызша менен жазбаның арасында аспан менен жердей парық бар. Мәселенкиден "торпақ-жарпақ" деймиз бирақ, "топырақ-жапырақ",--деп жазамыз.
t.me/kketnografiya