Қарақалпақ халқының белгили Перзентлериниң шаңарағын зияратласан, зейниң ашылады. Қандай сөз басласаң, изин дәрриў түсинип, алып кетеди, дәртлесип, шаршағаныңды шығарасаң.
Мен, Нөкиске қысқа мүддетлик хызмет сапарына шықсам, бәрқулла, азда болса, ўақыт таўып, тарийхий тулғалардың басқан изинен жүргим келеди. Себеби, ҳәр сапары жаңалықларға бай ўақыялар хаккында, көп жақсы пикирлерди билип каламан.
Усы рет, халқымыз сүйген Қарақалпақстан халық артисти Әбдижәлий Хожаназаровтың үйине, жол алдым. Есиктен кириўден, жыллы жүзи менен, қушақ ашып, күтип алды баласы Бахтияр Аға ҳәм өмирлик жолдасы Анар Апа. Дәрҳал, сым қағып, баласы Анварды ҳәм келинин Элмираны шақыртып, дәстурхан жайды. Изинше қудалары ҳәм Бахтияр Ағаның қызларыда, шәўкилдесип жетип келди. Қарақалпақ халқы миймандос, ақ көкирек, саўдырап турған, барлығымыз ғаўқылдасып калдык. Шайыр, Ибрайым Ағамыз айтқандай, кеўил кеўилден суў ишкендей болдық.
Олар, мени көргенде, ҳайран болды, бирак, дәрҳал түсинди, мен бул шанарақта және бир халық артисти пайда болғанына қуўанғанымды сезди.
Ҳәммениздиң хабарыныз бар, жақында Әбдижәлий Атаның қызы Замира апаға "Қарақалпақстан халық артисти" атағы берилди. Пүткил халық қуўанды ҳәм разы болды десем, лап болмас. Көше куйде адамлар барлығы бирин - бири қутлықлап қуўанысқанларын еситтик. Ҳәр бир таланттын мийнети жерде қалмай, умытылмай, ядқа алынғанының өзи, үлкен жетискенлик.
Хожаназаровлар шаңарағы толып - тасып, мәс болып отырыпты, Замира Апамыздың руўҳларын шад етиў ушын қуран оқылып атыр, ал мениң көз алдымнан Әкем Нағмет Урумбаевтың, Замира Апаның хар шыққанында қуўанып жүреклери шәўкилдеп қалатуғынлары ядыма түсип отырды. "Леонид Ильич Брежнев келгенде Замира кызымыз, сахна бүлбилимиз қосық айтып турыпты, Замираның өшпес таланты ушын ҳәм табыслары ушын, қадақ көтерейик, тост айтайық" - дегенлери, кғз алдымда кинокартинадай болып өтип турды. Нәзеримде, Әкем Замиранын атақ алғанына: "Атак, ийесин тапты",-- деп атқандай болды.
Үйине қонақ келди деп, үй ийелери қуўанысып атырса, мен өзимди, зорға услап отырдым, көзиме жас ериксиз келип турды, ең баслысы арамызда Замира Апаның өзи жоқ, екиншиден, Әкем қайтыс болған жылы, изинен Замира апамызда, сол жылы кетип қалды, бирақ, не себеп, бул қуўанышлы Хабар кеш жетип келди? Есаплап қарасам, арадан 34-жыл ўақыт өтип кетипти, халқымызда "Ҳеш болмағаннан, кеш болғаны жақсы",--деген гәп жүреди, соларды ядыма түсирип өзимди жубатып отырдым. Тийкарғысы, Замира Хожаназарованың халққа болған хызметлери, жоқары дәрежеде баҳаланғаны. Замира Апаның дөретиўшилик таланты арамызда жасап киятыр, демек, ол арамызда, екинши өмирин сүрип киятыр. Руўҳыңыз шад болсын, жарқ етип жанған Жулдызымыз, Замира Апа, биз Сизди сүйемиз ҳәм Сиз бенен мақтанамыз, Сиз ел ардағындасыз! Өткенлердиң руўҳлары шад болсын!
Суўретте : Әбдижәлий Хожаназаровтың баласы, Замираның әжағасы Бахтияр аға, ақлығы Анвар (Замира Апа өзи баққан жийени) ҳәм келини (Замира Апаның сүйикли кишеси) Анаргүл.
Төмендеги суўретте, Бахтияр Ағаның қудалары, қызлары ҳәм ақлықлары.
Лала Урумбаева.
t.me/kketnografiya