#этнография
ШАЙ ҚАЛТА
Әдетте, қарақалпақ халқы өзиниң сөйлеў тили, түр-түси, үрп-әдети, жасаў жағдайы, бир-бирине жақын болған қазақ, өзбек, қырғыз ҳәм түрикмен халықларынан бөлек жасаған емес. Өз алдына халық болып қәлиплесиўи онлаған әсир, бәлки оннан да арғы дәўирлерге сәйкес келеди.
Қарақалпақлардың әййемги пайда болған жери Хорезм ойпатлығы, тап ҳәзирги жасап турған мәканда қәлиплескен. Шығысы жағынан Сак ҳәм Массагет тайпалары менен байланысады. Соның ишинде дәрья бойы сакларының аўқамы нәтийжесинде пайда болған. Бул ҳаққында көрнекли илимпазлар, тарийхшылар қарақалпақлардың ата-бабаларының жаўынгер қәўим болғанлығы ҳаққында көп пикир жазған. Ҳәр бир халық өзиниң миллий өзгешеликлери тийкарында ажыралып туратуғыны сыяқлы қарақалпақ халқы да өзиниң негизги миллий өзгешеликлерине ийе.
Бул өзгешеликлер, әсиресе, халықтың қол өнериниң тоқымашылық, зергерлик, кестешилик түрлеринде, ағашқа, териге нағыс ойылған буйымларда анық көзге түседи.
Мине, усындай өнерлердиң арасында кестелеў өнери жүдә ескиден киятырған халық туўындыларының бири. Кестени биз, тебен, ийнк менен тигемиз, онда ҳәр түрли жипек сабақлардан пайдаланыў~барлық халықларға ортақ усыл болған.
Қарақалпақ халқының миллий дәстүринде ҳаял-қызларымыз өзлериниң кийимлери менен бирге үй-үскене буйымларында нағыслап, көркемлеп тиккен. Халықтың миллий дәстүрине сиңген бул әжайып кестешиликтиң айырым үлгилерин мазмунын бүгинги күнге дейин жойытпай, гөнертпей, қайта оларға жаңа үлгилерде түс берип ҳәм байытып отырған. Ата-бабаларымыз, апаларымыз қыйын ҳәм аўыр күнлерди өз басынан кеширгени ҳәммемизге мәлим. Олар сол күн көриў қыйын болған дәўирдеги өзлериниң ҳәм халықтың көкирениндеги арзыў-әрманларын өз қолынан дөреген өнерлеринде, өз шеберлигинде сәўлелендириўге ҳәрекет еткен.
Кестешилик пенен көбинесе ҳаял-қызларымыз шуғылланған. Әдетте, ҳаял-қызларымыз мереке-жыйынларда кийетуғын кийимлерин, бир қанша турмыста қолланылатуғые буйымларын кестелеген. Солардың арасында ең сәнли етип кестеленетуғын, көркемлиги ҳәм тарийхый эстетикалық әҳмийети бойынша илимде жүдә баҳалысы қыз-келиншеклер ушын кестели көк көйлек, қызыл киймешек, жеңсе ҳәм жең уш, жипек шапанның жағасы, сәўкелениң ҳалақасы, өңирше ҳәм басқа да кийим бөлеклери, ал қырық жастан өткен ҳаяллар ушын кестели ақ көйлек, ақ женде, ақ киймешек болған. Булардан тысқары кестеленип ислеген шай қалта, жаўрынша,, ат көзлик, бесиктиң тартқы баўы болған. Қарақалпақ ҳаял-қызлары кесте тоқыўда қызыл ҳәм қара реңли ушыға [қызыл киймешек, жеңсе, жеңуш, өңирше, сәўкелениң ҳалақасы ҳәм тағы басқа ушын], ақ реңли [ақ киймешек, ақ жегде, аткөзлик, тақыя, тартқы баў ушын], шай қалтв, қарамық көкке боялған [көк көйлек ушын] бөз ҳәм нағыс исленетуғын ҳәр түрли жипек сабақлардан пайдаланған.
Қарақалпақ кестешилик өнери халқымыздың бийбаҳа мийрасы болып есапланады. Себеби, кестешилик өнери, тоқыў нөззаллығы, нағыслардың қурамалылығы, ҳәр түрли реңлердиң бир-бирине үйлесимли болып келиўи менен өзгеше көркемлик эстетикалық заўық бағышлаған. Ҳәр қандай шебер ҳаял-қызлар өзлериниң бар ықласые, дыққат итибарын, қызлар болса, ишки туйғыларын сулыў ҳәм көркемлик пенен кестешилик арқалы көрсетип берген. Қарақалпақ кестешилигинде ең көп пайдаланылатуғын усыл илме тигис [тамбур] болып табылады.
Илме~қалың, бир тәреплеме еркин тигис усылы. Гезлемеге ең дәслеп ийне менен нағыстың сүлдери салынады. Оның үстинен кишкене көлемде, бир-бирине байланатуғын шынжыр түринде кесте түседи. Астарында нағыстың сүлдери менен сызық түринде кестениң орны қалады. Ҳаяллар кийиминиң көбиси илме тигис пенен кестеленеди. Қарақалпақларда бөлек шүберекке ислеп қойылған ямаса қағазға сызылған нағыс үлгиси болмаған. Үйреншик қызға үлги ушын оның устазы [анасы, жеңгеси ҳәм тағы басқа] алдын бурын бир нағысты ешкиниң қылшығы менен ислеп көрсеткен. Қылшық соң алып тасланады ямаса жипек сабақ пенен исленген нағыстың астында қалып қояды. Ушығаға нағыс тигиўден алдын нағыс жолының ени тең болыўы ушын ески, еки ернегин бир қатар сийрек тигис пенен өтип шығады. Оны "суў тартыў" ямаса "салма" деген.