Қарақалпақ тарийхы, Этнографиясы, Мәденияты


Гео и язык канала: Узбекистан, Узбекский
Категория: не указана


Бул каналымызда Қарақалпақ халқының бай тарийхы, әжайып этнографиясы, салт-дәстүрлери ҳәм мәденияты менен танысып барасыз.
Байланыс ушын:
@Allamuratova1512

Связанные каналы  |  Похожие каналы

Гео и язык канала
Узбекистан, Узбекский
Категория
не указана
Статистика
Фильтр публикаций


Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
Илме Султан намасы , 1956 жылы А. Ф Козловский тарепинен симфонический оркестр ушын жазылган! Каракалпак намалары оркестр аткарыуындада зор еситилер екен!))


Соң оны нағыс деп түсинип "суў нағыс", "тышқан изи" деген атлар қойған. Кесте тоқыўдың бир неше усылы болған. Ушығаның бетине исленетуғын нағыслар  "илме", "жона тигис", "қуртартым тигис" деп аталған. Бул усылда нағыс бир-бирине тийип туратуғын еки сабақ пенен исленеди. Бунда өсимлик тәқилетли нағыслардың, қайысқан жапырақ ямаса шақалардың, гүл ямаса ғумшаны нәзик етип көрсетиўге болады. Кестешилик өнериниң үшинши усылы терис қайыў деп аталады. Ол диагонал қатар түринде исленеди. Терис қайыў усылында тоқылған нағыслар гезлемениң бетинде жүдә сулыў ҳәм дөнип туратуғын жипек көринис пайда етеди. Буннан тийкарынае қызыл киймешек ҳәм шай қалталарды тоқығанда пайдаланған.

Қарақалпақ кестешилик өнериниң терис қайыў усылында ең сулыў ҳәм көркем түрде тоқылған буўымы~бул ШАЙ ҚАЛТАЛАР  болып табылады. Шай қалталар қызлар тәрепинен тоқылып, тийкарынан, яғный, болажақ өмирлик жолдасына арналып тоқыған. Нәзик тәбиятлы қыздың пәк сезими шай қалталарда тоқылған нағыста көринген.

Шай қалта ушын қолдан тоқылған көк реңли, көбинесе жолақлы бөзден пайдаланған. Юул гезлеме бир ўақыттың өзинде ҳәм фон, ҳәм нағыс пайда ететуғын тигистиң тығыз ҳәм бир тегис орынланыўын тәмийинлеп, гезлемениң фонын толық қаплаў мүмкиншилигин береди. Шай салып қойыўға қарақалпақлар хожалығында кең тарқалған ҳәм қолланылған. Шай қалта күйеў бала ушын да арнап тигилген. Сол дәўирлерде қарақалпақ жигитлери өзи менен шай салынған нағыслы шай қалтаны ҳәм қант алып жүрген. Оларды мийман болып барған үйге берген. Шай қалтада қызыл реңлер басым болып келеди. Әййемги дәўирлерде қызыл рең қанның реңи менен теңелип, өмирди, күш жигерди аңлатқан ҳәм соның менен бирге онда айрықша сыйқырлы күштиң [жасаптыў, тирилтиў, тазартыў] барлығын да көрсеткен. Қызыл реңли сабақлар тек гезлемеде емес, ал, кестешиликте де үстин болған. Көбинесе, кийимниң шетлерине, сондай-ақ, кийимниң айрым бөлеклеринде кишкене детальларға қызыл реңли нағыслы жийек қоса тигилген. Реңлер алмасыўы төмендегише болады. Қызыл-жасыл, қызыл сары, қызыл-көк ҳәм тағы басқа, бунда жасыл рең өсимлик дүньясының тымсалы болып, бәҳәр паслын, өсимликлер реңин аңлатады. Сары рең, басқа халықлардағы сыяқлы, қарақалпақ кестешилигинде жақтылық [қуяш, ай, жулдызлар] рәмзи. Ақ рең, муқәддеслик белгиси. Қоңыр рең жер тымсалы, ал жер болса тоқшылық дереги болып саналады. Шай қалтадағы тоқылған сабақлар реңиниң өзине тән белгиси бар. Реңли сабақлар менен араласып тоқылса, буйымның да сәнли болып шығыўына түртки болады. Музейлерде сақланып атырған шай қалталар өз заманында усы шеберлиги менен өмирден орнын таўып "епли" келин болған шебер апаларымыздан естелик болып қалған буйым сыпатында тамашагөйлерде қызығыўшылық оятады.
           Ата-бабалар мийрасын қайта тиклеўге жоқары итибар берилип атырған бүгинги күнде музейлерде сақланып атырған шай қалталардың нағысларын заманагөйлестирип сувенир буйымлар исленип, кесте өнерине қызығыўшы қызлардың қатары күннен-күнге көбейип атырғаны қарақалпақ кестешилигиниң әсирлерден-әсирлерге өтетуғын мәңгилик өнер екениниң дәлили болып есапланады.

Нәбийра ДӘЎЛЕТБАЕВА
И.В.Савицкий атындағы мәмлекетлик көркем өнер музейиниң этнография бөлиминиң илимий хызметкери.

t.me/kketnografiya


#этнография

ШАЙ ҚАЛТА


      Әдетте, қарақалпақ халқы өзиниң сөйлеў тили, түр-түси, үрп-әдети, жасаў жағдайы, бир-бирине жақын болған қазақ, өзбек, қырғыз ҳәм түрикмен халықларынан бөлек жасаған емес. Өз алдына халық болып қәлиплесиўи онлаған әсир, бәлки оннан да  арғы дәўирлерге сәйкес келеди.
       Қарақалпақлардың әййемги пайда болған жери Хорезм ойпатлығы, тап ҳәзирги жасап турған мәканда қәлиплескен. Шығысы жағынан Сак ҳәм Массагет тайпалары менен байланысады. Соның ишинде дәрья бойы сакларының аўқамы нәтийжесинде пайда болған. Бул ҳаққында көрнекли илимпазлар, тарийхшылар қарақалпақлардың ата-бабаларының жаўынгер қәўим болғанлығы ҳаққында көп пикир жазған. Ҳәр бир халық өзиниң миллий өзгешеликлери тийкарында ажыралып туратуғыны сыяқлы қарақалпақ халқы да өзиниң негизги миллий өзгешеликлерине ийе.
        Бул өзгешеликлер, әсиресе, халықтың қол өнериниң тоқымашылық, зергерлик, кестешилик түрлеринде, ағашқа, териге нағыс ойылған буйымларда анық көзге түседи.
        Мине, усындай өнерлердиң арасында кестелеў өнери жүдә ескиден киятырған халық туўындыларының бири. Кестени биз, тебен, ийнк менен тигемиз, онда ҳәр түрли жипек сабақлардан пайдаланыў~барлық халықларға ортақ усыл болған.

         Қарақалпақ халқының миллий дәстүринде ҳаял-қызларымыз өзлериниң кийимлери менен бирге үй-үскене буйымларында нағыслап, көркемлеп тиккен. Халықтың миллий дәстүрине сиңген бул әжайып кестешиликтиң айырым үлгилерин мазмунын бүгинги күнге дейин жойытпай, гөнертпей, қайта оларға жаңа үлгилерде түс берип ҳәм байытып отырған. Ата-бабаларымыз, апаларымыз қыйын ҳәм аўыр күнлерди өз басынан кеширгени ҳәммемизге мәлим. Олар сол күн көриў қыйын болған дәўирдеги өзлериниң ҳәм халықтың көкирениндеги арзыў-әрманларын өз қолынан дөреген өнерлеринде, өз шеберлигинде сәўлелендириўге ҳәрекет еткен.
        Кестешилик пенен көбинесе ҳаял-қызларымыз шуғылланған. Әдетте, ҳаял-қызларымыз мереке-жыйынларда кийетуғын кийимлерин, бир қанша турмыста қолланылатуғые буйымларын кестелеген. Солардың арасында ең сәнли етип кестеленетуғын, көркемлиги ҳәм тарийхый эстетикалық әҳмийети бойынша илимде жүдә баҳалысы қыз-келиншеклер ушын кестели көк көйлек, қызыл киймешек, жеңсе ҳәм жең уш, жипек шапанның жағасы, сәўкелениң ҳалақасы, өңирше ҳәм басқа да кийим бөлеклери, ал қырық жастан өткен ҳаяллар ушын кестели ақ көйлек, ақ женде, ақ киймешек болған. Булардан тысқары кестеленип ислеген шай қалта, жаўрынша,, ат көзлик, бесиктиң тартқы баўы болған. Қарақалпақ ҳаял-қызлары кесте тоқыўда қызыл ҳәм қара реңли ушыға [қызыл киймешек, жеңсе, жеңуш, өңирше, сәўкелениң ҳалақасы ҳәм тағы басқа ушын], ақ реңли [ақ киймешек, ақ жегде, аткөзлик, тақыя, тартқы баў ушын], шай қалтв, қарамық көкке боялған [көк көйлек ушын] бөз ҳәм нағыс исленетуғын ҳәр түрли жипек сабақлардан пайдаланған.
         Қарақалпақ кестешилик өнери халқымыздың бийбаҳа мийрасы болып есапланады. Себеби, кестешилик өнери, тоқыў нөззаллығы, нағыслардың қурамалылығы, ҳәр түрли реңлердиң бир-бирине үйлесимли болып келиўи менен өзгеше көркемлик эстетикалық заўық бағышлаған. Ҳәр қандай шебер ҳаял-қызлар өзлериниң бар ықласые, дыққат итибарын, қызлар болса, ишки туйғыларын сулыў ҳәм көркемлик пенен кестешилик арқалы көрсетип берген. Қарақалпақ кестешилигинде ең көп пайдаланылатуғын усыл илме тигис [тамбур] болып табылады.

Илме~қалың, бир тәреплеме еркин тигис усылы. Гезлемеге ең дәслеп ийне менен нағыстың сүлдери салынады. Оның үстинен кишкене көлемде, бир-бирине байланатуғын шынжыр түринде кесте түседи. Астарында нағыстың сүлдери менен сызық түринде кестениң орны қалады. Ҳаяллар кийиминиң көбиси илме  тигис пенен кестеленеди. Қарақалпақларда бөлек шүберекке ислеп қойылған ямаса қағазға сызылған нағыс үлгиси болмаған. Үйреншик қызға үлги ушын оның устазы [анасы, жеңгеси ҳәм тағы басқа] алдын бурын бир нағысты ешкиниң қылшығы менен ислеп көрсеткен. Қылшық соң алып тасланады ямаса жипек сабақ пенен исленген нағыстың астында қалып қояды. Ушығаға нағыс тигиўден алдын нағыс жолының ени тең болыўы ушын ески, еки ернегин бир қатар сийрек тигис пенен өтип шығады. Оны "суў тартыў" ямаса "салма" деген.




         Өткен жыллар ҳәм әсирлердеги Жипек жолы тәғдиринен мәлим болыўынша мәмлекетлер арасындағы қудиретли саўда жолы өзиниң бағдпрларын өзгертип турған. Мәселен, Қытайлы Цзюянның басламасында, Шығыс Түркистае орайларын, Қара теңиз жағалаўлары  ҳәм Византия менен байланыстыратуғын жолдың шығыс бөлимин қайтадан тиклеў ҳаққында сөз етиледи. Иран сасонийлери Жипек жолының қамалға  айланыўы ҳаққында пикир билдирген. Тарийхшының мәлим еткениндей, бундай жол түрк соғд еллеринен басланып, Окс [Әмиўдәрья] арқалы өткен, ҳәзирги Эмба дәрьясынае Данко [Орал] дәрьясына дейин келип жеткен, соңынан батпақлықларды кесип өтип, дәрья бойлары менен Фасиске шыққае ҳәм ҳәзирги Туркия қарамағындағы жерлерге барып жеткен.

          Уллы Жипек жолының булардан басқа да айрықша тәреплери бар. Қызғын шараятларда, сиясий кескинликлер дәўиринде Жипек жолы өлим жолына айланған, оны басқыншылар гезе баслаған.
        Атақлы баспашы Чи XIII әсирде Уллы Жипек жолында қанлы жеңислерге ериседи, халықларды бириниң изинен бирин сергиздан етеди, XIV ҳәм XV әсирлерде сол жоллардан Тимур әскерлери өтеди. Олар халықларды бирлестириўди мақсет етеди. Оннан сәл бурынырақ Искендер Зулхарнайн әскерлери бул жолды кесип өткен. Онда басқалардың да изи қалған.
          Биз бүгинги күнде Жипек жолының хызметин, тарийхый тәжирийбесин, халқымыз тарийхы, мәдениятымыз ҳәм инсаният турмысы тарийхының үш мың жылға созылған дәўирлери арасын, турмысы тарийхын избе-из үйренип атырмыз.
         Ҳәзирги пайытларда Жипек жолын үйрениў ушын экспедициялар жумыс алып бармақта.
        Олар Жипек жолының тарийхый әҳмийетин тиклеўге ҳәрекет етпекте.
        1982-жылы Эйн-Эйч-Кейин корпорациясы Уллы Жипек жолы бойындағы халықлар туўралы фильм шығарыў мәселеси бойынша бурынғы Совет ҳүкиметине өтиниш етип, сүўретке алыўды үш бағдар бойынша иске асырды. Биринши бағдар Өзбекстан Республикасы шегарасынан өтип, Сурхан алапларына дейин даўам етти. Екинги бағдар-- Әндижан, Марғулан, Халқабад, Наманганды жағалап өтеди. Үшинши бағдар---Ташкент, Жиззаз, Самарқанд, Қашқадәрья, Бухара, Газлы, Үргениш, Хийўа, Төрткүл, Беруний, Мойнақ қалалары арқалы өтиўи лазым еди. Японияның аталған корпорациясы Жипек жолын бойлап жүрип, усы әтирапларда жасап атырған халықлардың турмысв, мәденичтына қызығады, олар Жипек жолы пайда болғаннан тап усы күнлергк дейин сақланған тарийхый естеликлерге айрықша әҳмийет берди, аўыл адамларының үрип әдети, бузылмас беккем дәстүрлерин көзден өткерди, нәтийжеде көп сериялы фильм жүзеге келип, Эйн-Эйч-Кейн корпорациясы телевидение арқалы көрсетиў ушын жағдай дүзди.
        Усылай етип, Жипек жол~инсанияттың тарийхый өмир сүриўи дәўиринде раўажланғаны, мәденияттан мәдениятқа, сападан-сапаға, бир заман басқышынан екинши дәўир басқышына өтиўи ҳәм қалай етип камал табыўының айқын үлгиси болып табылады.
         ЖИПЕК ЖОЛЫ~халықлар тарийхының өзине тән дәстүрлерин, олапдың ҳәм саўда, ҳәм бир-бирине өз-ара ғамхорлығын ҳақыйқый көрсетиў, халықларды жәмлеў ҳәм жақынластырыўдың ең жақсы усылы~бул саўда, мәденият ҳәм өз-ара ғамхорлық екенлигин дәлиллейди.

журналынан [1989] Орақбай Доспанов тәрепинен қарақалпақ тилине аўдарылып, журналының  2019-жыл, 6-санында жәрияланған. 110-115-бетлер.

t.me/kketnografiya


#тарийх

Евгений БЕРЕДИКОВ:
ЖИПЕК ЖОЛЫ
2-бөлим

Саўда кәрўаны жолы сол дәўирдиң улыўма инсаныйлық нызамлары тийкарында ҳәрекет еткен, деген менен өз нызамлары ҳәм әдетлерин де жаратқан. Мысалы, орта әсирлерде кәрўанлардың қурамвнда түрли тайпадағы адамлар болып, мысалы, саўдагерлер, айдаўшылар, кәрўан сақшылары да хызмет еткен. Айырымлары диний топардағы адамлар еди. Кәрўан жолларынан әсиресе будда ўәкиллери ҳәм хызметкерлери тез-тез өтип турған. Олар, әлбетте, бир мақсетти гөзлеген, яғный динди экспорт еткен. Соның ушын да Жипек жолы өткен мәмлекетлерде будда динине дыққат күшли болғанлығын көремиз. Ақыр соңында, буддийлик Жипек жолы өткен мәмлекетлерге өз тәсирин тийгизеди. Егерде диний картаға нәзер салсақ, Ҳиндистаннан басланған будда орайларына көзимиз түседи. Буддизмниң раўажланған орны Тёрге жақын жердеги Дальварзинтепе екен. Бул жерден археологлар тәрепинен буддаға хызмет ететуғын бас комплекс табылды. Қазыў ислерине қарап, пикир жүритетуғын болсақ, аталған комплекс Азияның қубласындағы қудиретли ҳәм ең ири будда орайы болғанына исеним пайда етемиз.
        Буддизм дини оның ўәкиллери кәрўан жолы арқалы әстелик пенен Қытай қалалары тәрепке барғаннан соң Япония ҳәм қубла шығыс Азия ҳәм Ҳиндистан, Қытай мәмлекетлерине де жайылады. Усылай етип, буддийлықтың аталған мәмлекетлерде терең тамып урғанлығын көремиз.
          Усы динниң орайы Қытай ҳәм Япония мәмлекетлери болып есапланатуғыны мәлим. Аталған жерлерде будда ибадатханалары ҳәм басқа да диний имаратлар көплеп табылады. Буларға қарап будда орайларына сол жерде жасаўшылардың исеними артқанын көремиз. Буддаға исеним Монголия, Япония ҳәм Қытайда ҳәзирде де күшли. Дәлиллеўлерге  қарағанда биз Европа континентине будда дини Жипек жолы арқалы келип кирген деген жуўмаққа  келемиз, себеби, Европада буддизмниң айырым жергиликли, жеке орынлары, орайларын билмеймиз.
         Демек, буддизмниң кеңнен ен жайыўында Уллы Жипек жол айрықша хызмет атқарған.
        Бирақ, Жипек жолын бойлап буддизмди қоллаўшылар ғана емес, ал, мусылман моллалары, дәрўишлери де жүрген, ислам дини көплеген мәмлекетлерге тарқалған. Оның бир тәрепи Волңа бойларында, екиншиси Қашқарға дейин барып жеткен. Қытайдың араб халифатларынан бир қанша қашық екенлиги, оның үстине жүдә қудиретлилиги бул мәмлекетте исламның кеңнен раўажланыўына тосқынлық етеди. Ҳиндистан ҳәм Қытай арасында ен жайып, буддийлик орын алған ҳәр еки мәмлекетти бир-биринен бөлеклеп таслады.

Уллы Жипек жолы кесип өткен мәмлекетлер халықларының музыка мәденияты, миллий музыка әсбапларының ҳаўазы бир-бирине үнлес,  жақын, бирин-бири толықтырады, яғный өзлерине тән уласыўлар бар. Мәселен, Орта Азия ҳәм Иран халықларының музыкасын дерлик айырыў мүмкин емес, ырғақлары уқсас, даўысларында тәкирарланбайтуғын сыпатлар бар.
         Жипек жолы бойында орналасқан халықлардың өзлерине тән қәсийетлери, әсиресе,  кәмалатқа дейинги реңлер, көбирек тынық реңлер, японлар, қытайлылар, монголлар, аўғанлар ҳәм ҳинди халықларына да тән. Шамасы, булардың ҳәммеси Уллы Жипек жолының шарапаты менен жүзеге келген болса керек.
         Қулласы, ҳәр қандай шараятта да Жипек жолы кәрўанлары өткен жолдың жағасында жасағанлардың үрип-әдети, мәденияты уқсас, олардың тәсири бир-бирине өткен.

Изертлеўимизден анықланыўына қарағанда Жипек жолы ҳеш бир адамды шетке шығарып тасламайды, керисинше, ҳәммени бирлестирген, өз панайындағыларды, сондай-ақ, басқа халықларды да бирин екиншисинен үстин қоймаған. Жипек жолы Қара қурым таўлары арқалы өткенликтен Сватқа дейинги арқа тармақтағы ҳәр тәреплеме ҳәрекет ҳаққында Ҳинд дәрьясы бөлиминен табылған көплеген жазба дереклерде жеткиликли мағлыўматлар бериледи. Бул таўхат I-VIII әсирлерге де қатнаслы болып, бир қаншасы I-II-III әсирлерге де қатнаслы, Ҳинд, Бактрия, Парфияна жазыўларында ҳәм басқа жазыўларда да өз көринисин тапқан. Соғд жазыўлары да оның гейпара бөлимлерин қурайды. Бул жазба дереклер кушан, соғд жаўынгерлери, Қытай саўдагерлери, будда монахлары тәрепинен сызып қалдырылған. Булар Жипек жолынан өткен халықлардың өзине тән дәптерин ядқа түсиреди.


2-бөлим

t.me/kketnografiya


Усы көз-қарастан ЮНЕСКОның 1988-1990-жылларда бул әпсанаўый  жол бойынша халықаралық экспедиция шөлкемлестириўди жобаластырғаны да таң қаларлық емес.
           Аталған тарийхый заманлардағы кәрўае жолының әмелий хызмети ҳаққында тарийхтың үлкен жылнамашылары Страбон, Геродот, Птолемей, қытайлы Юн Хуан, өзимиздиң уллы алымымыз Беруний жазып қалдырған. Биз тарийхый баянламалардан Жипек жолында кешкен қызықлы өмирдиң рәңбәрең ҳәм ҳақыйқый келбетин көремиз, адамлар ҳәм халықлардың сол дәўирдеги проблемаларын көз алдымызға келтиремиз.

          Демек, мағлыўматларға тийкарлансақ, саўда кәрўанлары бир мәмлекеттен екинши мәмлекетке нелер алып келген ҳәм нелерди алып барғанын, саўда мәплеринде не нәрселер басымырақ болғанын билип аламыз. Қытайдың Европалық саўдагерлер менен саўда эквиваленти, батыстың турғынларын ҳайран қалдырғаны да жипек гезлемеси болып табылады.
           Бул гезлемеге Орта Азия халықларында да талап күшли еди. Жазба археологиялық дәреклердиң берген гүўалықларына қарағанда, Қытай саўдагерлери Бадахшан ҳәм Жаркенттен ярым қымбат баҳалы таслар--көктас ҳәм нифрит алып келген. Сондай-ақ, бул мәмлекетлерде аталмыш тасларды ҳәр түрли формада жилўалаў үлкен шеберлик пенен исленген, себеби, олар жүдә шырайлы, түрлише жумбақлар тәқилетинде болғанлықтан шығыс турғынлары усындай тасларға жүдә қарыйдар болған. Бир қызықлы жери--Әййемги Қытайда нифриттен мәмлекеттиң таж-тахтлары таярланған. Оннан исленген буйымлар диний мәресимлерде әҳмийетли есапланып, бай императордың ҳәўлиси менен ҳәмелдарларының турмысына сән берип турған. Алыстан алып келинетуғын ярым қымбат баҳалы тасларға  деген дыққат сол дәўирдеги жазба әдебиятларда таңбаланып қалған. Дүхан дәўири ҳәм Хотан  нифрити ҳаққында гәп болатуғын дереклер арасындағы заманымыздан бурынғы 246-209-жылларда ҳүкимдарлық еткен император Цин Ши Хуандиге Ли Сидиң жасаған баянламасын ядқа түсириў орынлы. Баянламада императордың ғәзийнесине Жаркенттен нифриттиң алып келингенлиги туўралы мағлыўмат бар. Ол Орта Азия ҳәм Қытай ортасында ярым қымбат баҳалы таслар менен саўда мүнәсибетлериниң кең көлемде алып барылғанлығынан дерек береди.

Бирақ, ложувард ҳәм басқа қымбат баҳа тасларға тек ғана Қытайда емес, ал Орта Жер теңизи әтирапындағы еллерде де қызығыўшылық күшли болған. Әсиресе, көк тас, аты аталған мәмлекетлерде айрықша орын ийелеген. Саўда жолы ҳаққындағы дереклерде көрсетилиўине қарағанда Бадахшаннан Иран, Месопатомия, кейнинен Ассирия, Мысыр тағы да басқа жерлерге көк таслар алып барылған. Бул жол арқа шығыстағы Хорасан арқалы өткен ҳәм оннан қанша муғдарда көк тас алып келингенин төмендеги дәлиллер сыпатлайды. Ассирия ҳүкимдары Тингатлаласар Үшинши өз мәмлекетинен жолдың өткен бөлегин қоршап алып, жылына 9 тонна муғдарындағы көк тастың салыққа қалдырылыўын айтады.

          Ҳиндистаннан Қытайға алып барылған пахта гезлемелери де бул жерде белгили дәрежеде қызығыўшылық оятқан. Соғдтан болса Қытайға гилемлер ҳәм сол үлкеге жарасықлы диний мәресимлерде пайдаланылатуғын жүн гезлемелер алып барылған.
         Жипек жолында саўда затлар менен ғана емес, ал басқа да өнимлер, атап айтқанда бийдай ҳәм тағы басқа дәнлер менен де болып турған. Ҳиндистаннан Қытайға тек пахта гезлемелери емес, ал шигит те алып өтилгени ҳаққындағы мағлыўматлар бар. Буны тастыйықлаў ушын биз Бухарадан баслап Ташкентке шекем пахта егилген "майдан"ларды ушырата баслаймыз. Пахта шигити үлкемизге Ҳиндистан, Ираннан алып келинген, ямаса биротала  керисинше. Мейли, қайсысы рас болса да, пахта Жипек жолы өткен мәмлекетлерде өсирилип, тәрбияланғаны анық.
           Айтпақшы, шарўалар да кәрўан жолы хызметинен шетте қалмаған. Олар сүриў-сүриў қой, түйе, жылқыларды Жипек жолын бойлап айдап, үзликсиз саўда-сатық еткен. Тәбийғый шараятларға, гейпара маллардың жасаў жағдайларына қарап, солардың саўда сатығы ҳәўиж алған. Мәселен, Туран ойпатлығында қойлар жүдә көп бағылған.

Даўамы бар

t.me/kketnografiya


#тарийх

Евгений БЕРЕДИКОВ:
ЖИПЕК ЖОЛЫ

     Биз тарийхтан, қаншама әсирлер өтсе де өзиниң әҳмийетин жоғалтпаған бир қатар уллы саўда жолларының болғанлығын билемиз. де әпсанаға айланған усы узақ жоллар Рус ҳәм Скандинавия мәмлекетлери арқалы өтти. Оның ҳаўазасы географиялық жағынан бир қанша алыс мәмлекетлер ҳәм халықларға да жайылған. Ҳәттеки, араб жазба дереклеринде Балтика теңизи Баҳр әл-варақ деп айтылады.
          Тарийхқа, әсиресе Африка континентине Саҳрайы Кабирди кесип өткен дуз жолы да мәлим.
       Деген менен, жасы,  ерте дәўирлерден бар екенлиги ҳәм узынлығы жағынан шексиз баҳалысы--бул Жипек жолы. Ол пүткил Шығысты кесип өтип, Япон атаўларынан Орта Жер теңизине дейин созылады, узынлығы 12 мың километрден артығырақ. Усындай жүдә узын аралықтағы жол тап бүгинги күнимизде де поездларда, машиналар, самолётларда жүрип өтилмеген.
        Бизге Жипек жолы заманымыздан бурынғы екинги мың жыллықларда пайда болғанлығы мәлим. Ол мәҳәллерде тийкарғы көликлер--ат, түйе, ғашып ҳәм тағы басқалар еди. Адамлар тийкарынан пияда жүрген. Аталмыш аралық сол дәўир көз қарасынан  жүдә бир алыс деп есапланған.

         1877-жылы немец саяхатшысы ҳәм тарийхшысы Ритсхофен өзиниң соңғылығында даңқы жайылған деп аталған шығармасында Шығыс мәмлекетлерин кесип өткен усы ески жолды туңғыш мәртебе деп атайды.
          Улыўма алғанда, жолдың усылай аталыўына тийкарлар бар еди, бирақ, тарийх пәни ҳәм әдебиятқа немец тарийхшысының қолы менен кирип қалды.
       түсинигиниң мәниси қандай? Бул әййемги заманлардан, тап шама менен XVI әсирге дейин Арқа шығыс, анығырағы Қытай, Японияны алдыңғы Азия менен байланыстырып турған саўда кәрўаны жолының улыўма атамасы. Бизди қызықтырғаны да мине усы мәселе.
        Атап өткенимиздей, сөз етилген жолға заманымыздан бурынғы екинши мың жыллықта тийкар салынған. Оған қызығыўшылық кем-кемнен ҳәўиж алып, қадағалаўға алынған, себеби, көплеген мәмлекетлердиң халықларына экономикалық жағынан пайда келтирген.
         Жолға тийкар салынған дәўирде Рим империясы ҳәм Парфияна арасында ғажжа-ғажжа урыс болып атыр еди. Парфияна римликлердиң Қытай менен саўда байланысының беккемлениўине қарсылық көрсетти. Қытай Европа континентин жипек пенен тәмийинлеў барысында өзиниң үстемлигин сақлап қалыўға талпынды, себеби, сөз етилген заманларда жипек өз-ара валюта алмасыўдың эквиваленти сыпатында қаралған.

Ол араб халифатлығы дүзилгенше Иран ҳәм Соғдиана саўдагерлериниң қол астында болып, Иран ҳәм Соғдиананың Қытай империясы менен шегаралас жерлерине қараслы еди.
         Жипек жолы Италия, Испания, Орта Жер теңизи бойындағы басқа мәмлекетлердиң саўда кәрўанлары өтетуғын Ассирия қырғақларынан басланып, Тир, Дамаск, Анатолия, Бағдат соңынан Парфияғана арқалы шығысқа жеткен ҳәм Орта Азияның усы ўақытлардағы қудиретли, әййемги және бай Мерв қаласына дейин келген. Мине сол жерден Жипек жолы қубла ҳәм арқаға апаратуғын еки тармаққа бөлинген. Бул жағдай мәмлекетлердиң аталмыш жол менен өтиўиниң мәплеринен келип шыққан.
           Усы саўда жолынан хат алып киятырған ҳәр бир саўдагердиң өз-өзине қызығыўы да жүзеге келген, олар пайда көремен деген мақсетте мәмлекетлерге сапар шексе, мәмлекетлерде де өз гезегинде түрлише затларға мүтәжлик сезилген. Саўдагерлер затларының сатылыўы ҳәм өзлерине керекли нәрсени, мәпти ойлап, әўели қара басының пайдасын гөзлеген.
         Усылай етип, жолдың қубла тәрепи Балх жаққа бурылып, Жаркент, Хотанға дейин барған, бир неше мың шақырым жол басылып өтилип Дуанхқа, ал арқа тармағы болса Қаршы тәрепке бурылып, соң Бухара, Ташкент, Ферғана алабы арқалы Ош, Турфанға дейин жеткен. Ҳәр еки сала Дуанханда қыйылысқан. Жипек жолы Ланьчжоу арқалы ҳәмме Қытайды кесип өтип, Япон теңизине шыққан.
          Бүгинги күнлери бизди Жипек жолының географиялық, экономикалық тәреплери қызықтырып атырған жоқ, ҳәттеки, жолдың сыпаты да. Ал, уллы Жипек жолларында орналасқан халықлар тәғдири, сол дәўирдиң ҳәр түрли жағдайларының ҳәзирги күнге қаншелли дәрежеде тәсир еткени қызықтырмақта.




Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
Айдынлар косыгын француз тилинде аткарыпты шет елде!


Репост из: ҚАРАҚАЛПАҚ САЛТ-ДӘСТҮРЛЕРИ ҲӘМ ҮРП-ӘДЕТЛЕРИ
«ЕНШИ БЕРИЎ ДӘСТҮРИ»

Қарақалпақ халқының ең бир жақсы ъәм қоңсылас халықларға қарағанда әдеўир өзгешеликлери менен айрылып туратуғын дәстүрлериниң бир~«енши бериў».

«Енши бериў»~мазмуны ҳәм түри жағынан бирнеше түрге бөлинеди:

1.Шаңарақта жас нәресте дүньяға келгенде, дайы журты туўылған жас нәрестеге «енши атайды». Еншиниң түри--қой, мал, тай ъәм тағы басқа болып, дайы журтының мүмкиншиликлерине қарай мал түрлериниң қәлегени аталады.
Гейпара ўақытларда баланың қулағына жара шықса,--«дайысы еншисин бермеген ғой, дайысының ултарағын күйдирип бас»--деп айтып атырғанлары да, соны көрсетеди:--дайы тәрептиң енши бериў, бермеўи де сынақлы екенлигин.

2.Шаңараққа келин түсирилип, сол келин қазан-табақты,  қонақ күтиўди ъәм басқа да хожалық жумысларын меңгерип кете алатуғынына, хожалық баслығы болатуғын баласының өз хожалығын жақсы басқаратуғынлығына көзи жеткен ата-ана жас ерли-зайыплыларды бөлек шығарады. Бөлек шығарғанда өз алдына отаў тигип, алдына малын салып,  үй-руўзыгершилигине керекли дүнья-мүлкин берип өз алдына шаңарақ етиўи--«еншисин берип бөлек шығарыў»--деп аталады.
Қыздың ата-анасы да турмысқа шыққан қызына «еншисин атап» мал береди. Бул жерде «қыздың жасаўы» буған кирмейди. Себеби, "жасау бериў"  басқа, "енши бериў"  басқа, бул еки дәстүрди бир-бирине шатастырмаў керек.

3.Жас шаңарақ қуралған ўақытта «мурындық ата-ене» сайланатуғыны жөнинде бурын айтып өткен едик. Бул жерде айтпақшы болғанымыз: Жас шаңарақ өз алдына отаў тигип бөлек шыққанда, "мурындық ата-ене" де өз перзентлери болып есапланатуғын улы ҳәм қызына тийисли еншисин беретуғын болған ҳәм бул дәстүр ҳәзирги күнлеримизде де бар.

Бул дәстүрди халқымыз жаңа қуралған шаңарақтың тез аяққа турып, қатардағы хожалық болып кетиўи ушын жәрдем бериўи, ғамхорлық көрсетиўи нәтийжесинде келип шыққанлығын көриўге болады.

Жас шаңарақтың қуралып, жақсы шаңарақ болып кетиўине тек ата-анасы ғана емес, ағайин-туўған, аўыл болып көмеклесиў, жас шаңарақтың түтининиң дүзиў шығыўы ушын ғамхорлық көрсетип, оларды бәрқулла дыққат--итибарынан шетте қалдырмаған.

«Енши бериў»--дәстүри усындай ғамхорлықтың айқын мысалларының бири.

Shahzoda Allamuratova

t.me/shahzoda_allamuratova


Репост из: ҚАРАҚАЛПАҚ САЛТ-ДӘСТҮРЛЕРИ ҲӘМ ҮРП-ӘДЕТЛЕРИ
Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
. Усы темада жазылған мақалам бойынша Қарақалпақстан телевидениесиниң телекөрсетиўинде таярланған видео. Көрсетиўди таярлаған журналист Шаригүл Аметова.

t.me/shahzoda_allamuratova


Ажинияз шайырдын бронзадан исленген бюсти Дагестан коркем онер искусство музейинде сакланып тур екен, авторын билетугынлар барма екен?


Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram


Қарақалпақ халқының белгили Перзентлериниң  шаңарағын зияратласан,  зейниң ашылады.  Қандай  сөз басласаң, изин дәрриў  түсинип,  алып кетеди,  дәртлесип,  шаршағаныңды шығарасаң.

Мен,  Нөкиске қысқа  мүддетлик  хызмет сапарына шықсам,  бәрқулла,  азда болса,  ўақыт  таўып,  тарийхий тулғалардың  басқан изинен жүргим келеди. Себеби,  ҳәр  сапары  жаңалықларға бай  ўақыялар хаккында,  көп жақсы пикирлерди  билип каламан. 

Усы  рет,  халқымыз  сүйген Қарақалпақстан халық артисти Әбдижәлий  Хожаназаровтың үйине,  жол алдым.  Есиктен кириўден,  жыллы жүзи  менен,  қушақ ашып,  күтип  алды  баласы Бахтияр Аға  ҳәм өмирлик жолдасы Анар Апа.  Дәрҳал,  сым қағып,  баласы Анварды ҳәм  келинин Элмираны  шақыртып,  дәстурхан жайды.  Изинше қудалары ҳәм  Бахтияр Ағаның қызларыда,  шәўкилдесип жетип  келди.  Қарақалпақ  халқы  миймандос, ақ  көкирек,  саўдырап турған, барлығымыз ғаўқылдасып калдык.  Шайыр, Ибрайым Ағамыз айтқандай, кеўил кеўилден суў  ишкендей  болдық.
Олар,  мени көргенде,  ҳайран болды,  бирак,  дәрҳал түсинди,  мен бул шанарақта және бир  халық артисти  пайда болғанына қуўанғанымды сезди.

Ҳәммениздиң  хабарыныз бар,  жақында  Әбдижәлий  Атаның қызы  Замира апаға "Қарақалпақстан халық  артисти" атағы  берилди. Пүткил  халық  қуўанды ҳәм разы  болды десем,  лап  болмас. Көше куйде  адамлар барлығы бирин  - бири  қутлықлап қуўанысқанларын еситтик.   Ҳәр  бир  таланттын мийнети  жерде қалмай,  умытылмай,  ядқа  алынғанының өзи,  үлкен  жетискенлик.

Хожаназаровлар шаңарағы толып  - тасып,  мәс  болып  отырыпты, Замира Апамыздың  руўҳларын шад етиў  ушын  қуран оқылып атыр,  ал мениң көз алдымнан  Әкем  Нағмет  Урумбаевтың,  Замира Апаның хар шыққанында қуўанып  жүреклери шәўкилдеп қалатуғынлары ядыма  түсип  отырды.  "Леонид Ильич Брежнев келгенде  Замира кызымыз,  сахна  бүлбилимиз қосық  айтып  турыпты,  Замираның өшпес таланты ушын ҳәм  табыслары ушын,  қадақ көтерейик, тост  айтайық" - дегенлери,  кғз алдымда кинокартинадай болып  өтип  турды. Нәзеримде,  Әкем  Замиранын атақ   алғанына: "Атак, ийесин тапты",-- деп  атқандай болды. 
Үйине қонақ  келди деп,  үй ийелери қуўанысып атырса, мен өзимди,  зорға услап  отырдым, көзиме жас ериксиз келип  турды,  ең баслысы арамызда Замира Апаның өзи  жоқ,   екиншиден,  Әкем қайтыс  болған жылы,  изинен Замира апамызда,  сол  жылы кетип  қалды, бирақ,  не  себеп,  бул қуўанышлы Хабар кеш  жетип келди?  Есаплап қарасам, арадан  34-жыл ўақыт өтип кетипти,  халқымызда  "Ҳеш болмағаннан,  кеш  болғаны жақсы",--деген гәп  жүреди,  соларды ядыма түсирип өзимди  жубатып отырдым. Тийкарғысы,  Замира Хожаназарованың  халққа болған хызметлери,  жоқары дәрежеде  баҳаланғаны.  Замира Апаның  дөретиўшилик таланты арамызда жасап киятыр,  демек, ол арамызда,  екинши өмирин  сүрип киятыр. Руўҳыңыз шад  болсын,  жарқ етип  жанған Жулдызымыз,  Замира Апа,  биз Сизди  сүйемиз ҳәм  Сиз бенен  мақтанамыз,  Сиз  ел ардағындасыз! Өткенлердиң руўҳлары шад болсын!


Суўретте : Әбдижәлий Хожаназаровтың  баласы,  Замираның  әжағасы  Бахтияр аға, ақлығы Анвар (Замира Апа өзи  баққан  жийени)  ҳәм  келини  (Замира Апаның  сүйикли кишеси) Анаргүл.
Төмендеги  суўретте,  Бахтияр  Ағаның қудалары,  қызлары ҳәм  ақлықлары.

Лала Урумбаева.

t.me/kketnografiya




Репост из: ҚАРАҚАЛПАҚ САЛТ-ДӘСТҮРЛЕРИ ҲӘМ ҮРП-ӘДЕТЛЕРИ
#салт_дәстүр

ПАЙҒАЗЫ

ПАЙҒАЗЫ~атл. Бир жаңалық ушын берилетуғын сыйлық. [Қарақалпақ тилиниң түсиндирме сөзлиги, Жети томлық, 6-том, 5-бет.]
Мысаллар:~Пайғазы бер,--деп көйлектиң баҳасының еки есесин алды. [О. Сапарова. "Атасы қуўған келиншек"]

Кәсиплеслер жапқан орамалыма,
Дослардан алайын пайғазы сорап. [А. Аманияз. "Миннетдаршылық"]

Тулпар алдым шабаған,
Ақ баслы ер саламан,
Пайғазы бериң аламан,
Шуў, жәниўар, шап деймен.
["Бесик шабыў" дәстүринен].

ПАЙҒАЗЫ~дәстүр. Бул дәстүрдиң ең дәслепки келип шығыўы негизинен, жас балаларды қуўантыў ушын жаңа кийим кийгенде, жаңадан бир зат алғанда, тай мингенде үлкенлер тәрепинен берилетуғын сыйлық. Пайғазыны көбинесе жақын адамларынан, туўысқанларынан, аға-жеңгелеринен, дайыларынан сорайды.
         Үлкенлер тәрепинен жас балаларға берилетуғын пайғазы түрлерине: ақша, бала ушын керекли зат, төрт түлик малдың төлинен ылақ, қозы, тай, бота ҳәм т.басқалар сыйлық түринде бериледи. Пайғазыны қоңсы-қоба да береди~ақша, шийринлик, зат түринде.

        Пайғазы бериў менен бирге балаға қутлы болсын айтып, жақсы тилеклерин билдиреди.
        Пайғазы сораў~дәстүр болғанлықтан, оны ҳеш ким ерси көрмейди, қайта баланың қуўанышын бөлисип ортақласады. Мине, соның ушын да пайғазы бериў~баланы қуўандыратуғын, кеўилин көтеретуғын дәстүр. Пайғазы сорағанда жеңгелери ҳәзиллеп "Пайғазыңа байдың қызы",--деп те айтады.
         Пайғазы жас өспирим ул ҳәм қызларға да берилетуғын болған.

       Ҳәзирги ўақытлары пайғазыны тек жас балаларға ғана емес, жасы үлкенлерге де [диплом алыў, машина алыў, жаңа үй алыў, т.б.] жаңалықларын қутлықлап беретуғын болды.
     Мыс: Таза "Жигули" минип барып еди, "пайғазы" деп тоқ  қызыл ғышырлаған түркмен гилемлери жаўылды. [О. Сапарова. "Бети ашылмаған келиншек"]
        Пайғазы бериў дәстүри туўысқан Орта Азия халықларында ҳәм басқа да түркий тиллес халықлар дәстүринде де бар.

Shahzoda Allamuratova.

t.me/shahzoda_allamuratova




Репост из: ҚАРАҚАЛПАҚ САЛТ-ДӘСТҮРЛЕРИ ҲӘМ ҮРП-ӘДЕТЛЕРИ
Солай етип, арнайы "төркинлетиў" тек еки рет ғана болады, оннан басқа ўақытта келип-кетиўи-"төркинлеў" болып табылады.
         ТӨРКИНЛЕЎДИҢ халықлық, дәстүрлик әҳмийети күшли ҳәм ол ҳаялларға ғана тән дәстүр. Халқымыз дәстүринде қыз~төркинлеп,  күйеў--қайынлап, жийен---дайылап қыдырып барады.
         ТӨРКИНЛЕЎ~ҳәр бир турмысқа шыққан  қыздың парызы.

Shahzoda Allamuratova

t.me/shahzoda_allamuratova

Показано 20 последних публикаций.